Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Республикамызда көтере ҳәм биржа саўдасы кәрханаларының жумысы ушын зәрүр ҳуқықый тийкар жаратылған, заманагөй мәлимлеме технологиялары енгизилген ҳалда усақлап сатыў саўда тармақлары жедел раўажланбақта, исбилерменлик субъектлериниң материаллық-техникалық ресурслардан пайдаланыўы кеңеймекте.

Соның менен бирге, товар базарларының ҳәзирги жағдайы, көтере ҳәм биржа саўдасының раўажланыў дәрежеси заман талапларына жуўап бермейди. Саўда айланысының кеңейиўине, ишки базарды ҳәм ислеп шығарыўшыларды зәрүр товарлар менен тәмийинлеўге ҳәм республикамызда ислеп шығарылып атырған өнимлерди экспорт етиўге тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар бар, атап айтқанда:

көтере саўданың раўажланыўы, кейин ала қайта ислеў ушын ярым таяр өнимлерди ҳәм санаат өнимлерин, «бизнес ушын-бизнес» (В2В) принципи бойынша басқа товарларды жеткерип  бериў системасы дәрежесиниң төменлиги хожалық жүргизиўши субъектлер транзакция қәрежетлериниң артыўына ҳәм олар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығының төменлеўине алып келмекте;

исбилерменлерди, әсиресе, аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшыларын базар баҳаларының қолайсыз өзгериўи ақыбетлеринен қорғаў имканиятын беретуғын фьючерслер, өнимниң қаржы механизмлери ҳәм биржа товарларының саўдасы басқа да заманагөй механизмлердиң төмен енгизилиўи нәтийжесинде операциялар көлеми ҳәм саўдаға шығарылатуғын товарлардың түрлери шекленбекте;

саўда субъектлериниң устав капиталында мәмлекетлик үлестиң жоқарылығы, усақлап сатыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында ескирген шеклеўлердиң сақланып қалынып атырғанлығы усы тараўларда бәсеки орталығының избе-из раўажланыўына тосқынлық етпекте;

товар ислеп шығарыўшылар менен тутыныўшыларды, соның ишинде, сырт ел тутыныўшыларын елимизде ислеп шығарылып атырған талап жоқары болған өнимлердиң түрлери ҳәм көлемлери ҳаққында хабардар етиўге байланыслы жумыслардың системалы жолға қойылмағанлығы республикамыз ишинде, сондай-ақ, сырт ел ислеп шығарыўшылары менен өндирис кооперациясының раўажланыўына тосқынлық етпекте.

Саўда механизмлерин буннан былай да жетилистириў, товарлар базарында саламат бәсеки орталығын раўажландырыў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәрежетлерин азайтыў, олар тәрепинен ислеп шығаралып атырған өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

а) 2019-жыл 1-январьдан баслап төмендегилерди:

көтере саўданы әмелге асырыў жумысын лицензиялаў ҳәм саўда кәрханаларын салыққа тартыўдың арнаўлы тәртибин;

акциз салығы салынатуғын товарлардың айырым түрлерин (автомобиль, өсимлик майы ҳәм басқалар) сатыўдан түсетуғын түсимлер есабын жүргизиў ҳәм оннан пайдаланыўдың арнаўлы тәртибин;

көшпели саўда ушын рухсатнама алыў талабын;

мәмлекетлик үлеси 50 процеттен аз болған кәрханалардың контрагентлери менен өз-ара қатнасықларда кешиктирилген дебиторлық қарызлар ушын санкцияларды;

мәмлекетлик үлеси 50 проценттен аз болған кәрханалар менен шәртнамалар бойынша ишки базарда алдыннан 15 процент төлемди әмелге асырыўға байланыслы талапты;

1-қосымшаға муўапық айырым түрдеги товарлардың экспортына шеклеўлерди;

келисиўдиң хабардар етиў тәртибин енгизген ҳалда, өнимлерди биржа саўдасына шығарыў кестелерин Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисиўдиң әмелдеги тәртибин;

қаржылық тутыныў кредитин ислеп шығарыўшыдан ямаса реализация етиўши шөлкемнен тек ғана Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған тутыныў товарлары (хызметлери)н сатып алыў ушын бериў ҳаққындағы талапларды бийкар етиў;

б) 2018-жыл 1-ноябрьден баслап төмендегилер:

товар-шийки зат биржаларына биржада сатылатуғын өнимлерди сақлаў ҳәм логистика етиў, сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологияларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша сыңар хожалық бирлеспелерин дүзиў;

импорт бойынша алып келинген жоқары ликвидли өним түрлерин, ийелериниң қәлеўине бола, ишки базарда, соның ишинде, биржа саўдаларында шеклеўлерсиз сатыў;

биржа саўдаларында сатып алынған жоқары ликвидли өнимлер, шийки зат ҳәм материаллар түрлерин сатыўшы тәрепинен шығарып жибериў төлеў мүддетинен келип шыққан ҳалда биржалардың электрон системасы арқалы қатаң белгиленетуғын мүддетлер ҳәм нәўбетлер бойынша әмелге асырыў тәртибин белгилеў;

в) 2018-жыл 1-ноябрьден баслап нақ пул түсимин тапсырыў ҳәм оннан пайдаланыўдың төмендегилерди:

ең аз айлық мийнет ҳақының 20 есесинен аслам муғдарда күнлик орташа нақ пул түсими болған хожалық жүргизиўши субъектлер нақ пулды банк кассаларына инкассация хызметлери арқалы өзлери белгилеген дәўирлерде ямаса еркин түрде күнлик тапсырыў имканияты;

усы киши бәнттиң екинши абзацында көрсетилген муғдардан аз болған күнлик орташа нақ пул түсимине ийе хожалық жүргизиўши субъектлер нақ пулды банк кассаларына инкассация хызметлери арқалы өзлери белгилеген дәўирлерде ямаса еркин түрде тапсырыў имканияты;

нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте альтернатив инкассация хызметлерин шөлкемлестирген халда нақ пул түсимин тек Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң инкассация хызмети арқалы тапсырыўды бийкар етиў;

юридикалық шахслар, сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен нақ пулсыз есап-санақларды алыў-сатыў шәртнамаларын дүзбей инвойс (есап-фактура) бериў арқалы корпоратив банк карточкаларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылыўын нәзерде тутатуғын тәртипти енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Халықаралық төлем системасы арқалы төленген ҳалда пүткилдүнья Интернет тармағы арқалы бир инвойс бойынша 5 мың АҚШ долларына шекем товар (хызмет)ларды экспорт етиўде қарыйдар менен жазба шәртнама дүзиў талап етилмейтуғыны ҳәм барлық юридикалық ҳәм физикалық шахсларға улыўма қабыл етилген халықаралық әмелиятқа муўапық есабат жүргизген ҳалда Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына мәлимлеме киргизбей ҳәм почта байланыс хызметлерин көрсетиў қағыйдаларына муўапық жүктиң бажыхана декларациясын рәсмийлестирмей әмелге асырыўға рухсат етилетуғыны;

2019-жыл 1-январьдан баслап товар – шийки зат биржасы ағзаларының дәраматларына қымбат баҳалы қағазлар базарында брокерлик жумысын әмелге асырыўшы юридикалық шахслар ушын белгиленген салыққа тартыў шәртлери енгизилетуғыны;

физикалық шахсларға улыўма қуны 5 мың АҚШ долларынан көп болмаған товарларды бажыхана декларациясын бермей Өзбекстан Республикасынан алып шығыўға рухсат етилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги жанында 38 штат бирлигинен ибарат Тармақ базарлары ҳәм экспортқа бағдарланған ислеп шығарыў изертлеўлери орайы мәмлекетлик мәкемеси түринде шөлкемлестирилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер бегиленсин:

республикамызда ислеп шығарылатуғын ҳәм импорт етилетуғын өнимлер (товарлар ҳәм хызметлер) номенклатурасы ҳәм түрлери ҳаққында хожалық жүргизиўши субъектлерге мәлимлеме бериў ушын турақлы жаңаланып барылатуғын электрон-мәлимлеме порталын жаратыў;

ишки өндирис қуўатлықлары, товарларға болған талап ҳәм усыныстың көлемлери, сондай-ақ, ислеп шығарылатуғын ҳәм пайдаланылатуғын өнимге ишки базарда баҳалардың өзгериўи ҳаққындағы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

товар базарларындағы баҳалар, талап ҳәм усыныслардың өзгериў динамикасын таллаў ҳәм мониторинг етиў және сол тийкарда тийисли усыныслар таярлаў;

тармақ базарлар коньюнктурасын республика ҳәм аймақлар кесиминде комплексли үйрениў, олардың турақлы раўажланыўы ҳаққында усыныслар таярлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Экономика министрлиги менен биргеликте республикамыздың барлық аймақларында семинарлар өткерсин ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерге биржа менен көтере саўда жумысын шөлкемлестириў бойынша зәрүр әмелий жәрдем көрсетилиўин тәмийинлесин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖның устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин «Ташкент» республикалық қор биржасында дәслепки (IPO) ҳәм екилемши (SPO) улыўмалық усыныслар бериў арқалы сатыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң монополияға қарсы келисилген сиясатын әмелге асырыў ҳаққындағы Шәртнаманы белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы тәрепинен ратификациялаў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы Пәрман қағыйдаларын ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған қосымша имканиятлар ҳаққындағы мағлыўматлардың кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администарциясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 30-октябрь