Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетлик дүзилиске ҳәм мәмлекетлик шегараларға қол қатылмаслығын исенимли қорғаў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине сөзсиз әмел етиў, жәмийеттеги миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик, тынышлық ҳәм парахатшылық – демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың ҳәм елди жедел социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети елимиздиң конституциялық дүзилисин, суверенитетин, аймақлық пүтинлигин, экономикалық ҳәм қорғаныў потенциалын сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаў системасында айрықша орын ийелейди.

Соның менен бирге, Миллий қәўипсизлик хызметиниң статусы, ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери шеңберин анық белгилеп беретуғын нызам ҳүжжети жаратылмай турып, оған миллий қәўипсизликти тәмийинлеўдиң барлық мәселелери жүкленгени бул мәкемениң мәмлекетлик уйымлардағы жумыстың барлық тараўларына тийкарсыз араласыўына шараят жаратып берди.

Елимизди раўажландырыўдың ҳәзирги басқышындағы тийкарғы бағдарларды, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын реформалаў бағдарындағы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң сапа жағынан жаңа системасын қәлиплестириўди талап етеди.

Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзилисин, суверенитетин, аймақлық пүтинлигин ҳәм мәплерин сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаў бағдарындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ўазыйпаларына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети сыпатында қайта шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызметиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхор болып есапланатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзилисин, суверенитетин, аймақлық пүтинлигин ҳәм мәплерин сыртқы және ишки қәўиплерден қорғайтуғын арнаўлы ўәкилликли уйым етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (буннан былай Хызмет деп аталады) жумысын шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

Хызметтиң арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик қәўипсизлик уйымы сыпатындағы ҳуқықый статусын, ўәкилликлерин ҳәм жумыс бағдарларын анық белгилеп беретуғын беккем нызамшылық базасын жаратыў;

бүгинги күндеги қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң тәсиршең түрин ҳәм усылларын енгизиў;

жүзеге келип атырған жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды инабатқа ала отырып, мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпаларды орынлаўда бар күш ҳәм қураллардан нәтийжели пайдаланыў имканиятын беретуғын шөлкемлестириўшилик структураны қәлиплестириў;

Хызметтиң жумысын мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў жумысларының түрлери ҳәм усыллары, сондай-ақ, Хызметтеги әскерий хызметкерлердиң ведомстволық бойсыныўы ҳаққындағы мағлыўматлар ашық-айдын болыўын қәдеден тысқары ететуғын конспирация принципи тийкарында шөлкемлестириў;

пуқаралардың ҳуқықларына, еркинликлерине ҳәм нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етилиўин кепилликке алатуғын тәсиршең механизмлерди енгизиў;

Өзбекстан Республикасының мәплерин мүнәсип қорғаўға уқыплы, ҳәр тәреплеме жетик ҳәм ўатанды сүйиўши жасларды Хызметке тартыўға қаратылған кадрларды таңлаў және таярлаўдың пүткиллей жаңа системасын жаратыў;

Мийнетке мүнәсип ҳақы төлеў, турақ жай ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў, денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў арқалы Хызметтеги әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў.

  1. Хызметтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик қәўипсизлигин ҳәм мәплерин сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаўды тәмийинлеў, усы тараўда нызамшылықты ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм сапластырыў;

Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзилисине, суверенитетине ҳәм аймақлық пүтинлигине қәўиплердиң алдын алыў, оларды анықлаў және сапластырыў бойынша разведка ҳәм контрразведка жумысын әмелге асырыў;

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегараларын қорғаў;

Өзбекстан Республикасының Қураллы Күшлери ҳәм қорғаныў – санаат комплексин мәмлекет қәўипсизлигине қәўип-қәтерлерден қорғаўда, елдиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша стратегиялық басламаларды әмелге асырыўда қатнасыў;

терроризмге, экстремизмге, шөлкемлескен жынаятшылыққа, қурал-жарақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў;

мәмлекеттиң мәплерине ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын миллий, расалық ҳәм диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаўға қаратылған бузғыншылық ҳәрекетиниң алдын алыў, оны анықлаў және сапластырыў;

экономикалық, илимий-техникалық, социаллық ҳәм мәлимлеме тараўларында мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы халқының тарийхый-мәдений ҳәм бай руўхый мийрасын қорғаў;

мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемлерде мәмлекеттиң мәплерине ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын коррупция жағдайларына қарсы гүресиў;

телекоммуникация ҳәм транспорт тараўында мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, айрықша жағдайларды пайда ететуғын факторлардың алын алыў, анықлаў ҳәм сапластырыў;

Хызметтиң тергеў ўәкиллигине киретуғын жынаят ислери бойынша тергеўге шекем тексериў ҳәм дәслепки тергеўди алып барыў және оператив-излеў жумысын әмелге асырыў;

мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемлерде мәмлекетлик сырлардың сақланыўы, арнаўлы байланыс қәўипсизлигиниң тәмийинлениўи ҳәм мәлимлемелерди криптографикалық қорғаўды шөлкемлестириў үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

мәмлекеттиң мәплерине ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўине имканият жарататуғын себеплер менен шараятларды анықлаў және сапластырыў;

Хызметтиң жаўынгерлик ҳәм мобилизациялық таярлығы жағдайын жетилистириў ҳәм сақлап турыў, күш және қуралларды айрықша жағдайлар пайда болғандағы ҳәм әскерий жағдай енгизилгендеги ҳәрекетлерге таярлаў.

  1. 2018-жыл 1-апрельден төмендеги функциялар:

Өзбекстан Республикасының оғада әҳмийетли ҳәм категорияланған объектлеринде қорғаўдың техникалық қуралларын жойбарластырыў, монтажлаў, сазлаў, оңлаў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў бойынша жумысларды орынлаўға руқсат бериў – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине;

режимли қорғаныў объектлерин жойбарлаў, қурыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды оңлаў ушын лицензия талапларына руқсат етилгенлиги ҳаққында мағлыўмат бериў – Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине өткерилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы ПП-5308-санлы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Миллий қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбары ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыға отырып, нызам жойбарын қайта ислеў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Хызмет пенен биргеликте бир ай мүддетте 2018-2022-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң әскерий хызметкерлери ушын арзан турақ жайларды қурыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң байрағы ҳәм эмблемасының үлгилери 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Байрақ ҳәм эмблемадан пайдаланыў тәртиби Хызмет баслығы тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленсин.

  1. Хызмет еки ай мүддетте:

Хызметтиң жумысын шөлкемлестириў;

Хызметтиң билимлендириў мәкемелери жумысын жетилистириў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын қорғаў системасының нәтийжелилигин арттырыўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарларының жойбарларын киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Хызмет ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 14-март

*  *  *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл

14-марттағы ПП-5379-санлы Пәрманына 1-қосымша

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети байрағының СЫПАТЛАМАСЫ

(Редакциялардың дыққатына:  бул жерге FOTO-1 қойылады)

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң байрағы турақлылық, мәртлик, садықлық, пидайылық ҳәм ерликти сәўлелендиретуғын қойыў көк реңдеги туўры мүйешли гезлеме көринисине ийе.

Байрақтың орайында геральдикалық белги – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң эмблемасы сүўретленген.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети байрағының узынлығы – 250 см, ени – 125 см.

*  *  *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл

14-марттағы ПП-5379-санлы Пәрманына 2-қосымша

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети эмблемасы – геральдикалық белгисиниң

СЫПАТЛАМАСЫ

(Редакциялардың дыққатына:  бул жерге FOTO-2 қойылады)

Геральдикалық белги – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети эмблемасы қойыў көк реңдеги айналасында лентасы болған гүмис реңли шеңберден ибарат.

Айналасындағы лентаның жоқарғы бөлегинде ақ реңдеги бас ҳәриплер менен латын әлипбесинде: «O҆ZBEKISTON  RESPUBLIKASI», төменги бөлегинде: «DAVLAT XAVFSIZLIK XIZMATI» деп жазылған. Бул жазыўлар еркинлик мәнисин аңлататуғын сегиз қырлы еки жулдыз бенен ажыратылған.

Шеңбер орайында мәмлекетти ҳәм жәмийетти сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаў белгисин аңлататуғын, төменги тәрепи созылған, жоқарғы мүйешлери кесилген үшмүйешли көриниске ийе қалқан сүўретленген. Қалқанның бети гүмис реңде, Қалқанның орайында Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби сүўретленген.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гербинен қалқанның енсиз жийеклерине шекем қуяш нурларын көрсететуғын туўры сызықлар сызылған.

Қалқанның кесилген еки жоқарғы ҳәм төменги мүйешлеринде шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплери қорғалыўын аңлататуғын үш ҳалқа сүўретленген.

Қалқанның артында симметрия көшери бойынша ушы төменге бағдарланған қылыш жайласқан. Қылыш күш, абырой, әдиллик, мәртлик ҳәм қырағылықты аңлатады. Қылыш гүмис реңде. Қылыштың сабы жети ҳалқадан ибарат болып, олар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жумысының тийкарғы принциплерин аңлатады.

Қалқан ҳәм қылыштың артында симметриялық түрде еки тәрепке желбирейтуғын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы сүўретленген.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағының қалқан ҳәм қылыштың артында жайласыўы конституциялық дүзим, суверенитет, аймақлық пүтинлик ҳәм мәмлекетлик мәплердиң сыртқы ҳәм ишки қәўиплерден қорғалғанлығын аңлатады.

*  *  *

«Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик қәўипсизлиги системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманына

                                        ТҮСИНИК

Елимизди раўажландырыўдың ҳәзирги басқышында стратегиялық ўазыйпалар ҳәм ең әҳмийетли  реформалардың табыслы әмелге асырылыўы тек ғана мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының емес, ал ҳуқық қорғаў структуралары жумысын да жетилистириўди талап етеди.

Өзбекстан Республикасы  Президенти Ш.Мирзиёев 2017-жыл 22-декабрьде Олий Мажлиске Мүрәжатында Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызметин реформалаў зәрүрлигин көрсетип берди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Конституцияға ҳәм нызам нормаларына сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, ҳуқық қорғаў уйымлары системасында өз-ара тыйып турыў ҳәм мәплердиң тең салмақлылығы принципин булжытпай әмелге асырыў, басқа да уйымлардың функцияларын орынлаў және тәкирарлаў жағдайларына жол қоймаў ўазыйпалары қойылған еди.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик қәўипсизлиги системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрман қәўип-қәтерлерге нәтийжели тәризде қарсы гүресиўге уқыплы арнаўлы хызметтиң заманагөй келбетин белгилеген ҳалда, мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң сапа жағынан жаңа системасына тийкар салды.

Пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети етип қайта шөлкемлестирилди. Мәкемениң атынан «миллий қәўипсизлик» түсинигиниң алып тасланыўы оның ўәкилликлери тийкарсыз тәризде кеңейиўине шараят жаратқан факторларды сапластырыў зәрүрлигине байланыслы. Себеби локал дәрежедеги ҳәр қандай машқала миллий қәўипсизликке қәўип сыпатында көрилиўи мүмкин еди. Бул өзгерис усы мәкемениң дыққат-итибарын мәмлекетлик әҳмийетке ийе реал қәўиплерге қаратады. «Мәмлекетлик қәўипсизлик» атамасы қәўипсизликти тәмийинлеў шеңберин анық белгилейди ҳәм бул тараўдағы жумыс бағдарларын ажыратып береди.

Пәрман менен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзилисин, суверенитетин аймақлық пүтинлигин ҳәм мәплерин сыртқы және ишки қәўиплерден қорғайтуғын арнаўлы ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жумысын шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары белгиленди.

Бириншиден, бул мәкемениң статусын, ўәкилликлерин ҳәм жумыс бағдарларын белгилеген ҳалда «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызамды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў нәзерде тутылмақта. 26 жыл бурын қабыл етилген миллий қәўипсизлик хызмети ҳаққындағы әмелдеги реже жумысты нәтийжели шөлкемлестириўге имканият бермейди ҳәм елимиздиң жәмийетлик-сиясий және социаллық-экономикалық турмысында жүз берген әҳмийетли өзгерислерди сәўлелендирмейди.

Екиншиден, бүгинги күндеги қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң тәсиршең түрлерин ҳәм усылларын енгизиў, сол мақсетте мәкемениң нәтийжели шөлкемлестириўшилик структурасын қәлиплестириў зәрүрлиги белгиленди.

Үшиншиден, пуқаралардың ҳуқықларына, еркинликлери менен нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етиўдиң айрықша үлкен әҳмийети атап өтилди. Усыннан келип шыға отырып, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен инсан ҳуқықларының нызамлы кепилликлериниң қатаң тәмийинлениўине тийкарғы әҳмийет бериледи.

Төртиншиден, кадрларды таңлаў ҳәм таярлаўдың пүткиллей жаңа системасы шөлкемлестириледи, әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы күшейтиледи. Бул илажлар Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине ҳәр тәреплеме раўажланған ҳәм ўатанды сүйиўши жасларды тартыўға мүмкиншилик береди. Усы жерде мәкеме ўәкиллериниң  әскерий хызметкер сыпатындағы статусы көрсетип өтилди, бул жағдай оларға әскерий хызметти өтеўге байланыслы барлық шеклеўлер ҳәм миннетлемелер енгизилиўин аңлатады.

Бесиншиден, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети өз жумысын мәкеме жумысының түрлери ҳәм усыллары және әскерий хызметкерлердиң ведомстволық бойсыныўы ҳаққындағы мағлыўматлар ашық-айдын болыўын қәделерден тысқары конспирация принциплери тийкарында шөлкемлестирилиўи белгиленди. Ол мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ўазыйпаларын орынлаўда бар күшлер ҳәм қураллардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейди.

Өзине тән болмаған ўазыйпалар менен функцияларды киргизбеў мақсетинде Миллий қәўипсизлик хызмети ўәкиллигинде болған айырым руқсат беретуғын ўәкилликлер 2018-жыл 1-апрельден басқа ведомстволарға өткериледи ямаса сапластырылады.

Пәрман менен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң байрағы ҳәм эмблемасының үлгилери тастыйықланды.

Ведомстволық нышанлардың шөлкемлестирилиўи әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик руўхын арттырыўға ҳәм оларды мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ўазыйпаларын орынлаўға мобилизациялаўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманында мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында жыйналып қалған машқалаларды шешиўге қаратылған бир қатар тапсырмалар бар. Сол мүнәсибет пенен:

мәкемениң жумысын шөлкемлестириў, оның билимлендириў мәкемелери жумысын жетилистириў ҳәм Мәмлекетлик шегараны қорғаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған Өзбекстан Республикасы Президенти қарараларын ислеп шығыў;

2018-2022-жылларда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң әскерий хызметкерлери ушын арзан турақ жайларды қурыў бағдарламасын ислеп шығыў нәзерде тутылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң бул Пәрманы тарийхый әҳмийетке ийе болып, мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң сапа жағынан жаңа системасын қәлиплестириўдиң ҳуқықый тийкарларын жаратты.

Мәмлекетимиз басшысының бул қарарын әмелге асырыў Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзилисин, суверенитетин, аймақлық пүтинлигин ҳәм мәплерин сыртқы және ишки қәўиплерден қорғаў системасының сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилиўин тәмийинлейди.