Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы ҳәм қысқы Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында табыслы қатнасыўы ушын таярлық жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-127-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, таэквондо (WT)ны олимпия спорт түри сыпатында ғалаба ен жайдырыў, жаслар арасынан спортшыларды таңлап алыў системасын жақсылаў, миллий сайланды командаларымыздың абырайлы спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер 2022-2024-жылларда таэквондо (25) спорт түрин (кейинги орынларда – таэквондо) раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
таэквондоны халықтың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, қәбилетли спортшыларды, соның ишинде, спортшы-ҳаял-қызларды анықлаў, таңлап алыў (селекция) ҳәм оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;
мектепке шекемги жастағы балаларда таэквондоның «Пумсе» (poomsae) бағдарына қызығыўшылық оятыў арқалы нәпес алыў, еслеў ҳәм концентрацияны жақсылаў, вестибулятор аппаратты шынықтырыў сыяқлы саламатландырыў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, келешекте мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен биргеликте «Kids таэквондо» жойбарын иске қосыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырыў;
социаллық қорғаўға мүтәж жаслар, меҳрибанлық үйлериниң тәрбияланыўшылары, көп балалы шаңарақлар перзентлериниң таэквондо менен шуғылланыўы ушын аймақларда «Таэквондо (WT) ҳәмме ушын» бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
зәрүр шараятлары бар улыўма орта билим бериў мектеплеринде таэквондо бойынша сабақтан тысқары өз алдына спорт секцияларын шөлкемлестириў, оларға мектеп жайласқан аймақтағы спорт мектеби ҳәм басқа мәкемеден тренер-муғаллимлерди тартыў, сондай-ақ, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшы ҳәм студентлери ушын таэквондо бойынша факультатив шынығыўларды енгизиў, таэквондо клубларын дүзиў;
таэквондо бойынша халықаралық талапларға муўапық заманагөй спорт комплекслерин қурыў, спорт комплекслериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды заманагөй спорт үскенелери ҳәм инвентарьлары менен тәмийинлеў;
аймақлық сайланды командалардың тийкарғы таярлық орайлары сыпатында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында жеңил конструкция тийкарында қурылатуғын орайлар шөлкемлестириў;
таэквондоны оқытыўдың заманагөй методикаларға тийкарланған илимий-методикалық ҳәм оқыў әдебиятлар менен тәмийинлеў ҳәм медициналық хызметти раўажландырыў;
жергиликли кәрханалар тәрепинен сырт ел компаниялары менен биргеликте таэквондо бойынша халықаралық стандартларға сәйкес заманагөй инвентарьлар ҳәм үскенелер ислеп шығарыўды жолға қойыў;
ғалаба хабар қуралларында саламат турмыс тәризиниң ең әҳмийетли структуралық бөлеги сыпатында таэквондоны үгит-нәсиятлаў ҳәм бул процессте жоқары дәрежедеги мәлимлеме технологиялары ҳәм мультимедиа өнимлеринен пайдаланылыўын тәмийинлеў.
- Таэквондо (WT) спорт түрин 2022-2024-жылларда кеңирек раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер бағдарламаны қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылатуғын қаржылар;
Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджети ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджети қаржылары;
спорт федерация (ассоциация)лары, қорлар, клублар, сондай-ақ, денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлериниң қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясының 2023-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий тәризде:
республиканың барлық аймақларында 4-сентябрь – Пүткил жәҳән таэквондо күнине бағышланған таэквондо фестивалы;
таэквондо ҳәм паратаэквондо бойынша «G2» дәрежесиндеги абырайлы «Uzbekistan Open» халықаралық турнири;
таэквондо бойынша улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, сондай-ақ, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшы ҳәм студентлери арасында «Министр кубоги» жарысларын өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Спортты раўажландырыў министрлиги (Ш.Махмудов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Қосимов), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев), Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясы (Ш.Ташматов), Халық билимлендириў министрлиги (В.Ражапов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) менен биргеликте:
үш ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген жарысларға пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;
усы бәнтте көрсетилген таэквондо фестивалы ҳәм халықаралық турнирди 2023-жыл 1-январьдан баслап спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесине киргизилиўин тәмийинлесин;
таэквондо фестивалы ҳәм халықаралық турнирде жергиликли таэквондошылар менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған халықаралық дәрежедеги күшли таэквондошылар, тренерлер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин;
бул жарысларды өткериў процесин жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен сәўлелендирсин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Ибрагимов) жоқарыдағы жарысларды туристлик маршрутлар объектлери дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартыў илажларын көрсин.
- 2022-2024-жылларда таэквондо (WT) спорт түрин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясының ассоциация системасында Өзбекстан таэквондо академиясын (кейинги орынларда – Таэквондо академиясы) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Таэквондо академиясы:
Пүткилжәҳән «Kukkiwon» таэквондо академиясы менен биргеликте Орайлық Азияда жаңа «leadership» имиджин жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғыны;
Қорғаныў министрлигиниң инженерлик-коммуникация тармақлары (тәбийғый газ, электр, телекоммуникация, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары) бар объектлериниң биринде жайластырылатуғыны белгиленсин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Қорғаныў министрлиги (Б.Қурбанов), Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Қосимов), Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясы (Ш.Ташматов):
бир ай мүддетте Пүткилжәҳән «Kukkiwon» таэквондо академиясының усынысларын есапқа алып, Таэквондо академиясы жайласатуғын анық мәнзилди белгилесин;
2023-жыл 1-сентябрьге шекем Таэквондо академиясын инновациялық технологияларға тийкарланған, қымбат болмаған, энергияны үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў жумысларын жуўмақласын ҳәм пайдаланыўға тапсырсын. Онда, академияның имараты ҳәм зәрүр инфраструктурасын қурыў 2023-жылдағы Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизиледи.
Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) Таэквондо академиясын қурыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин белгиленген тәртипте экспертизадан өткерсин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды орнатсын.
- Төмендегилер Таэквондо академиясының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
таэквондо, соның ишинде, паратаэквондо (WT) бойынша спортшылар, тренерлер, тренер-селекционерлер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик шеберлиги ҳәм маманлығын арттырыў;
таэквондо, соның ишинде, паратаэквондо (WT) бойынша профессионал, жоқары маман спортшылар, тренерлер, тренер-селекционерлер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелерди халықаралық талаплар тийкарында таярлаўға жәрдемлесиў;
таэквондо, соның ишинде, паратаэквондо (WT) бойынша оқыў бағдарламаларын ҳәм методологияны жаңалаў, жаслардың таярлық процесине алдынғы инновациялық технологияларды енгизиў;
жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында семинар-тренинглер, мастер-класслар, оқыў шынығыўларын шөлкемлестириў.
- Төмендегилер Таэквондо академиясы жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясы қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Таэквондо академиясының жумысын қосымша қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары да қаратылыўы мүмкин.
Министрлер Кабинети үш ай мүддетте Таэквондо академиясының жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясы (Ш.Ташматов) Қураллы Күшлер системасында таэквондоны ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў жумысларын әмелге асырсын, соның ишинде, әскерий хызметкерлер арасында турнирлер ҳәм жарысларды шөлкемлестирсин, оларды спорт резерви ҳәм сайланды командалардың қурамына тартсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң таэквондо бойынша сайланды командалардың тийкарғы таярлығы ушын 2023-2024-жылларда аймақларда 14 қәнигелестирилген таэквондо орайын қурыў ҳәм оларды заманагөй спорт инвентарьлары ҳәм үскенелери менен тәмийинлеў бойынша басламасы қоллап-қуўатлансын.
а) қәнигелестирилген таэквондо орайлары қәбилетли жас спортшыларды таңлап алатуғыны ҳәм оларды келешекте миллий сайланды командалардың тийкарғы ҳәм резерв қурамына таярлап беретуғыны, сондай-ақ, аймақлық таңлап алыў жарысларын, клуб чемпионатларын шөлкемлестирилетуғыны ҳәм өткеретуғыны;
б) төмендегилер қәнигелестирилген таэквондо орайларының жумысын қаржыландырыў дәреклери есапланатуғыны белгиленсин:
Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Министрлер Кабинети үш ай мүддетте қәнигелестирилген таэквондо орайларының жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) менен биргеликте 2023-жыл 1-январьдан баслап 3-қосымшаға муўапық улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшыларының денетәрбиясына үлкен дөретиўшилик тәсир көрсететуғын спорт түри – таэквондоға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде таэквондо бойынша сабақтан тысқары өз алдына спорт селекцияларын шөлкемлестирсин, оларға мектеп жайласқан аймақтағы спорт мектеби ҳәм басқа мәкемеден тренер-муғаллимлерди тартсын.
- 2022-жыл 1-октябрьден баслап Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде «Таэквондо ҳәм спорт жумысы» факультети жанында Спортшыларды илимий-методикалық ҳәм медициналық-биологиялық тәмийинлеў машқалалары лабораториясы шөлкемлестирилсин ҳәм оның жумысы университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаржыландырылсын.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов), Спортты раўажландырыў министрлиги (Ш.Махмудов), Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Қосимов), Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясы (Ш.Ташматов) Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң «Таэквондо ҳәм спорт жумысы» факультетинде таэквондо бойынша маман қәнигелерди таярлаў мақсетинде заманагөй инновациялық технологиялар тийкарында кәсиплик билимлендириўди жетилистириў, илимий, илимий-методикалық базаны жаратыў ҳәм буннан былай да раўажландырыў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
үш ай мүддетте Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясының аймақлық бөлимлерине тийисли шараятларды жаратыў, олардың финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлесиў ушын оларға аймақлардағы ири шөлкемлер ҳәм қәўендерлерди бириктирсин;
Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясының аймақлық бөлимлеринде тренер-инструктор лаўазымын енгизиў арқалы таэквондо бағдары бойынша жоқары билимендириў мәкемелерин питкерип, сайланды командаға тартылмаған жас тренер-кадрларды тартсын;
таэквондоны ғалаба ен жайдырыў мақсетинде жаслар арасында район (қала) ҳәм аймақ көлеминдеги жарысларды турақлы түрде шөлкемлестирсин;
таэквондо бойынша шөлкемлестирилетуғын жергиликли ҳәм сырт ел оқыў-шынығыў жыйынлары ҳәм спорт жарысларында аймақлық спорт командаларының қатнасыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң орынбасары Ш.Ш.Махмудов ҳәм Өзбекстан таэквондо (WT) ассоциациясының баслығы Ш.Р.Ташматов белгиленсин ҳәм оларға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
қәбилетли жасларды таңлап алыў (селекция) ҳәм оларды профессионал таэквондошылар сыпатында таярлаў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
аймақларда таэквондо инфраструктурасын жаратыў ҳәм кеңейтиўге инвестиция ҳәм грант қаржыларын тартыў, басқа да зәрүр илажларды көриў;
таэквондоны билимлендириў мәкемелери, жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы ғалаба ен жайдырыў, халықтың бул спорт түрине қызығыўшылығын арттырыў;
таэквондо бойынша жарысларды өткериў, бул бағдарда халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықларын тартыў;
2022-2024-жылларда таэквондоны раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлерине толық түрде ерисиў;
усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте сын көзқарастан додалаў, зәрүр илажларды белгилеў.
- Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-июль