Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, пуқаралардың денсаўлықты сақлаўға байланыслы ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен кепилликке алыныўын тәмийинлеў, пуқараларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халықтың барлық қатламлары медициналық хызметтен пайдаланыўы ушын шараят жаратыў бағдарында комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

2017-жылы тез медициналық жәрдем хызмети ушын 1269 қәнигелестирилген автотранспорт сатып алынды ҳәм ол аймақлардың қәнигелестирилген автотранспорт қуралларына болған талабын толық қанаатландырыў имканиятын берди, тез медициналық жәрдем хызметин дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў болса, 2 есеге көбейди.

Қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети жумысының шөлкемлестириўшилик тийкарлары қәлиплестирилгенине қарамастан, елеге шекем оның нәтийжелилиги заманагөй талапларға жуўап бермейди, тез медициналық жәрдем көшпели бригадаларының дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар, сондай-ақ, қәнигелестирилген медициналық үскенелер менен тәмийинлениў дәрежеси жеткиликсизлигинше қалмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-марттағы «Қыстаўлы медициналық жәрдемди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4985-санлы Пәрманына муўапық қыстаўлы медициналық жәрдем системасын буннан былай да жетилистириў, соның ишинде, тез медициналық жәрдем хызметиниң жеделлигин, нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде:

  1. 1. Қыстаўлы ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медициналық жәрдем, меншик түрине ҳәм басқарыўына қарамастан, барлық медициналық мәкемелерде халыққа бийпул көрсетилетуғыны;

өмир ушын қәўип туўдыратуғын жағдайларда медицина мәкемелерине қыстаўлы медициналық жәрдем сорап мүрәжат еткен шахсларға қәнигели медициналық жәрдем көрсетиўден бас тартыў  қадаған етилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2018-жылы қыстаўлы ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медициналық жәрдем системасын жедел жетилистириў илажлары бағдарламасы (буннан былай – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

тез медициналық жәрдем хызметиниң денсаўлықты сақлаўдың дәслепки буўыны мәкемелери менен нәтийжели интеграциясын тәмийинлеў механизмлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў арқалы тез медициналық жәрдем хызметиниң нәтийжелилигин, көрсетилип атырған хызметлердиң жеделлигин ҳәм сапасын арттырыў;

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы (буннан былай – РҚМЖИО), оның филиаллары ҳәм районлық (қалалық) медицина бирлеспелери қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

тез медициналық жәрдем хызметиниң қәнигелестирилген автотранспортын заманагөй медициналық үскенелер ҳәм санлы радиобайланыс қураллары (рациялар) менен тәмийинлеў ҳәм қосымша үскенелеў;

қыстаўлы медициналық жәрдем системасын жедел раўажландырыўды тәмийинлейтуғын илимий изертлеўлердиң әҳмийетли ҳәм перспективалы бағдарларын және алдынғы технологияларды есапқа алған ҳалда медициналық кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын жетилистириў.

  1. 3. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Ташкент қалалық тез медициналық жәрдем станциясы ҳәм РҚМЖИО аймақлық филиаллары тез медициналық жәрдем станциялары тийкарында пүткил республика аймағында тез медициналық жәрдемди қыстаўлы шақырыўға мөлшерленген күни-түни ислейтуғын бирден-бир телефон номериниң үзликсиз жумысын тәмийинлейтуғын Call-орайлар шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 4. Тез медициналық жәрдем сестемасын қәнигелестирилген автотранспорт пенен тәмийинлеў нормативлери ҳәм олардан пайдаланыў мүддетлери 2-қосымшаға муўапық, сондай-ақ, тез медициналық жәрдем хызмети көшпели бригадасын медициналық үскенелер ҳәм инвентарьлар менен тәмйинлеў табели 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. 5. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги орнатылған тәртипте:

бир ай мүддетте тез медициналық жәрдем ҳаққындағы  режени және тез медициналық жәрдем бригадаларын дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеўдиң жаңаланған нормативлерин тастыйықласын;

усы қарар қабыл етилиўин есапқа алған ҳалда бир ай мүддетте наўқасларды республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларына қыстаўлы жатқарылыўын талап ететуғын кешиктириўге болмайтуғын жағдайлар Дизимин қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Бағдарламада нәзерде тутылған илажлар толық ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте Call-орайлар жумысын шөлкемлестириў ушын шыпакер, орта медициналық ҳәм техникалық хызметкерлер лаўазымларын енгизиў жолы менен тез медициналық жәрдем хызметиниң жаңаланған штат нормаларын қайта көрип шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын, сондай-ақ, оларды халыққа нәтийжели ҳәм сапалы медициналық жердем көрсетиў имканиятына ийе болған маман медициналық кадрлар менен қосымша тәмийинлесин.

  1. 6. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2018-жыл 1-февральдан тез медициналық жәрдем бригадалары автотранспорт басқарыўшыларына оларға наўқасларды тасыў бойынша қосымша рәўиште жүкленген функцияларды орынлағаны ушын, егер санитар штаты жоқ болса, тариф ставкасына 30 процент муғдарында үстеме төлеўди енгизиў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. 7. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде усы қарар ҳәм Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды орынлаў ушын ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржылары ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  3. 8. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшылары тез медициналық жәрдем системасының автогараж хожалығына байланыслы талапларына әмел етилиўи, оның материаллық-техникалық қураллар менен тәмийинленгени, сондай-ақ, тез медициналық жәрдем бригадасы қәнигелестирилген автотранспортының үзликсиз ислеўи ушын жеке жуўапкер болып табылады.
  4. 9. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын шет еллердиң, халықаралық қаржы шөлкемлериниң жеңилликли кредитлериниң (заёмларын) ҳәм грантларын және басқа да бюджеттен тысқары қаржыларын тартыў бойынша зәрүр илажлар көрсин.
  5. 1 Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте медицина мәкемелери басшыларын усы мәкемелер тәрепинен қыстаўлы ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўден тийкарсыз түрде бас тартқаны ушын Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  6. 11. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 21-майдағы «Тез медициналық жәрдем көрсетиў системасы жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-1114-санлы қарарының 2-бәнти ҳәм оның 1-қосымшасы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  7. 12. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2018-жылы қыстаўлы медициналық жәрдем системасын жедел жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы орынланыўының талқыланыўына тийкарланып 2019-жылы қыстаўлы медициналық жәрдем системасындағы комплексли илажларды буннан былай да жетилистириў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине анық усыныслар киргизсин.
  8. 13. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. 14. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Қосимовқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.Акмаловқа жүкленсин.

 

 

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 25-январь

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Қыстаўлы медициналық жәрдем системасын жедел жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

Т Ү С И Н И К

Өзбекистан Республикасы Президентиниң бул қарары Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2017-жыл 18-октябрьде өткерилген денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға, алдағы ўазыйпаларға ҳәм келешектеги режелерге бағышланған мәжилис баянламасында белгиленген тапсырманы орынлаў бойынша ислеп шығылған.

Халқымыздың денсаўлығын буннан былай да беккемлеў, жетик ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўды тәмийинлеў мәмлекетлик сиясат тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта елимизде ең жетилискен ҳәм заманагөй шараятларды жаратыўға, медициналық хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысының өзиниң ҳәр бир шығып сөйлеген сөзинде, ушырасыўларда халқымыз өз турмысынан разы болыўы ушын бәринен бурын оның сапалы медициналық хызметлерге болған талабын қанаатландырыў зәрүрлигин қайта-қайта атап өтпекте.

Бүгинги күнде қыстаўлы медициналық жәрдемниң қурамы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның ўәлаятлық филиалларының, районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелериниң қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимлери, тез медициналық жәрдем станциялары ҳәм санитар авиациясы хызметин өз ишине алады. Ҳәр жылы қыстаўлы медициналық жәрдем системасы мәкемелеринде 600 мыңнан аслам наўқас статционар емленбекте, 1 миллионнан аслам адамға амбулатор медициналық жәрдем көрсетилмекте, тез медициналық жәрдем хызмети тәрепинен болса жылына 7 миллионнан аслам шақырыўға хызмет көрсетилмекте.

2017-жылы тез медициналық жәрдем хызмети ушын 1269 қәнигелестирилген автотранспорт сатып алынды ҳәм соның нәтийжесинде аймақлардың усы техникаға болған талабы толық қанаатландырылды. Тез медициналық жәрдемниң көшпели бригадаларын дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў көрсеткиши 2 есеге көбейди.

Соның менен бирге, тез медициналық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжелилиги елеге шекем заманагөй талапларға жуўап бермейди. Көшпели бригадалардың бир мәрте қолланылатуғын медициналық буйымлар ҳәм медициналық үскенелер менен тәмийинленгенлиги қанаатландырарсыз дәрежеде қалмақта.

103 телефон номери арқалы түсип атырған ҳәр бир шақырыўды, оның әҳмийетлилик ҳәм қыстаўлылық дәрежесине қарамастан, сөзсиз орынлаў қағыйдасына тийкарланған халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиўдиң шөлкемлестириўшилик структурасын ақылға муўапық структура, деп болмайды. Ҳәзирги күнде тез медициналық жәрдем бригадалары тәрепинен орынланып атырған шақырықлардың 30 проценти инсанның өмирине қәўип туўдырмайтуғын созылмалы кеселликлер бойынша орынланып атырғаны усыннан дәрек береди.

Жоқарыдағыларды итибарға алған ҳалда Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Қыстаўлы медициналық жәрдем системасын жедел жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында усы системаны раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарлары, тез медициналық жәрдем хызмети жумысының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, қыстаўлы медициналық жәрдем тараўында илимий изертлеўлер шеңберин кеңейтиў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў илажлары нәзерде тутылған.

Булар:

тез медициналық жәрдем хызметиниң дәслепки денсаўлықты сақлаў буўыны мәкемелери менен нәтийжели интеграциясын тәмийинлеў механизмлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў жолы менен тез медициналық жәрдем хызметиниң нәтийжелилигин, олар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң жеделлигин ҳәм сапасын арттырыў;

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы, оның филиаллары ҳәм районлық (қалалық) медицина бирлеспелери қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимлериниң және тез медициналық жәрдем бригадаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, оларды заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм қосымша үскенелеў;

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм аймақлық филиалларының кадрлар, илимий ҳәм техникалық потенциалын кеңнен тартыў жолы менен система ушын медициналық кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын жетилистириў;

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Ташкент қалалық тез медициналық жәрдем станциясы ҳәм РҚМЖИО аймақлық филиаллары тез медициналық жәрдем станциялары жанында тез медициналық жәрдемди шарқырыўға мөлшерленген күни-түни ислейтуғын, бирден-бир телефон номериниң үзликсиз жумысын тәмийинлейтуғын Call-орайларын шөлкемлестириў белгиленген.

Соның менен бирге, Президенттиң қарары менен тастыйықланған Илажлар бағдарламасында аймақларға әмелий жәрдем бериў ушын Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы қәнигелериниң аймақларға турақлы түрде шығыўларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Қыстаўлы жағдайларда диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң жаңа, нәтийжели технологияларын жаратыўға қаратылған перспективалы бағдарларда илимий изертлеўлер алып барыў, оларды денсаўлықты сақлаў әмелиятына енгизиў, соның ишинде, интервенцион кардиология, кардиохирургия, нейрохирургия, микрохирургия, эндовидеохирургия усылларын кеңнен ҳәм системалы түрде енгизиў;

қыстаўлы медициналық жәрдем системасының врачларын ҳәм орта медицина хызметлерин, илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды дүньяның жетекши шет ел клиникаларында қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў;

қарардың тийисли бәнти менен Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине бир ай мүддетте медицина мәкемелериниң басшылары қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўден тийкарсыз түрде бас тартқаны ушын Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў ўазыйпасы жүкленди.

Қәнигелер тәрепинен алып барылып атырған илимий изертлеўлердиң дәрежесин арттырыў, қыстаўлы жағдайларда диагноз қойыў ҳәм емлеўлердиң жаңа перспективалы усылларын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў усы қарардан күтилип атырған нәтийжелер болып табылады. Бул, өз гезегинде, емлеў процесиниң нәтийжелилигин арттырып ғана қоймастан, ал стационарда емлениў мүддетлерин ҳәм усы мақсетлер ушын қәрежетлерди қысқартыўға хызмет етеди;

пуқаралардың қәнигели медициналық хызметлерге болған ҳуқықларын тәмийинлеў, тез медициналық жәрдемниң сапасын арттырыў ушын шөлкемлестириўшилик экономикалық ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратады;

тез медициналық жәрдем хызмети әмелиятына заманагөй илимий-техникалық қуралларды, мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жолы менен оның жеделлиги, сапасы ҳәм нәтийжелилик дәрежеси арттырылады.

Жуўмақлап айтқанда, усы қарар ҳәм оның менен тастыйықланған ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қыстаўлы медициналық жәрдем системасын, сондай-ақ, тез медициналық жәрдем хызметин буннан былай да жетилистириўде, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын жаңа дәрежеге көтериўде, алдынғы шет ел тәжирийбесин әмелиятқа енгизиўде, тараўдағы қәниге-илимпазлар тәрепинен алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысының көлемин кеңейтиўде қолланба болады.

Сөз халықтың денсаўлығы, инсанлардың мәплери, адамлардың абаданлығы ҳаққында барар екен, бул мәселелер бәрқулла дыққат-итибарда болады.