Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Пахта өнимдарлығын арттырыў бойынша жаңа системаны енгизиў, пахта жетистириўде илим ҳәм инновацияларға тийкарланған туқымгершилик, сорт таңлаў, жерди қайта ислеў, төгин бериў, суўғарыў жумысларын жолға қойыў арқалы пахта-тоқымашылық тараўында экспорт көлемлерин ҳәм дәраматты арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Пахташылық кеңеси (кейинги орынларда – Пахташылық кеңеси) шөлкемлестирилсин және оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Пахташылық кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
ҳәр жылы аймақлардағы жергиликли шараятларда жақсы өним берип атырған сортларды таллап, олардың супер элита ҳәм элита туқымларын көбейтиў бойынша илимий шөлкем ҳәм туқымгершилик кәрханасын белгилеў;
аймақлардың топырақ-климат шараятларына сәйкес ең оптимал сортларын аймақларда көбейтиў ҳәм егиў бойынша кластерлерге тапсырмалар (көрсетпелер, буйыртпалар) бериў;
топырақ өнимдарлығы, оның химиялық ҳәм биологиялық өзгешеликлерин илимий анализлеў тийкарында аймақларда қолланылыўы мүмкин болған химиялық ҳәм органикалық төгинлер бойынша усыныслар бериў;
ғаўаша кеселликлери ҳәм зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша нәтийжели препаратларды қолланыў бойынша көрсетпелер ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
кластерлерге топырақ-климат шараятларында ғаўаша сортларын егиў ҳәм төгин бериўди көбейтиў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, минерал ҳәм органикалық төгинлерден пайдаланыў ҳәм пахташылықта суў ҳәм ресурсты үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша көрсетпелер бериў;
жеке меншик секторды тартқан ҳалда мәмлекетлик-жеке меншик ҳәм жеке меншик туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў ҳәм бул арқалы бәсеки орталығын жаратыў;
пахташылық бағдарындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын муўапықластырыў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пахташылық кеңесиниң Регламенти 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пахташылық кеңесиниң басқарыў топарының қурамы 3-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пахташылық кеңесиниң жумысы жолға қойылатуғын 13 районда әмелге асырылатуғын илажлардың режеси 4-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пахташылық кеңесиниң жумысы жолға қойылатуғын 13 районда әмелге асырылатуғын пахташылық бағдарындағы жойбарлардың дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-марттағы «Пахта майданларында топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлилигин арттырыў, суўғарыўдың жаңа технологияларын енгизиўди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-179-санлы қарарына тийкарланып:
2022-2023-жылларда пахта майданларында топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў ушын субсидия ажыратыў тәжирийбеси сынақтан өткерилетуғын 13 районның дизими тастыйықланғанлығы;
2022-2023-жылларда сынақ тәризинде топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлилигин арттырыў, илимий тийкарланған алмастырып егиўди ҳәм суўғарыўдың жаңа технологияларын енгизиў ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан ҳәр бир гектар майданға бир миллион сум субсидия ажыратылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Пахташылық кеңеси өзине жүкленген ўазыйпаларды дәслеп сынақ тәризинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-марттағы «Пахта майданларында топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлилигин арттырыў, суўғарыўдың жаңа технологияларын енгизиўди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-179-санлы қарарына 1-қосымшада нәзерде тутылған 13 районда әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Пахташылық кеңеси бир ҳәпте мүддетте пахта жетистириўде илим ҳәм инновацияларға тийкарланған туқымгершилик, сорт таңлаў, жерди қайта ислеў, төгин бериў, суўғарыў жумыслары шөлкемлестирилетуғын 13 районның ҳәр бири бойынша жумысшы топарлардың қурамларын тастыйықласын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери 13 районның жумысшы топарлары жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўине жеке жуўапкер есапланатуғыны белгиленсин.
- Пахта өнимдарлығын арттырыўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа тәртиби енгизилсин:
а) районның жумысшы топарлары пахта егилген майданларда орынларға шыққан ҳалда таллаўлар тийкарында туқымгершилик, сорт таңлаў, жерди қайта ислеў, биостимуляторларды қолланыў, төгин бериў, ғаўаша кеселликлери ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў ҳәм нәтийжели суўғарыў бойынша аймақтың топырақ-климат шараятына сәйкес усынысларды Пахташылық кеңесиниң басқарыў топарына усынады;
б) Пахташылық кеңесиниң басқарыў топары берилген усынысларды таллап улыўмаластырған ҳалда Пахташылық кеңесине усынады;
в) Пахташылық кеңеси:
аймақта егилген пахта сортларының аймақтың топырақ-климат шараятларына сәйкес оптимал түрин таңлаў, сондай-ақ, агротехникалық илажлардың дурыс әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
пахта егиў ҳәм төгин бериўди көбейтиў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў ҳәм нәтийжели жер таярлаўды әмелге асырыў;
пахта егилген жерлерде органикалық ҳәм минерал төгинлердиң қолланылыўын жақсылаў;
пахта егилген майданларда ғаўаша кеселликлери ҳәм зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў;
пахта егилген майданларда заманагөй биостимуляторларды қолланыў;
пахта жетистириў процесинде нәтийжели суўғарыў системасын ҳәм үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша қарарлар қабыл етеди;
г) Пахташылық кеңесиниң оған жүкленген ўазыйпаларға тийкарланып өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен қарарлары мәжбүрий есапланады;
д) Пахташылық кеңесиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша:
Пахташылық кеңесиниң баслығы (И.Ю.Абдурахмонов) кеңеске жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме береди;
Пахташылық кеңесиниң баслығына жергиликли ҳәм сырт елли маман қәнигелерди тартыў ўәкиллиги бериледи;
Пахташылық кеңеси ҳәм оның басқарыў топарының ағзаларына ҳәм Пахташылық кеңесиниң жумысы жолға қойылатуғын 13 райондағы жумысшы топарларының ағзаларына 6-қосымшаға муўапық муғдарларда мийнет ҳақы төленеди. Онда төлемлер Инновациялық раўажланыў министрлиги менен дүзилетуғын мийнет шәртнамалары тийкарында әмелге асырылады;
жергиликли ҳәм сырт елли маман қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў белгили жумысты орынлаў ушын төленетуғын мийнет шәртнамаларына тийкарланып қәнигелер менен келисилген муғдарларда әмелге асырылады.
- Инновациялық раўажланыў министрлигине усы жылдың ақырына шекем «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы (И.Ҳайдаров) Ассоциацияның тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж тараўын раўажландырыў қоры есабынан 10 миллиард сум ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев) Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қоры есабынан 10 миллиард сум ажыратсын.
Онда усы пунктте нәзерде тутылған қаржылар Қәўендерлик кеңеси ҳәм оның басқарыў топарының ағзалары ҳәм 13 районның жумысшы топары ағзаларына мийнет ҳақын төлеў, сондай-ақ, Пахташылық кеңесине жергиликли ҳәм сырт елли маман қәнигелерин тартыў қәрежетлерин қаплаўға бағдарланады.
- Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери 13 районның жумысшы топарлары жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўине жәрдемлессин;
б) «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы (И.Ҳайдаров) Ассоциацияның тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж тараўын раўажландырыў қоры ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев) Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қоры есабынан усы қарарға тийкарланып Инновациялық раўажланыў министрлигине қаржылардың өткерип берилиўин тәмийинлесин;
в) Пахташылық кеңесиниң баслығы И.Ю.Абдурахмонов;
Пахташылық кеңеси ҳәм оның басқарыў топарының ағзалары ҳәм 13 районның жумысшы топар ағзаларына мийнет ҳақы өз ўақтында ҳәм толық муғдарда төлениўин тәмийинлесин;
13 районда әмелге асырылған унамлы нәтийжелер тийкарында усы тәжирийбени республиканың басқа да аймақларында енгизиў илажларын көрсин.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының «Пахтасанаат илимий орайы» акционерлик жәмийети (кейинги орынларда – Орай) жумысын жетилистириўге қаратылған төмендеги усынысларына келисим берилсин:
Орайды Пахташылық кеңесиниң илимий-изертлеў уйымы етип белгилеў;
Пахташылық кеңесиниң тараўға байланыслы көрсетпе ҳәм усынысларына тийкарланып Орайдың жумысын жетилистирип барыў;
Пахташылық кеңесиниң баслығын Орай Бақлаў кеңесининиң қурамына киргизиў.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Орайдың жумысын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыўға байланыслы тийисли қарар қабыл етсин.
- Мәлилеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахмонов) менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм мақсет және ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахманов, аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары С.Ў.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 7-июль