Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларда айрықша белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм қәбилети, умтылыўшаңлығы, интакерлиги ҳәм жемисли мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўын арттырыў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин және де жоқарылатыўға үлкен үлес қосып киятырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, дүньяға көзқарасы кең ҳәм жоқары потенциалға ийе, халықтың мәпи ҳәм елдиң келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына ала алатуғын пидәкер ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға диплом ҳәм көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы жумысы, олардың айрықша қәбилети ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 29-июнь

* * *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 2023-жыл 29-июньдағы ПҚ-199-санлы

 қарарына қосымша

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың дизими

Ендирбаев Дәўранбек Гүлман улы – Нөкис қаласындағы 12-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық бөлиминиң муғаллими

Мәмбетшарипов Юсуп Рахатович – Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик университетиниң докторанты