Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын, стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан үлкен жеке үлеси, саўда, санаат, аграр секторы, энергетика, суў хожалығы, транспорт ҳәм логистика тараўларында биргеликтеги бағдарламаларды ҳәм кооперация жойбарларын алға қойыўдағы, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўындағы белсендилиги ушын Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Овезгельдиевич Мередов «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 27-август