Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өткен ўақыт ишинде шийки зат базасын жаратыў ҳәм раўажландырыў, сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы виношылық ҳәм алкоголь өнимлерин (кейинги орынларда алкоголь өнимлери) реализациялаў, экспорт потенциалын арттырып барыў, сондай-ақ, бул тараўға шет ел инвестицияларын тартыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, системаға байланыслы бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер тараўға алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеў ҳәм сатыўдың алдынғы технологияларын енгизиў, экспорт потенциалының турақлы өсимин тәмийинлеў, тараўды басқарыўдың нәтийжели системасын жаратыў имканиятын бермей атыр, соның ишинде:
бириншиден, жүзимниң техникалық сортлары майданларының кескин қысқарып кетиўи, оларды жетистириў бойынша алдынғы усыллардың төмен дәрежеде шөлкемлестирилиўи, жүзим бағлары зүрәәтлилигиниң төменлиги, сондай-ақ, фермер хожалықларының жеткиликли дәрежеде мәпдар болмаўы виношылық өнимлерин ислеп шығарыў көлемлериниң төменлеп кетиўи ҳәм қайта ислеў қуўатлықларынан нәтийжесиз пайдаланыўдың системалы себебине айланды;
екиншиден, азық-аўқат этил спирти, пиво қайнатыў, ликёр-арақ ҳәм басқа да алкоголь өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханаларды жаңалаў ҳәм техникалық жақтан қайта қуралландырыў бойынша қолланылып атырған технологиялық сиясаттың нәтийжелилиги төмен екени, оларға жүзеге келген машқалаларды нәтийжели шешиў, сондай-ақ, жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў ҳәм әмелдегилерин модернизациялаўда көмеклесиў имканиятын бермей атыр;
үшиншиден, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўдың көлемин перспективалы басқарыўдың режели методы өндирисшилерге өндирис көлемин сатыў базарындағы жумыслардың әмелдеги жағдайын есапқа алып еркин белгилеў, сондай-ақ, экспорттың үлесин арттырыў ҳәм миллий брендти шет ел базарларына алып шығыў имканиятын бермей атыр;
төртиншиден, алкоголь өнимлерди автоматластырылған қадағалаў ҳәм есапқа алыў системалары енгизилиўиниң төмен дәрежеде екени сапасыз ҳәм сертификатластырылмаған алкоголь өнимлериниң айланысы ушын шараятлар жаратпақта;
бесиншиден, «Өзвиносанаат-холдинг» АЖ қурамында тараўға байланыслы болмаған кәрхана ҳәм шөлкемлердиң бар екени артықша қаржылай қәрежетлерге, сондай-ақ, олардың тараўдағы жумыс нәтийжелилигиниң төменлеўине алып келмекте;
алтыншыдан, халықаралық бирге ислесиўдиң жеткиликли дәрежеде болмағаны өндирис циклин жетилистириў ушын тәжирийбели шет ел қәнигелерин тартыў, алкоголь өнимлериниң маркетинг сиясатын ҳәм оларды брендлестириўди күшейтиў, жаңа сатыў базарларына алып шығыў имканиятларына кери тәсир етпекте.
Алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм реализациялаўды түп-тийкарынан жетилистириў, тараўды басқарыўдың алдынғы технологияларын енгизиў, шет ел инвестицияларын тартыў ҳәм кәрханалардың экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасындағы Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық:
- «Өзвиносанаат-холдинг» АЖ, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:
«Өзвиносанаат-холдинг» АЖ ҳәм оның Тиклениў ҳәм раўажланыў қорын тийисли түрде «Өзшарапсанаат» АЖ ҳәм «Өзшарапсанаат» АЖның Раўажландырыў қоры деп қайта атаў;
«Винагроимпекс» ЖШЖны орнатылған тәртипте сапластырыў;
тараўға тийисли болмаған кәрханаларды «Өзшарапсанаат» АЖ қурамынан 1-қосымшаға муўапық шығарыў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
- 2018-жылдың 1-апрелинен виношылық өнимлери ушын жарамлылық мүддетин белгилеў ҳаққындағы талап бийкар етилетуғыны ҳәм бундай өним ислеп шығарыўшыларға олардың сақлаў мүддетин еркин белгилеў ҳуқықы берилетуғыны;
2018-жылдың 1-июлинен алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларға өзиниң виношылық өнимлерин туристлик бағдарларда шөлкемлестирилген заводқа тийисли дегустация аймақларында (орынларында) усақлап сатыўды реализациялаў ҳуқықы берилетуғыны;
2019-жылдың 1-январынан тәбийғый виноларды, виноматериалларын ҳәм коньяк спиртин ислеп шығарыў, сондай-ақ, жүзимди қайта ислеў бойынша жумысты жүзимниң мийўе беретуғын техникалық сортларын жетилистириў бойынша 100 гектардан аз болмаған плантация майданына, сондай-ақ, вино-коньяк өнимлериниң сақланыўы ҳәм жетилиўи ушын емен бочкаларына ийе кәрханалар, нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да талапларға әмел еткен ҳалда, әмелге асырыўы мүмкин екени;
2019-жылдың 1-январынан өзимиздеги жүзим плантациялардың шийки затынан ислеп шығарылған тәбийғый жүзим виноларын аўыл хожалығы өними топарына киргизген ҳалда, өндирис бойынша жумысты лицензиялаў бийкар етилетуғыны;
«Өзшарапсанаат» АЖ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплексиниң қурамына киретуғыны;
жүзимниң техникалық сортларын жетистириў ушын жер майданларын ажыратыў «Өзшарапсанаат»АЖ ҳәм Өзбекстан Республикасы Геология ҳәм минерал ресурслар бойынша мәмлекетлик комитети менен келискен ҳалда жоқары зүрәәт алыў ушын зәрүр болған топырақтың өнимдарлығы, суў менен тәмийинлеў дәреклериниң бар екенин есапқа алып әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Жүзимниң техникалық сортлары бойынша жүзим бағларын инвентаризациядан өткериў ҳәм виношылық тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша усынысларды таярлаў бойынша Арнаўлы комиссия (кейинги орынларда – Арнаўлы комиссия) 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
- Арнаўлы комиссия (С.Р.Холмуродов):
а) жүзимниң техникалық сортлары жетистирилетуғын, соның ишинде, фермер хожалықлары ийелигиндеги жүзим бағларды орынларға шығып ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) кесиминде инвентаризация етсин, олардан пайдаланыўдың ақылға муўапықлығын ҳәм нәтийжелилик дәрежесин үйренсин;
б) инвентаризацияның жуўмақлары бойынша 2018-жылдың 1-июлине шекем болған мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Республикада виношылық тараўын буннан былай да раўажландырыўдың 2018-2023-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққындағы қарарының жойбарын киргизсин, онда:
жүзимниң белгили ҳәм перспективалы сортларын жетистириў, көбейтиў, қайта ислеў тараўында шет еллердиң алдынғы тәжирийбесин терең үйрениў, виношылық тараўында агротехникалық, карантин ҳәм инновациялық технологияларды пайдаланыў;
шет елде виношылық өнимлерин ислеп шығарыўда кеңнен қолланылатуғын базар механизмлерин, соның ишинде, өндириўши ҳәм қайта ислеўши арасындағы кооперацияны, кластер моделин, оларды қаржыландырыўдың анық дәреклерин белгилеген ҳалда енгизиў;
республикада жүзимниң дүнья базарында талап үлкен генетикалық жақтан жаңа, белгили ҳәм перспективалы сортларын, соның ишинде, микроклонлаў усылы, сондай-ақ, жүзимниң in vitor генофондының коллекцияларын жаратыў жолы менен жетистириў;
агротехникалық ҳәм карантин илажларын өткериў ушын қәрежетлерди азайтыў, зүрәәтлиликти арттырыў, сондай-ақ, 3-қосымшада көрсетилген жер майданларынан жүзимди қайта ислеў инфраструктурасын жедел раўажландырыў мақсетинде жүзимниң техникалық сортлары егилген ҳәр бир плантация майданын кеминде 100 гектарға үлкейтиў;
«Өзшарапсанаат» АЖ кәрханаларына жүзимниң техникалық сортларын жетистириў ушын жер участкаларын, соның ишинде, жүзимниң техникалық сортларын жетистириў ушын жарамлы болған таўалды аймақларынан ажыратыўға ҳәм 2021-жылдың ақырына келип «Өзшарапсанаат» АЖ кәрханаларының плантацияларын, усы бәнтке муўапық оларды кеңейтиўди есапқа алған ҳалда, 10 мың гектарға жеткериў;
республика аймағында виношылық ҳәм жүзимшиликте қолланылатуғын техника ҳәм үскенелерди ислеп шығарыў бойынша қуўатлықларды, сондай-ақ, бул тараўда агротехникалық қуралларды ислеп шығарыў бойынша конструкторлық бюроларды жаратыў;
жүзимниң техникалық сортлары плантацияларында, олардың топырақ спецификасын есапқа алған ҳалда, тамшылатып суўғарыў системасы енгизилиўин кеңейтиў;
егин егиў материалларын түрли вируслардан ҳәм бактериялардан, соның ишинде, микоплазмлар ҳәм бактериялық рактан қорғаў бойынша карантин илажларын әмелге асырыў;
виношылық өнимлерин ислеп шығарыўшыларды жанылғы-майлаў материаллары, төгинлер ҳәм өсимликлерди қорғаўдың басқа да қураллары менен жүзимниң техникалық сортлары плантацияларын қәлиплестириўдиң биринши бес жыллығында жеңилликли баҳаларда тәмийинлеў;
ислеп шығарыўшы, жер участкасы, жүзимниң жағдайы, сорты, жаратылған ўақты, зүрәәтлилиги ҳәм басқа да сыпатлаўшы көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған жүзимниң техникалық сортлары плантациясының Бирден-бир реестрин қәлиплестириў;
егиў материалларын ислеп шығарыў бойынша комплекслерди ҳәм микроклонал көбейтиў усылы менен алынған жүзимниң техникалық сортларын көбейтиў ҳәм жетистириў ушын питомниклерди жаратыў, олар тәрепинен мийўели егинлер сортларының бийимлесиўшеңлигин, өсимликтиң экологиялық-генетикалық потенциалы әтираптағы шараятларға сәйкес келиўин баҳалаўдың экспресс-методларын өткериў;
реконструкцияланып ҳәм жаңадан жаратылып атырған жүзимниң техникалық сортлары плантацияларында тек ғана сертификатланған егислик материалы егилиўин тәмийинлеў;
виношылық ҳәм жүзимшиликтиң ҳуқықый тийкарлары, оларды раўажландырыў бойынша мәмлекетлик хызметтиң тийкарғы бағдарлары, виношылық өнимлерин жетистириў, қайта ислеў, реализациялаў, олардың базарда айланысын есапқа алыў ҳәм қадағалаў мәселелери, сондай-ақ, бул тараўдағы басқа да әҳмийетли мәселелерди толық белгилеп беретуғын Өзбекстан Республикасының «Виношылық ҳәм жүзимшилик ҳаққында»ғы Нызамы жойбарын ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратсын.
Арнаўлы комиссияға оның жумысына министрликлер, ведомстволар, хожалық басқарыў уйымларының басшыларын ҳәм қәнигелерин, экспертлерди, соның ишинде, шет ел экспертлерин, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларының ўәкиллерин қойылған ўазыйпаларды сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын тартыў ҳуқықы берилсин.
- Этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, темеки шийки затын ферментлеў ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў жумысын лицензиялаў бойынша республикалық комиссия 2018-жылдың 1-апрелине шекем әмелдеги лицензия талапларын сын көзқарастан қайта көрип шығыў тийкарында алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўды лицензиялаў тәртибин жетилистириў бойынша, соның ишинде, өткир алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў бойынша бар жыллық өндирис қуўатлықларын кеминде 60 процент пайдаланыў ҳаққындағы талаплардың есабынан бундай өнимлерди ислеп шығарыўды квоталаў системасын енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Геология ҳәм минерал ресурслар бойынша мәмлекетлик комитети:
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте келешекте жүзимниң техникалық сортлары плантацияларын орналастырыў ҳәм бул аймақларда кейин ала өндирис объектлериниң жумысын жолға қойыўды есапқа алған ҳалда суў менен тәмийинлеўдиң анық дәреклерин анықласын;
жүзимниң техникалық сортлары плантацияларының аймағын суўғарыў ушын суў қудықларын бураўлаў ушын руқсатнама бериўге ҳәр тәреплеме көмеклессин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзшарапсанаат» АЖ, М.Мирзаев атындағы Бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты, басқа да ведомстволар ҳәм мәкемелер менен биргеликте 2018-жылдың 1-июнине шекемги мүддетте:
егин материалларының талап жоқары сортларын импорт етиў мақсетинде, жергиликли тәбийғый-ықлым ҳәм басқа да шараятларды есапқа алған ҳалда, жүзимниң белгили техникалық сортларын жетистириў ҳәм көбейтиў тараўында шет еллердиң алдынғы тәжирийбесинен, соның ишинде сол жерге барып үйренсин;
үйрениў нәтийжелери бойынша жүзимниң белгили техникалық сортларын жетистириў ҳәм көбейтиў, сондай-ақ, республика аймағында егислик материалларының белгили сортларын егиў бойынша заманагөй өндирис комплексин жолға қойыў бойынша анық усынысларды Арнаўлы комиссияға киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм «Өзшарапсанаат» АЖ, мәмлекеттиң ишки тәртиплерин жеделлестириў бойынша илажларды әмелге асырсын ҳәм 2018-жылдың 1-майына шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасының Халықаралық виношылық ҳәм жүзимгершилик шөлкемине кириў ушын буйыртпасы берилиўин тәмийинлесин.
- Әмелиятқа:
елимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалар, шет елли туристлер, түрли еллердиң виношылық тараўы ўәкиллери, эксперт ҳәм қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда ҳәр жылы республикада вино фестивалы ҳәм Халықаралық дегустация таңлаўы өткерилиўи;
жергиликли виношылық өнимлериниң көргизбе-ярмаркаларын шет еллерде турақлы түрде өткериў енгизилсин.
«Өзшарапсанаат» АЖ бир ай мүддетте 2018-жылы Ташкент қаласында вино фестивалы ҳәм халықаралық дегустация таңлаўы өткерилиўи ҳаққында Ҳүкиметлик қарардың жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги турақлы түрде «Өзшарапсанаат» АЖға:
елимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханаларды, халықаралық шөлкемлерди, сырт ел компанияларын ҳәм мәкемелерин тартқан ҳалда ҳәр жылы вино фестивалы ҳәм Халықаралық дегустация таңлаўын өткериўде;
жергиликли виношылық өнимлериниң көргизбе-ярмаркаларын шет еллерде өткериўге көмеклессин.
- «Өзшарапсанаат» АЖ:
өндирис циклин жетилистириў, маркетининг сиясатын күшейтиў ҳәм алкоголь өнимлерин брендлеў, оларды жаңа сатыў базарларына алып шығыў ушын жоқары маманлықтағы шет елли қәнигелерди тартыў;
әмелдеги виношылық базасында екилемши өнимлерди ислеп шығарыўды (жүзим майы, азық-аўқат бояўлары ҳәм басқа да түрдеги өнимлер) терең қайта ислеўди енгизиў;
«Өзшарапсанаат» АЖ вино-коньяк кәрханаларында винолар ҳәм коньяклардың сапасын буннан былай да жақсылаў ҳәм экспорт баҳасын арттырыў, сондай-ақ, вино материалларын сақлаў ушын тат баспайтуғын полаттан ыдыслар ислеп шығарыў мақсетинде олардың жетилисиўине жайластырыў ушын емен ыдыслар паркин жаратыў бойынша илажлар көрсин.
- Төмендегилер:
жүзимниң техникалық сортларын ислеп шығарыўшылар 2025-жылдың 1-январына шекемги мүддетке, аўыл хожалық егинлерин қатар аралап жетистириўине қарамастан, жер салығын төлеўден;
виношылық кәрханалары Өзбекстан Республикасында жеткиликли көлемлерде ислеп шығарылмайтуғын, виношылық өнимлерин ислеп шығарыў ушын алып келинетуғын ҳәм пайдаланылатуғын материаллар, шийки зат, өсимликлерди қорғаў қураллары ҳәм буйымлар белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим тийкарында алып келиниўи ушын 2025-жылдың 1-январына шекем бажыхана төлемлерин (бажыхана жыйымларынан тысқары) төлеўден азат етилсин.
- «Өзшарапсанаат» АЖға азық-аўқат этил спирти, пиво қайнатыў, ликёр-арақ, виношылық ҳәм басқа да алкоголь өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханаларды модернизациялаў ҳәм қайта техникалық үскенелеў бойынша көмеклесиў жүкленсин.
- 2019-жылдың 1-январынан баслап пиво қайнатыў өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханалар орнатылған тәртипте «Өзшарапсанаат» АЖ қурамына шәртнама тийкарында шөлкемлескен ағзалар сыпатында киргизилиўи мүмкин екени;
«Өзшарапсанаат» АЖ өз үлеси менен қатнасатуғын коммерциялық шөлкемлер тек ғана жәмийетлик бақлаў кеңесиниң қарары тийкарында акционерлик жәмийети ямаса жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризинде шөлкемлестирилетуғыны;
«Өзшарапсанаат» АЖ кәрханалары тәрепинен алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў көлемин режелестириў жәмийет акционерлериниң улыўма мәжилисиниң қарары тийкарында, талап ҳәм усыныс конъюнктурасының талқыланыўы, таяр өним қалдықлары, сондай-ақ, тармақты раўажландырыў концепциясын есапқа алып әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- «Өзшарапсанаат» АЖ шөлкемлестириўшилик структурасы, сондай-ақ, басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 74 болған оның атқарыў аппаратының структурасы 4- ҳәм 5-қосымшаларға муўапық мақуллансын.
«Өзшарапсанаат» АЖ басқарма баслығына зәрүр жағдайларда басқарма хызметкерлериниң белгиленген саны шеңберинде атқарыў аппараты структурасына өзгерис киргизиў ҳуқықы берилсин.
- «Өзшарапсанаат» АЖ басқармасының баслығы ҳәм оның орынбасарлары жәмийет акционерлериниң улыўма мәжилиси тәрепинен сайланатуғыны, лаўазымға Өзбекстан Республикасы Президенти менен келискен ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, «Өзшарапсанаат» АЖ Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддет ишинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Ташкент химия-технология институтында 2018/2019 оқыў жылынан баслап виношылық тараўы ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлайтуғын факультет дүзиў ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин.
- Кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студентлери виношылық тараўында қәнигелик бағдарлары бойынша әмелиятты системалы тийкарда тиккелей өндирислик ҳәм басқа да кәрханаларда, соның ишинде, «Өзшарапсанаат» АЖ да өтейтуғыны белгилеп қойылсын.
- «Өзшарапсанаат» АЖның өз қаржылары есабынан Ташкент химия-технология институты жанында виношылық тараўында қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин, оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
илим ҳәм техниканың заманагөй жетискенликлеринен, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда, билимлендириўдиң нәтийжели интерактив усылларын қолланып виношылық кәрханалары хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелериниң дәрежесин арттырыў;
виношылық экономиканың әҳмийетли бағдары есапланған шет еллердиң виношылық кәрханаларының жумыс тәжирийбеси менен таныстырыў, соның ишинде, ол жерде елимиз қәнигелериниң тәжирийбе үйрениўин шөлкемлестириў, виношылық тараўын раўажландырыў ушын маман шет ел экспертлерин тартыў;
виношылық тараўында кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўда жергиликли ҳәм шет ел илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, инновациялық көзқараслар тийкарында виношылық тараўы хызметкерлери ушын бирликтеги оқыў шынығыўлары ҳәм курслары өткерилиўин шөлкемлестириў.
- 2020-жылдың 1-январынан баслап барлық алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшылар, оларды ислеп шығарыў көлемлери (түри, атамасы ҳәм басқа да мағлыўматлар) ҳаққында және «өндириўши-көтере сатыўшы-усақлап сатыўшы-тутыныўшы» шынжыры тийкарында реализация етилиўи ҳаққында толық мәлимлемени өзинде жәмлеген алкогол өнимлери ҳәрекетин қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – мәлимлеме системасы) дүзилсин және енгизилсин, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
мәлимлеме системасы«UZINFOCOM мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлап турыў бойынша бирден-бир интегратор» тәрепинен ислеп шығарылыўы;
мәлимлеме системасын ислеп шығарыўды қаржылай тәмийинлеў дәреклери – 50 проценти Мәлимлеме-коммуникция технологияларын раўжландырыў қоры ҳәм 50 проценти «Өзшарапсанаат» АЖ Раўажландырыў қорының қаржылары;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Экономика министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзстандарт» агентлиги, «Өзшарапсанаат» АЖ, басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволардың қәнигелеринен ибарат мәлимлеме системасы жаратылыўын ҳәм енгизилиўин муўапықластырыў бойынша ведомстволараралық жумысшы топарды қәлиплестириў.
Мәлимлеме системасына жалғаныўдың соңғы мүддетлери төмендегише белгиленсин:
«Өзшарапсанаат» АЖның үлеси 51 процент ҳәм оннан көбиректи қурайтуғын алкоголь өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханалар ушын – 2022-жылдың 1-январына шекем;
алкоголь өнимлерин ислеп шығаратуғын басқа кәрханалар ушын – 2022-жылдың 1-июнине шекем;
«Шарапсаўда» қәнигелескен көтере саўда базалары ушын – 2022-жылдың 1-октябрине шекем;
алкоголь өнимлериниң усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар ушын – 2022-жылдың 1-декабрине шекем.
- Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Бас прокуратурасы жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайы дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти кәрханалардың мәлимлеме системасына өз ўақтында ҳәм толық жалғаныўы үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2018-жылдың 1-июнине шекемги мүддетте:
шет ел әмелиятын ҳәм алкогол өнимлери базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа ала отырып, сондай-ақ, «Шарапсаўда» қәнигелескен көтере саўда базаларының жумысларын сын көзқарастан үйрениў нәтийжелери бойынша алкоголь өнимлерин реализациялаўдың базар механизмлерин кеңейтиў бойынша, атап айтқанда, ислеп шығарыўшыларға өзлериниң өнимлерин оларға тийисли болған фирма дүкәнлары менен усы өнимлердиң көтере саўдасы менен шуғылланып атырған басқа да юридикалық шахсларға реализациялаў ҳуқықын бериў арқалы усыныслар киргизсин;
«Өзшарапсанаат» АЖ Раўажланыў қоры ҳәм қәўендерлердиң қаржылары есабынан 2018-2023-жыллар ушын шет мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде виношылық ҳәм жүзимшилик тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў бойынша Бағдарлама киргизсин, онда таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыў курсларын жуўмақлағаннан кейин қәнигелер ушын мийнет етиўин «Өзшарапсанаат» АЖ кәрханаларында даўам еттириў бойынша миннетлемелер белгилеп қойылсын;
шет мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин есапқа ала отырып виношылық өнимлерин реклама етиўде шеклеўлерди қайта көрип шығыў бойынша усыныслар киргизсин;
алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў бойынша кәрханаларда қаржы инспекторлары жумысларының үйренилиўин шөлкемлестирсин, онда олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша нәтийжели илажларды алып барсын;
«Өзшарапсаўда» АЖ кәрханалары тәрепинен энергияның альтернатив дәреклеринен пайдаланыўды раўажландырыў ҳәм кеңейтиў Бағдарламасын тастыйықласын.
- Есап-санақ палатасы «Өзшарапсанаат» АЖ, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен бирге 2018-жылдың 1-августына шекем «Өзшарапсанаат» АЖ кәрханаларының бәнтлиги, штат бирликлери, қәрежетлердиң дурыслығы, шөлкемлестириў структураларын сын көзқарастан үйренсин ҳәм оларды оптималластырыў және қәрежетлерди азайтыў, мийнет өнимдарлығы менен өндиристиң рентабеллигин жақсылаў мақсетинде жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки виношылық тараўын раўажландырыў мақсетинде жүзимниң техникалық сортларының плантациялары ушын үскенелер, техника, аўысық бөлеклер ҳәм басқа да зәрүрли қуралларды сатып алыў мақсетинде әмелдеги қайта қаржыландырыў процентлик ставкалары тийкарында жеңилликли мүддети бес жылдан кем болмаған узақ мүддетли жети жыллық жеңилликли кредитлер ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти еки ай мүддетте билимлендириў, спорт мәкемелери ҳәм диний мәкемелерден бес жүз метрден кем радиуста алкоголь және темеки өнимлерин реализациялап атырған субъектлерди анықлаў бойынша усақлап сатыў объектлерин инвентаризациядан өткерсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаят ҳәкимлери «Өзшарапсанаат» АЖға усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме көмеклессин.
- «Өзшарапсанаат» АЖ Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар мәкемелер менен биргеликте бир ай мүддет ишинде нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 28-февраль