Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Оғада қыйын тарийхый шараятта жумыс алып барып, мәмлекетимиз ҳәм регионымызда ислам мәденияты менен илимин раўажландырыў, муқаддес динимиздиң инсаныйлық мазмун-мәниси ҳәм ийгиликли идеяларын елимизге толық жеткериў, уллы улама ҳәм ойшылларымыздың бийбаҳа илимий мийрасын түрли миллетлер ҳәм халықлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы көп жыллық ибратлы жумысы, халықаралық көлемде динлераралық қарым-қатнасты жолға қойыў, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў жумысларына қосқан үлкен үлеси, диний ҳәм дүньялық билимлерди пуқта ийелеген жетик қәнигелерди таярлаў, жас әўладты жақсылық ҳәм мәрипат, ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы жоқары хызметлери ушын Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары диний басқармасының бурынғы баслығы, муфтий, марҳум шайх Зиёвуддинхон ибн Эшон Бобохон «Олий Даражали Имом Бухорий» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев,
Ташкент қаласы,
2023-жыл 27-июнь