Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Коронавирус пандемиясы дәўиринде улыўма аўқатланыў ҳәм туризм тараўларында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерин қосымша тәризде қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалары менен усынысларын тиккелей үйрениў ҳәм исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап:

2021-жыл 31-декабрьге шекем улыўма аўқатланыў кәрханалары юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықты төлеўден азат етилетуғыны;

2023-жыл 1-сентябрьге шекем туристлик (мийманхана) жыйымын есаплаў ҳәм төлеў тоқтатылатуғыны белгиленсин.

  1. Улыўма аўқатланыў кәрханаларына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына арза жибермей турып, салық уйымларын хабардар еткен ҳалда айланыстан алынатуғын салық, пайда салығы, суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм жыйымлар бойынша 2021-жыл 15-август жағдайына бола қарыздарлықты, сондай-ақ, барлық салықлар бойынша жәрийма ҳәм пеняларды 2022-жыл 1-январьдан 1-июльге шекем процентлерди өндирместен теңдей муғдарларда кешиктирип (бөлип-бөлип) төлеў ҳуқықы берилсин.
  2. Коммерциялық банклердиң улыўма аўқатланыў тараўында хызмет көрсететуғын қарыйдарларын финанслық саламатландырыў ушын банк хызметлериниң ҳәр қыйлы түрдеги инструментлеринен пайдаланып, оларды қосымша қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. Қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы қарардан келип шығып, Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 25-август