Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-январьдағы «Халықтың ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежесин арттырыў ҳәм оның сапасын жақсылаў ушын Өзбекстан Республикасының суў ресурсларын басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5883-санлы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги системасына киретуғын суў тәмийнаты мәмлекетлик унитар кәрханалары негизинде усы кәрханаларды жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер сыпатында қайта дүзиў арқалы «Ўзсувтаъминот» АЖ шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Суў тәмийнаты системасын жетилистириў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириў, тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм мәмлекеттиң ишимлик суў тәмийнатын ҳәм суў шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде:
- Шөлкемлестирилип атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер қайта дүзилип атырған тийисли мәмлекетлик унитар кәрханалардың шәртнамалары, ҳуқықлары (2019-жылдың 1-октябрь ҳалатына бола 381,7 миллиард сум дебитор қарыздарлық) ҳәм миннетлемелери (2019-жылдың 1-октябрь ҳалатына бола 499,8 миллиард сум кредитор қарыздарлық) бойынша ҳуқықый мийрасхорлары есапланатуғыны;
шөлкемлестирилип атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң устав капиталлары қайта шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик унитар кәрханалардың мүлкин қалдық баҳасы бойынша тапсырыў есабынан қәлиплестирилетуғыны;
«Ўзсувтаъминот» АЖ устав капиталын қәлиплестириў ушын шөлкемлестирилип атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң мәмлекетлик үлесин тапсырыў номинал баҳасы бойынша әмелге асырылатуғыны;
«Ўзсувтаъминот» АЖ устав капиталындағы акциялардың мәмлекетлик пакети бойынша акционер функциялары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (кейинги орынларда-Министрлик) мәмлекетлик унитар кәрханаларын қайта шөлкемлестириў жуўмақланғанға шекем олардың мүлки сақланыўын тәмийинлейди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте ҳәр бир илаж өткерилиўиниң анық мүддетлерин ҳәм жуўапкер шахсларды, соның ишинде, қайта шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик унитар кәрханалардың активлери және миннетлемелери хатлаўдан өткерилиўин нәзерде тутқан ҳалда 2020-жыл 1-майға шекем мәмлекетлик унитар кәрханаларды қайта шөлкемлестириў тәртип-қағыйдаларының жуўмақланыўын нәзерде тутатуғын илажлар режесин тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги белгиленген тәртипте төмендегилерди тәмийинлесин:
усы қарардың 1-бәнтинде көрсетилген мәмлекетлик унитар кәрханаларды жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер сыпатында қайта шөлкемлестириў;
«Ўзсувтаъминот» АЖның устав капиталын қәлиплестириў ҳәм оның шөлкемлестириў ҳүжжетлерин тастыйықлаў;
Министрлик пенен биргеликте зәрүр тәжирийбе ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жоқары маманлықтағы, атап айтқанда, сырт елли қәнигелерди, соның ишинде, басшылық лаўазымларына тартыўда «Ўзсувтаъминот» АЖға жәрдемлесиў.
- «Ўзсувтаъминот» АЖ:
эмиссиялық баҳалы қағазлар шығарылыўын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм баҳалы қағазлар шығарылыўы ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў жыйымларынан;
қайта шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик унитар кәрханаларының автотранспорт қураллары тапсырылыўын қайта дизимнен өткериўде автотранспорт жыйымларын төлеўден азат етилсин.
«Ўзсувтаъминот» АЖға жоқары маманлықтағы сырт елли қәнигелерди жумысқа қабыл етиўге ҳәм жәмийеттиң қаржылары есабынан оларға еркин конвертацияланатуғын валютада мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарын белгилеўге рухсат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министриниң биринши орынбасарына суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системаларын нәтийжели эксплуатациялаў, раўажландырыў, модернизациялаўды, сондай-ақ, оларды басқарыўға, соның ишинде, барлық жумыс процесслерин автоматластырыўды нәзерде тутатуғын инновациялар ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўди тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Төмендегилер:
2020-жылы республиканың ишимлик суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў объектлерин қурыў және реконструкциялаў бойынша мәнзилли бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
2020-2021-жылларда ишимлик суўын ислеп шығарыў ҳәм бөлистириў бойынша объектлерде өлшеў әсбаплары (жумсалғанларды өлшегишлер)н орнатыў графиги 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў тараўындағы Жойбарлардың таярланыўын қаржыландырыў қорын қәлиплестириў, сондай-ақ, жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыўды кейин ала қаржыландырыў ушын Азия раўажланыў банки менен 15 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз қаржылары ажыратылыўы ҳаққында келисимге ерисилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Министрлик:
2020-жыл 1-майға шекем Жойбарлардың таярланыўын қаржыландырыў қорының қаржылары есабынан суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў тараўында есап жүргизилиўин ҳәм мониторингин, ишимлик суўды ислеп шығарыў ҳәм бөлистириў бойынша объектлердиң заманагөй өлшеў әсбаплары (жумсалғанларды өлшегишлер) менен үскенелениўин тәмийинлейтуғын заманагөй мәлимлеме ҳәм ресурс үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша жойбардың техникалық-экономикалық тийкары ислеп шығылыўын;
2020-жыл 15-июльге шекем Жойбарлардың таярланыўын қаржыландырыў қорының қаржылары есабынан өлшеў әсбаплары (жумсалғанларды өлшегишлер)н сатып алыў ҳәм ишимлик суўын ислеп шығарыў ҳәм бөлистириў бойынша объектлерди олар менен тәмийинлеў бойынша жойбарлаў-смета ҳәм тендер ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Министрлик, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик салық комитетиниң суў тәмийнаты кәрханаларының 2019-жыл 1-октябрь халатына бола Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары, сондай-ақ, электр энергиясын жеткерип бериўшилер алдындағы, соның ишинде, мүддети өткен қарыздарлығын төлеўлерди 5 жыл мүддетке, усы мүддеттен, кейинги 5 жыл даўамында ҳәр айда бир нормада сөндирген ҳалда кешиктириў және өз ўақтында әмелге асырылмаған төлем ушын есапланған пеняларды 3-қосымшаға муўапық есаптан шығарыў жолы менен ири структуризациялаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 8. Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Энергетика министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-январьға шекем республикада экспулатацияланып атырған суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системасы объектлери ушын үскене, комплектлеўши буйымлар, аўысық бөлеклер ислеп шығарыўды локализациялаўды және де кеңейтиў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 9. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги 2020-жыл 1-мартқа шекем аўыллық елатлы пунктлерди сапалы ишимлик суўы ҳәм канализация хызмети менен тәмийинлеў ушын халықаралық ҳәм сырт ел финанслық (грант) ҳәм техникалық жәрдем жойбарларын тартыўға байланыслы анық усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 10. Министрликтиң орайлық аппараты, оның шөлкемлестириўшилик структурасына киретуғын, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын аймақлық бөлимлери ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлерине нызамшылықта нәзерде тутылған үстеме ҳәм қосымша төлемлерден тысқары Турақ жай коммуналлық хожалығын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан мийнетте жоқары нәтийжелерге ерискени ушын хызметкерлердиң жумысын баҳалаўдың рейтинг системасына муўапық белгиленетуғын хошаметлеўши төлемлер төленетуғыны белгиленсин.
Министрлик бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда усы бәнтке муўапық Министрликтиң хызметкерлерине хошмателўши төлемлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы усынысты Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 11. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарардан келип шығатуғын өзгерислерге муўапық:
коммерциялық банклер менен биргеликте мәмлекетлик унитар кәрханаларының инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў ушын тартылған кредит миннетлемелериниң қайта рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;
мәмлекетлик унитар кәрханалардың миннетлемелери бойынша бурын берилген мәмлекетлик кепилликлерге өзгерислер киргизсин.
- 12. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Министрлик пенен биргеликте бир ай мүддетте:
Ишимлик суўы ҳәм канализация хызметлери менен тәмийинленген ҳәм тәмийинленбеген барлық елатлы пунктлерди хатлаўдан өткерсин;
2020-2030-жыллар дәўиринде тийисли аймақ халқын ишимлик суўы ҳәм канализация хызметлери менен тәмийинлеўдиң анық мақсетли көрсеткишлерин көрсеткен ҳалда суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў объектлерин кеңейтиў схемаларын ҳәм мәнзилли бағдарламасын тастыйықласын;
суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системалары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында исбилерменлик субъектлерине және тийисли елатлы пунктлердиң халқы тәрепинен дүзилетуғын орайласпаған суў тәмийнаты шөлкемлерине тапсырылыўы зәрүр болған елатлы пунктлердиң дизимин қәлиплестирсин.
- 13. Министрлик бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 14. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 26-ноябрь