Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимиздиң данқын дүньяға танытыў бағдарында жаслардың қолға киргизген жетискенликлерин, олардың ибратлы турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў арқалы мәртлик ҳәм ўатансүйиўшилик, ана Ўатанға садықлық сезимлерин оятыў, жасларды параспорт түрлерине кеңнен тартыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-майдағы «Паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5114-санлы қарарында белгиленген паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелиятқа басқышпа-басқыш енгизиў мақсетинде:

  1. Паралимпияшылардың мәртлик мектеби (кейинги орынларда – Мәртлик мектеби) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Мәртлик мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин.

а) жаслар, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың қолға киргизген жетискенликлери, олардың ибратлы турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў тараўында:

билимлендириў мәкемелери, мийнет топарлары ҳәм мәҳәллелерде жаслар менен ушырасыўлар шөлкемлестирип, паралимпияшылардың өз турмыс жолларында қыйыншылықларды қалай жеңип өткени ҳаққында сәўбетлер өткериў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар, әсиресе, жасларды ҳадаллық, ҳүждан, ўатансүйиўшилик, садықлық, пидәкерлик сыяқлы шахс сыпатларын, сондай-ақ, миллий мақтаныш сезимлерин қәлиплестириўге жәрдемлесиў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар, әсиресе, жаслардың социаллық турмысының түрли мәселелерине байланыслы басламалар менен шығыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге усыныслар киргизиў;

ана Ўатанымыздың даңқын дүньяға танытыўға байланыслы ең әҳмийетли түсиниклер, турмыслық ҳәм профессионал көнликпелерди илим-ағартыўшылық тийкарында жаслардың кеўли ҳәм сана-сезимине сиңдирип барыў;

жасларға жоқары нәтийжелерге ерискен шахсларды үлги етип көрсетиў арқалы оларды мәрт етип тәрбиялаў, усы мақсетте илимий-әмелий конференциялар, сораў-жуўап, китапқумарлық кешелери, белгили адамлар менен ушырасыўлар шөлкемлестириў;

жасларда ески тарийхымыз ҳәм мәдениятымыз бенен, жанажан Ўатанымыздың ғәрезсизлиги ҳәм раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен гүрескен миллий қаҳарманымыз бенен мақтаныў, оларға мүнәсип болыў сезимин қәлиплестириўге жәрдемлесиў;

б) жасларды параспорт түрлерине кеңнен тартыў тараўында:

өсип киятырған жас әўладты паралимпия спорт түрлерине тартыў, оларды «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» идеясы әтирапында бирлестириўге қаратылған илажларды әмелге асырыў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар, әсиресе, жаслар арасында арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде ҳәм мәҳәллелерде денетәрбия ҳәм спорт илажларын өткериўде қатнасыў;

қәбилетли жасларды таңлап алыў, оларды параспорт түрлерине бағдарлаў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўин хошаметлеў;

жаслардың халықаралық параспорт илажлары ҳәм жарыслары, форум ҳәм конференцияларда қатнасыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў.

  1. Мәртлик мектеби Өзбекстан Миллий паралимпия комитети жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған ҳалда шөлкемлестирилетуғыны;

Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы бир ўақыттың өзинде Мәртлик мектебине басшылық ететуғыны;

Мәртлик мектебиниң жумысын қаржыландырыў дәреклери болып Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есапланатуғыны;

Мәртлик мектебиниң шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Миллий паралимпия комитетине қосымша 2 штат бирлигиниң ажыратылатуғыны;

Мәртлик мектебине аймақларға барып келиў ҳәм илажларда қатнасыў ушын 1 жеңил автомобиль, 1 автобусты сатып алыў ушын қаржылар ҳәм оларды сақлаў ушын лимит ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. Паралимпия спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық кеңес Паралимпияшылардың мәртлик мектеби жумысын нәтийжели жолға қойыў ҳәм паралимпия спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық кеңес етип қайта аталсын ҳәм оның жаңаланған қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Мәртлик мектебиниң жаслар, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың қолға киргизген жетискенликлери, олардың ибратлы турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў тараўындағы жумысы Қорғаныў министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

Мәртлик мектебиниң жасларды параспорт түрлерине кеңнен тартыў тараўындағы жумысы Спортты раўажландырыў министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов) ҳәм спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Мәртлик мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары нәтийжели ҳәм толық әмелге асырылыўында Өзбекстан Миллий паралимпия комитетине жақыннан жәрдемлессин.

  1. Мәртлик мектеби жумысын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби енгизилсин:

а) ҳәр жылы 1-декабрьге шекем Паралимпияшылардың Мәртлик мектебиниң жумысын нәтийжели жолға қойыў ҳәм паралимпия спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық кеңестиң қурамына киргизилген министрликлер, уйымлар, ҳәкимликлер ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тийисли үлги бойынша ислеп шығылған келеси жыл даўамында әмелге асырылатуғын илажлар режесин Өзбекстан Миллий паралимпия комитетине усынады;

б) Өзбекстан Миллий паралимпия комитети Қорғаныў министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте илажлардың режелерин Мәртлик мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары, усы қарардың 5-бәнтинде нәзерде тутылған бағдарлар, сондай-ақ, басқа да әҳмийетли мәселелерди есапқа алған ҳалда улыўмаластырады ҳәм комплексли реже жойбарын таярлайды;

в) Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәр жылы 20 декабрьге шекем комплексли реже жойбарын көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын, сондай-ақ, қабыл етилген комплексли режениң орынланыўы бойынша жыйналған мәлимлемени Министрлер Кабинетине киргизеди;

г) Паралимпияшылардың мәртлик мектебиниң жумысын нәтийжели жолға қойыў ҳәм паралимпия спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық кеңес (А.Н.Арипов):

министрликлер, уйымлар, ҳәкимликлер ҳәм басқа да шөлкемлердиң усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларын тыңлайды;

Кеңес мәжилисинде комплексли реже жойбарын көрип шығады ҳәм ҳәр жылы 1-февральға шекем тастыйықлайды;

Мәртлик мектебиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде барлық министрликлер, уйымлар, ҳәкимликлер ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлейди;

д) Қорғаныў министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Миллий паралимпия комитети менен биргеликте комплексли реже орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў алып барады.

  1. Паралимпияшылардың мәртлик мектебиниң жумысын нәтийжели жолға қойыў ҳәм паралимпия спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық кеңес (А.Н.Арипов) үш ҳәпте мүддетте Мәртлик мектебинде 2022-жыл даўамында төмендегилерди әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын илажлар режесин тастыйықласын ҳәм оның системалы түрде әмелге асырылыўын тәмийинлесин:

а) Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов) тәрепинен:

жаслардың, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың сана-сезимине Ўатанды қорғаў абырайлы ҳәм әдиўли миннет екенин, миллий армиямыз бенен мақтаныў, мәмлекет қәўипсизлигин қорғаў ушын жуўапкершилик сезимин терең сиңдириў;

жасларға мәмлекетимиздиң қорғаныў потенциалын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин системалы түрде жеткериў ҳәм дүнья жүзинде жүз берип атырған глобалласыў процесслерине оларда саналы мүнәсибет ҳәм белсене турмыслық позицияны қәлиплестириў, миннетке садықлық, жуўапкершилик, пидәкерликти арттырыў;

жаслардың соның ишинде, паралимпияшылардың әскерий бөлимлерге экскурсияларын ҳәм көргизбели сапарларын шөлкемлестириў;

Ўатан азатлығы жолында қаҳарманлық көрсеткен уллы ата-бабаларымыз ҳәм мәрт заманласларымыздың ибратлы турмысын кеңнен үгит-нәсиятлаў тийкарында жасларда «Жаңа Өзбекстан – жаңа жеңислерге қарай» деген турмыслық тәжирийбени енгизиў;

б) Миллий гвардия (Р.Джураев) тәрепинен:

терроризмге қарсы гүресиўде ҳәм терроршылық ҳәрекетлериниң ақыбетлерин сапластырыўда қатнасып, мәртлерше қайтыс болған әскерлердиң ибратлы турмысын кеңнен үгит-нәсиятлаў;

жаслардың, соның ишинде, паралимпияшылардың Темурбеклер мектеплери, жоқары әскерий мәкемелери, кәсип өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң арнаўлы топарлары ҳәм әскерий бөлимлерге экскурсиялар ҳәм көргизбели сапарларын шөлкемлестириў;

«Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығына ийе болған ўатанласларымыз бенен ушырасыўлар өткериў, олар ерискен жетискенлик ҳәм нәтийжелерди жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў;

«Темурбек мийрасқорлары» әскерий-спорт ойынларын басқышпа-басқыш шөлкемлестириў, оларға физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды тартыў;

в) Кинематография агентлиги (Ф.Абдухаликов) тәрепинен:

жасларға мөлшерленген көркем, мультипликациялық ҳәм қысқа метражлы фильмлердиң ислеп шығылыўын кеңейтиў;

жаслардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған сиясий, илимий ҳәм социаллық реформаларға қатнасыўын сәўлелендиретуғын ҳәм қолқатылмаслық сезимин қәлиплестиретуғын түрли жанр ҳәм темаларда фильмлер жаратыў;

жаслардың спортқа кирип келиўинен баслап, олардың жоқары нәтийжелерге ерисиў жолы, абырайлы жарыслардағы қатнасыўы ҳәм бүгинги күндеги турмысы ҳаққында қысқа метражлы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, видеороликлер таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлеў;

жаслар турмысы, олардың арзыў-нийетлери, ойларын сәўлелендириўши фильмлер ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў;

таярланған фильмлерди жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көриў;

г) Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) тәрепинен:

жасларда, атап айтқанда жәмлеспеген жасларда тарийхты еске алыў, миллий мақтаныш ҳәм өзлигин аңлаў, жүз берип атырған ўақыяларға көзқарас, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимлерин қәлиплестириў;

жаслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олардың заманагөй кәсиплерди ийелеўге болған умтылысын қоллап-қуўатлаў;

қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды өз дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыў;

жаслар, атап айтқанда, жәмлеспеген жаслар арасында саламат турмыс тәризи мәдениятын қәлиплестириў, оларды денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға кеңнен тартыў;

жасларды, атап айтқанда, жәмлеспеген жасларды диний-экстремистлик ҳәм басқа да бузғыншы шөлкемлер тәсиринен, сырттан «ғалабалық мәденият» нықабы астында кирип киятырған унамсыз тәсир ҳәм қәўип-қәтерлерден сақлаў;

д) Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы (С.Саййид) тәрепинен:

үлкен талант ҳәм жоқары пуқаралық позициясына ийе болған кексе әўлад ўәкиллериниң дөретиўшилик потенциалы ҳәм шеберлиги менен жасларды кеңнен таныстырыў;

жас талант ийелерин излеп табыў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў;

классикалық әдебиятымызды, уллы ғайраткерлеримиздиң шығармаларын жасларға және де жақынластырыў;

жаслар, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар менен «Дүрмен», «Паркент» ҳәм «Замин» дөретиўшилик үйлеринде белгили жазыўшылар, шайырлардың қатнасыўындағы ушырасыўларды шөлкемлестириў;

мәҳәллелер, билимлендириў мәкемелеринде жаслар, соның ишинде, паралимпияшылардың қатнасыўында турақлы руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў, сондай-ақ, дөретиўшилик ушырасыўлар шөлкемлестириў;

е) Нураний қоры (С.Турдиев) тәрепинен:

ақсақаллар, кексе жастағы мәҳәлле белсендилерин жасларды Ўатанға муҳаббат, кекселерди ҳүрметлеў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик сыяқлы халқымыздың көп әсирлик дәстүрлерин ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаўға бағдарланған социаллық жумысқа тартыў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте жасларды социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, олардың биринши гезектеги талапларының қанаатландырылыўында ҳәр тәреплеме жәрдем бериў;

белгили кексе жазыўшылар, артистлер, көркем өнер ғайраткерлери, спорт ветеранлары, художниклер ҳәм дөретиўши зыялылардың басқа да ўәкиллерин мирәт еткен ҳалда жаслар арасында дөретиўшилик кешелер шөлкемлестириў;

ж) Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) тәрепинен:

жаслар, соның ишинде, социаллық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар ҳәм паралимпияшылардың ибратлы турмыс жолларын ҳәм қыйыншылықларды қалай жеңип өткени ҳәм жеңиске ерискени ҳаққындағы ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер кеңнен сәўлелендириў;

усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў ҳәм тематикалық телебағдарламалар таярлаў;

паралимпия спорт түрлери бойынша Өзбекстан чемпионаты (кубоги), мәмлекетимизде өткерилетуғын абырайлы халықаралық жарыслар (турнирлер)ды ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў.

  1. Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Транспорт министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлигиниң:

Ташкент қаласы, А.Қодирий көшесинде жайласқан пиядалар жүриў ҳәм дем алыў орнында Паралимпияшылар паркин жаратыў;

Ташкент метрополитениниң жаңадан қурылып атырған бәндиргилеринен бирине «Паралимпия ҳәрекети» атамасын бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Мәртлик мектеби бойынша Өзбекстан тәжирийбесин дүнья мәмлекетлерине үгит-нәсиятлаў мақсетинде 2023-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте Ташкент қаласында «Паралимпияшылардың мәртлиги» халықаралық форумы өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2022-жыл 1-июльден баслап медициналық-социаллық эксперт комиссиялары есабында турған 10-35 жас аралығындағы майыплығы болған шахслар ҳәм пуқаралардың мүрәжаты бойынша майыплық топары белгиленген спортшылар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр шеректе Өзбекстин Миллий паралимпия комитетине усынылады;

2023-жыл 1-январьдан баслап медициналық-социаллық эксперт комиссияларының шешимлери тийкарында майыплық топары белгиленген барлық 10-35 жас аралығындағы шахслардың электрон мағлыўматлары ҳәр шеректе Өзбекстан Миллий паралимпия комитетине жибериледи;

Өзбекстан Миллий паралимпия комитети медициналық-социаллық эксперт комиссияларының жуўмақлары тийкарында майыплық топары белгиленген 10-35 жас аралығындағы шахсларды паралимпия спорт түрлерине бағдарлаў бойынша системалы жумысларды әмелге асырып барады.

Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев)не усы бәнтте белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар Мәртлик мектеби менен биргеликте төмендегилерди 2022-2023-оқыў жылы басланыўына шекем әмелге асырсын:

билимлендириў процесинде саламат оқыўшы ҳәм студентлер менен бир қатарда өз алдына билим алыўға зәрүр болған оқыўшы ҳәм студентлердиң ақылый ҳәм социаллық потенциалларын раўажландырыў;

раўажланыўдың түрли имканиятларына ийе болған оқыўшы ҳәм студентлер ушын ҳәр қандай кемситиўди болдырмайтуғын, барлық оқыўшы ҳәм студентлерге тең мүнәсибетте болыўды тәмийинлейтуғын бирден-бир бейимлестирилген социаллық орталықты жаратыў;

жәмийетшилик ҳәм билимлендириў процесиниң барлық қатнасыўшыларында өз алдына билим алыўға зәрүрлиги болған оқыўшы ҳәм студентлердиң машқалаларына кеңпейиллик қарым-қатнасын қәлиплестириў;

Мәденият министрлиги менен биргеликте оқыўшы ҳәм студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде, олардың қызығыўшылықларын есапқа алған ҳалда музыка, сүўретлеў өнери, гүлалшылық ҳәм басқа да дөгереклерди шөлкемлестириў.

  1. Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) қарамағындағы имканияты шекленген балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери (мектеплер, мектеп-интернатлар), «Нурлы орын» қәнигелестирилген мектеп-интернатлары, сондай-ақ, майыплығы болған балалар ушын «Мүриўбет» интернат үйлеринде паралимпия спорт түрлери, соның ишинде, парастол тенниси, парадзюдо, голбол, 5х5 футбол, паражеңил атлетика, бочча, парапауэрлифтинг, парақылышласыў спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратсын ҳәм оларды зәрүр спорт үскенелери ҳәм формалары менен тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер:

Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) қарамағындағы имканияты шекленген балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери (мектеплер, мектеп-интернатлар), «Нурлы орын» қәнигелестирилген мектеп-интернатлары ушын спорт үскенелери ҳәм формаларын сатып алыў мақсетинде министрликке ажыратылған бюджет қаржыларының үнемленген бөлегинен жылдың ақырына шекем 2 миллиард сумға шекем;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) «Мүриўбет» интернат үйлери ушын спорт үскенелери ҳәм формаларын сатып алыў мақсетинде министрликке ажыратылған бюджет қаржыларының үнемленген бөлегинен жылдың ақырына шекем 1 миллиард сумға шекем қаратсын.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) 2023-жылдағы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде усы бәнттиң екинши ҳәм үшинши абзацларында нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын 3 миллиард сумнан кем болмаған қаржыларды нәзерде тутсын.

Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Халық билимлендириў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте имканияты шекленген балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери (мектеплер, мектеп-интернатлар), «Нурлы орын» қәнигелестирилген мектеп-интернатлары ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериндеги майыплығы болған балаларды турақлы түрде аймақлардығы спорт-билимлендириў мәкемелеринде (спорт мектеплери Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлери ҳәм басқалар) белгиленген параспорт түрлерине тартыў илажларын көрсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети Мәртлик мектебиниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын жетерли шараят ҳәм мультимедиа өнимлери, әдебиятлар, буклет, баннер ҳәм басқа да креатив үгит-нәсиятлаўшы материаллар менен тәмийинлесин.
  2. Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов), Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшылардың билим алған мәкемелеринде «Мәрт спортшыларымыз – мақтанышымыз» ханаларын шөлкемлестирсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

Мәртлик мектеби жумысшы топарларының аймақларда нәтийжели жумыс алып барыўы ушын жетерли шараятлар жаратыў;

Мәртлик мектеби тәрепинен әмелге асырылатуғын үгит-нәсиятлаў жумысларын мәнзилли шөлкемлестириў ҳәм илажларды жоқары дәрежеде өткериў;

район (қала)лардағы тарийхый музейлерде Паралимпия, Параазия ойынларында қатнасқан спортшыларға бағышланған экспозициялар шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы қарарда белгиленген Мәртлик мектебиниң жумысын шөлкемлестириўге байланыслы зәрүр қаржыларды 2022-жыл республикалық бюджетте нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2023-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
  2. Мәртлик мектеби Ташкент қаласы, Бешағаш көшеси, 126-жай мәнзили бойынша жайластырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-майдағы «Паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5114-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қорғаныў министри Б.Н.Курбанов, спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 6-июнь