Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Әсирлер даўамында халқымызға тән мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат сыяқлы ийгиликли улыўмаинсаныйлық қәдириятларды көрсетип киятырған Қурбан ҳайыты жанажан Ўатанымызда өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм шүкиршилик пазыйлетлерин және де беккемлеўге шексиз үлес қоспақта. Бул уллы байрамның руўхый турмысымыздағы айрықша әҳмийетин итибарға алып және оны мәмлекетимизде мүнәсип белгилеў мақсетинде:

  1. Усы жылы Қурбан ҳайытының биринши күни 28-июнь – сәршемби күнине туўра келетуғыны ҳаққында Өзбекстан мусылманлар уйымы Уламалар кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарды есапқа алып, елимизде 2023-жыл 28-июнь күни Қурбан ҳайыт байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
  2. Халықтың Қурбан ҳайыт байрамын мүнәсип дәрежеде өткериўи ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-декабрьдеги «2023-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-270-санлы Пәрманы менен жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан барлық хызметкерлер ушын 2023-жылдың 29-30-июнь күнлери, алты күнлик жумыс ҳәптесинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын 1-июль күни қосымша дем алыс күни сыпатында белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте Қурбан ҳайыты халқымыздың миллий дәстүр ҳәм қәдириятларына сәйкес түрде өткерилиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
  4. Мәденият ҳәм туризм министрлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын Қурбан ҳайыт күнлеринде қәдирли зыярат етиў ҳәм тарийхый орынларға зыяратларды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараятлар ҳәм имканиятлар жаратсын.
  5. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытты белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти                     Ш.Мирзиёев