Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде жоқары дәрежеде қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў мақсетинде экономиканы либералластырыў, инвесторлардың, әсиресе, сырт ел инвесторларының жумыс ислеўи ушын қолайлы ҳуқықый шараятлар жаратыў, сондай-ақ, халықаралық экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстанда бизнес субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўда келиспеўшиликлерди төрешилик судларында шешиў механизминиң енгизилгени айрықша әҳмийетке ийе.
Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери, бәринен бурын, сырт ел инвесторларының ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаўға, исбилерменлик орталығын және де жақсылаўға ҳәм Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар бар. Атап айтқанда:
бириншиден, Өзбекстан аймағында халықаралық арбитражлардың жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаның жоқлығы келиспеўшиликлерди шешиў ушын сырт мәмлекетлердиң аймағында жайласқан халықаралық арбитражларға мүрәжат етиўге мәжбүр болып атырған сырт ел инвесторлары ҳәм жергиликли исбилерменлик субъектлери қәрежетлериниң жумсалыўы артыўына алып келмекте;
екиншиден, әмелдеги нызам ҳүжжетлери, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының «Төрешилик судлары ҳаққында»ғы нызамы тәреплердиң инвестицияларға байланыслы келиспеўшиликлерин халықаралық арбитраж тараўындағы стандартларға муўапық, сырт ел арбитрларын тартқан ҳәм сырт ел ҳуқықын қолланған ҳалда көрип шығыў имканиятларын шеклемекте;
үшиншиден, Өзбекстанда халықаралық арбитраж қарарларын орынлаўдың анық ҳуқықый механизмлери қәлиплестирилмегенлиги сырт ел инвесторларының елимиздиң суд-ҳуқық системасына болған исенимине унамсыз тәсир етпекте, ақыбетинде республиканың инвестициялық тартымлылығын төменлетпекте;
төртиншиден, жергиликли арбитрлар ҳәм халықаралық арбитраж тараўындағы басқа да қәнигелерди таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў жумысы жолға қойылмаған.
Инвестицияларға байланыслы келиспеўшиликлерди халықаралық арбитраж арқалы шешиўдиң заманагөй ҳәм халықаралық стандартларға тийкарланған механизмлерин қәлиплестириў, инвестициялық орталықты жақсылаў, инвесторлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплери қорғалыўы кепилликлерин беккемлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем статусына ийе Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жанындағы Ташкент халықаралық арбитраж орайын шөлкемлестириў (кейинги орынларда – Орай) ҳаққындағы усынысына келисим берилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
а) түрли мәмлекетлерде жайласқан коммерциялық шөлкемлер, соның ишинде, сырт ел инвесторлары арасында жүзеге келетуғын шәртнамалық ҳәм басқа да пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлерди, атап айтқанда, инвестициялар, интеллектуал мүлк ҳәм блокчейн технологиялары менен байланыслы келиспеўшиилклерди халықаралық арбитраж арқалы шешиўди шөлкемлестириў;
б) келиспеўшиликлерди халықаралық арбитраж ҳәм келиспеўшиликлерди шешиўдиң басқа да альтернатив усыллары арқалы шешиў механизмлерин раўажландырыў ҳәм жетилистириў;
в) жетекши сырт ел арбитражлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў, халықаралық арбитраж арқалы келиспеўшиилклерди шешиў тараўында тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, Орайда келиспеўшиликлерди шешиўге сырт ел арбитрларын тартыў;
г) халықаралық арбитраж, соның ишинде, инвестициялар менен байланыслы келиспеўшиликлерди судтан тысқары шешиў тараўында қәнигелер таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, усы бағдарда изертлеўлер өткериў бойынша илажларды әмелге асырыўда қатнасыў;
д) жергиликли ҳәм сырт ел хожалық жүргизиўши субъектлери, атап айтқанда, сырт ел инвесторларына инвестицияға байланыслы, соның ишинде, тәреплерден бири мәмлекет болған келиспеўшиликлердиң жүзеге келиўиниң алдын алыў тараўында консультация хызметлерин көрсетиў.
- Орайға арбитр сыпатында Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған қәнигелер менен бир қатарда сырт мәмлекетлердиң пуқарасы болған маман арбитрлар да тартылыўы мүмкин екенлиги;
тәреплердиң келисиўине бола, келиспеўшиликлерди шешиўде Орай арбитрлары тәрепинен басқа, соның ишинде, сырт мәмлекеттиң ҳуқықы қолланыўы мүмкин екенлиги;
Орай арбитрларының қарарлары Өзбекстан Республикасы аймағында төрешилик судларының қарарларын орынлаў ушын нызам ҳүжжетлеринде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларында нәзерде тутылған тәртипте орынланатуғыны;
Орайда жазысыўлар ҳәм ис жүргизиў өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылатуғыны;
судлар өз ўәкилликлери шеңберинде ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте арбитраж жумысларының көрилиўинде дәлиллер алыў, топлаў, Орай арбитрлары қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша илажлар көриў бағдарында Орайға жәрдемлесетуғыны;
Орайдың Өзбекстан Республикасы резиденти емес арбитрлары арбитр функцияларын орынлағаны ушын гонорар сыпатында алынған қаржылардың бөлеги ушын физикалық шахслардың дәраматынан алынатуғын салық төлеўден азат етилетуғыны;
Келиспеўшиликлерди халықаралық арбитраж жолы менен шешиўге сырт мәмлекетлердиң пуқараларын орай арбитрлары ҳәм экспертлер сыпатында тартыў ушын Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеўин әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын рухсатнама алыў талап етилмейтуғыны;
келиспеўшиликти халықаралық арбитраж арқалы көрип шығыў ушын арзаларды қабыллаў, сондай-ақ, тыңлаў ҳәм басқа да процессуал ҳәрекетлерди өткериў заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда онлайн тәртипте, арбитрлар ҳәм тәреплердиң қатнасыўысыз әмелге асырылыўы мүмкин екенлиги;
Орайда келиспеўшиликлерди халықаралық арбитраж арқалы шешиўде қатнасып атырған тәреплердиң ўәкиллеринде арбитраж қарарлары Өзбекстан Республикасының ўәкилликли судларында қайта көрип шығылғанда, сондай-ақ, Орайда көрип шығылып атырған арбитраж келиспеўшиликлери бойынша ҳәр қандай мәселелер белгиленген тәртипте көрип шығылғанда адвокатлық жумысы менен шуғылланыў ҳуқықын беретуғын лицензияның бар болыўы талап етилмейтуғыны;
Орай нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте келиспеўшиликлерди медиация принципин өткериў арқалы шешиў ҳәм келиспеўшиликлерди шешиўдиң альтернатив усылларын қолланыў ҳуқықына ийе екенлиги;
юридикалық шахслардың Орайда келиспеўшиликти көрип шығыўға байланыслы арбитраж қәрежетлерин төлеўге бағдарланатуғын қаржылары қосымша қун салығынан азат етилетуғыны;
Орай өзиниң атамасы түсирилген бланка ҳәм домалақ мөрге, коммерциялық банклерде миллий ҳәм шет ел валютасындағы банк есап бетлерине ийе болыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.
- ЕҚБШ ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханалары тәрепинен Орайдың жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм оны шөлкемлестириўде көмеклесиўге қызығыўшылық билдирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Орайдың жанында оның жумысына халықаралық стандартларды енгизиўге жәрдем бериў мақсетинде арбитраж тараўындағы жетекши халықаралық ҳәм жергиликли қәнигелерден, сондай-ақ, дүньяның тән алынған арбитраж орайлары арбитрларынан ибарат Бақлаў кеңеси шөлкемлестирилетуғыны;
Орайға Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығы тәрепинен, қағыйдаға бола, жетекши сырт ел халықаралық арбитражларда арбитр сыпатында ислеў тәжирийбесине ийе шахслар арасынан тайынланатуғын басшы басшылық ететуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы белгиленген тәртипте:
еки ҳәпте мүддетте Орайдың Бақлаў кеңеси қурамын қәлиплестириўди;
бир ай мүддетте Орайдың Қағыйдалары, структурасы ҳәм тийкарынан жетекши сырт ел халықаралық арбитражларда ислеў тәжирийбесине ийе ҳәм Орайдың Бақлаў кеңеси тәрепинен мақулланған арбитрлардың дизимин қәлиплестириўди ҳәм тастыйықлаўды;
бир ай мүддетте жетекши халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, усы қарар ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халықаралық саўда ҳуқықы бойынша комиссиясының «Халықаралық саўда арбитражы ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылыўын жуўмақлаў ҳәм оны Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Орайдың буйыртпаларына бола Орай арбитрлары, Бақлаў кеңеси ағзалары, экспертлер, тәреплердиң ўәкиллери, Орайға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын тартылатуғын басқа да сырт ел қәнигелерине кириў визалары консуллық ҳәм басқа жыйымларды өндирмеген ҳалда рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Орай буйыртпаларына бола Орай арбитрлары, Бақлаў кеңеси ағзалары, экспертлер, тәреплердиң ўәкиллери, Орайға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын тартылатуғын басқа да сырт ел қәнигелерине ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына визалар мүддети созылыўын, сондай-ақ, олар ўақтынша жасайтуғын жерде ўақытша дизимге алыў ҳәм оның мүддетин созыўды мәмлекетлик бажыны өндирмеген ҳалда белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси 11-жай мәнзилинде жайласқан имараттың Саўда-санаат палатасына Орайды жайластырыў ушын бийғәрез тийкарда берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орайды белгиленген тәртипте жеңилликли тийкарда зәрүр байланыс қураллары менен ҳәм жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасына Орайдың зәрүр мебель, әсбап-үскенелер, компьютер ҳәм офис техникасы менен, сондай-ақ, бөлмелердиң арбитраж тыңлаўларын, соның ишинде, онлайн режимде өткериў ушын үскенелениўине жәрдемлесиў усыныс етилсин
- Саўда–санаат палатасы ҳәм Орай 2021-жыл 1-октябрьге шекем Орайды үскенелеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын компьютер техникасы, программалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, әсбап-үскенелер ҳәм материаллық-техникалық ресурслар ушын бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- Саўда-санаат палатасы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы арбитражлары қарарлары үстинен шағым етиў ҳәм оларды орынлаў тәртибин белгилейтуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 5-ноябрь