Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Жәмийетлик турымыстың барлық тараўларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, биринши гезекте, мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық буўынларында атқарыў тәртибиниң зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилиўине байланыслы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-августтағы «Атқарыў тәртибиниң уйымлараралық бирден-бир электрон системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Б-5017-санлы бийлигине муўапық министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң «Ijro.gov.uz» атқарыў тәртибиниң уйымлараралық бирден-бир системасына (кейинги орынларда – «Ijro.gov.uz» системасы) жалғаныўы тәмийинленди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Есап палатасы тәрепинен «Ijro.gov.uz» системасы арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2800 ден аслам қарарлары менен тапсырмаларының толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша тест режиминде системалы қадағалаў алып барылмақта.
Соның менен бирге, жаратылған шараятларға қарамастан, айырым министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен атқарыў тәртибиниң қадағалаўын сапалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, өз ўақтында тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар елеге шекем талап дәрежесинде жолға қойылмай атыр.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларына әмел етпеў мәселелеринде жуўапкершиликсизлик ҳәм қағазпазлық жағдайлары ушырамақта, жәмийтлик қадағалаўды шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бағдарындағы илажлар нәтийжесизлигинше қалмақта, жумыс жүргизиўдиң ишки процесслерин автоматластырыў бойынша тәсиршең илажлар көрилмей атыр, сондай-ақ, атқарыў тәртибине консервативлик-буйрықпазлық пенен қатнас жасалыўына жол қойылмақта.
Атқарыў тәртибин беккемлеў, Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары менен тапсырмаларының орынланыўы үстинен қадағалаў системасын жетилистириў, олардың орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша қадағалаў алып баратуғын, сондай-ақ, «Ijro.gov.uz» системасы бойынша жумысларды муўапықластырыўшы жуўапкер мәмлекетлик уйым болып есапланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Ijro.gov.uz» системасын турақлы тийкарда техникалық қоллап-қуўатлаўды жетилистириўди тәмийинлеўши жумысшы уйым болып есапланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының структуралары қупыя белгиси астындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары менен тапсырмаларының базасын жүргизиў ҳәм олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ушын жуўапкер екенлиги;
Өзбекстан баспа сөз ҳәм хабар агентлигиниң Ғалабалық коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайы ғалаба хабар қуралларында министрликлер, мәкемелер, жергиликли ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырсмаларының орынланыўы ҳаққындағы жәмийетлик пикирди баҳалап барыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқықты қорғаў жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи бөлимлери, Өзбекстан Республикасы Есап палатасына ҳәм Бас прокуратурасына мәлимлеме киргизип барыў ушын жуўапкер екенлиги белгиленсин.
- «Ijro.gov.uz» атқарыў тәртибиниң уйымлараралық бирден-бир электрон системасының ислеў тәртиби ҳаққындағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы, Министрлер Кабинети, Есап палатасы, министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер усы режеге муўапық «Ijro.gov.uz» системасында турақлы ислеўдиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- 2019-жыл 1-январьдан баслап республикалық ҳәм аймақлық дәрежедеги мәжилислер менен жыйналысларды өткериў, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен өткерилетуғын мәжилислер буған кирмейди, тек ғана «Ijro.gov.uz» системасындағы мәжилислер менен жыйналыслар арнаўлы орайласқан мағлыўматлар базасына өткерилип атырған илаждың мақсети, нәтийжелери, қатнасыўшылар қурамы ҳәм даўамлылығы көрсетилген мағлыўматлар киргизилгеннен соң әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын қадағалаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының структуралары ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен тығыз бирге ислесетуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларында белгиленген атқарыў мүддетлери тек ғана Өзбекстан Республикасы Президентиниң рухсаты менен Өзбекстан Республикасы Есап палатасы менен келисилгеннен соң созылатуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Бас прокуратура менен биргеликте мәжилислер менен жыйналыслардың «8j49.g9v.7z» системасындағы орайласқан мағлыўматлар базасында атап өтилмеген жағдайда өткерилиўине жол қоймаў бойынша системалы қадағалаўды әмелге асырады.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Есап палатасы ҳәм Бас прокуратурасына:
министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының анық әмелий нәтийжелерге ерисилиўин тәмийинлемей турып, жүзеки орынланыўына жол қоймаў;
министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының орынланыў жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлардың «Ijro.gov.uz» системасы арқалы өз ўақтында берилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатыў;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының орынланыў жағдайын министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер басшыларының қатнасыўында ҳәр айда додаланыўын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барыў;
бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм машқалаларды шешиў мүддетлериниң созылыўы жағдайларын сапластырыў арқалы министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына ҳәм басқа да шөлкемлерге Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының орынланыўында турақлы түрде жәрдемлесип барыў ўазыйпалары жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Есап палатасы:
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларын толық ҳәм өз ўақтында орынламаған, сондай-ақ, «Ijro.gov.uz» системасы арқалы орынланыў жағдайы ҳаққында мағлыўматларды толық емес ҳалда, надурыс ҳәм кешиктирип усынған, буйрықпазлыққа ҳәм мәселелерди шешиўде мүддеттиң бузылыўына жол қойған министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларын жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныслар киргизип барсын;
министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерге «Ijro.gov.uz» системасы арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының орынланыў жағдайы ҳаққында мағлыўматларды толық емес ҳалда, надурыс ҳәм кешиктирип усынған хызметкерлерге интизамий шаралар көриў ҳаққында усыныслар киргизип барсын.
Министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Есап палатасының усыныслары менен талаплары орынланбаған жағдайда тийисли материаллар жуўапкершилик шараларын көриў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасына усынылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Республикасы Есап палатасы менен бирегликте 2019-жыл 1-январьға шекем Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының жумысы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти қарарларының орынланыўы бойынша халық, сенаторлар, депутатлар, исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен жәмийетлик қадағалаў механизминиң әмелге асырылыўын тәмийинлеўши «Jamoatfikri.uz» порталының шөлкемлестирилиўин ҳәм жолға қойылыўын тәмийинлесин.
- «Ijro.gov.uz» системасы ҳәм «Jamoatfikri.uz» порталын шөлкемлестириў, техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм жетилистириў илажларын қаржыландырыў Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорында ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:
еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының структураларын ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы «8j49.g9v.7z» системасына мониторинг режиминде жалғаныўын тәмийинлесин;
еки ай мүддетте ҳәр бир мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде, олардың аймақлық бөлимлеринде мәжилислер менен жыйналысларды физикалық шахслардың қатнасыўысыз аралықтан өткериў имканиятын беретуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникаиця технологияларын қолланыў бойынша усыныслар киргизсин;
2018-жыл 1-декабрьге шекем мәмлекетлик уйымларда ҳәм шөлкемлерде бар электрон ҳүжжетлер алмасыў системаларының хатлаўдан өткерилиўин тәмийинлесиў;
2019-жыл 1-январьға шекем «Ijro.gov.uz» системасында республикалық ҳәм аймақлық дәрежеде өткерилетуғын мәжилислер менен жыйналыслардың орайласқан мағлыўматлар базасын жаратсын ҳәм жолға қойсын;
2019-жыл 1-июльге шекем электрон ҳүжжетлер алмасыў системаларын «Ijro.gov.uz» системасын интеграциялаў мақсетинде биден-бир талаплар, сондай-ақ, усы системаның мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм шөлкемлердиң электрон ҳүжжет алмасыў системалары менен муўапықластырыў бойынша интеграциялық шлюз ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- 2019-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларын арнаўлы журнал ҳәм есап бетлеринде дизимге алыў тәртиби;
нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары бойынша есап картотекаларының қағаз түринде рәсмийлестирилиўи ҳәм жүргизилиўи бийкар етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен тапсырмалары бойынша атқарыў тәртибин қадағалаў процесин, кейин ала «Ijro.gov.uz» системасы менен интеграцияласқан ҳалда, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилиўин тәмийинлесин.
- Әдиллик уйымлары жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте таярланыўында ҳәм келисиўинде әмелий жәрдем көрсететуғыны белгиленсин.
- Төмендегилерге;
Өзбекстан Республикасы Бас министри (Арипов), оның орынбасарлары (Раматов, Қўчқоров, Холмуродов, Султонов, Отажонов, Абдуҳакимов, Мирзаев, Норбоева), сондай-ақ, Министрлер Кабинети аппараты басқарыўшысына (Абдуқодиров) – Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары ҳәм тапсырмаларын жуўапкер министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша жумыслардың шөлкемлестирилиўи ушын;
Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы баслығына (Низомиддинов), Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлерине – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясында атқарыў тәртибин тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының әмелге асырылыўында жәрдемлесиў ушын;
Өзбекстан Республикасы Бас прокурорына (Муродов) – министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары менен тапсырмаларының нәтийжели орынланыўы бойынша тийисли прокурор қадағалаўы тәмийинлениўи, сондай-ақ, оларды толық болмаған жағдайда ҳәм кешиктирип орынлаған шахсларға жуўапкершилик илажлары көрилиўи ушын;
Өзбекстан Республикасы Есап палатасының баслығына (Икромов) – министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымларында басқа да шөлкемлерде атқарыў тәртибин тийисли дәрежеде тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының сөзсиз, толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрине (Содиқов) – «Ijro.gov.uz» системасы ҳәм «Jamoatfikri.uz» порталының жетилистирилиўи, үзликсиз ислеўи ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша турақлы тийкарда илажлар көрип барылыўы ушын;
Өзбекстан Республикасы әдиллик министрине (Давлетов) – нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларында тапсырмалар орынланыўының анық мүддетлериниң белгилениўи, сондай-ақ, олардың ашық-айдын билдирилиўи бойынша қадағалаўды тәмийинлеў ушын;
министрликлер, мәкемелер, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына – Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тапсырмаларының толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы, сондай-ақ, олардың орынланыў жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар «Ijro.gov.uz» системасы арқалы толық, дурыс ҳәм өз ўақтында усынылыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
министрликлер ҳәм уйымлар өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Есап палатасының баслығы М.М.Икромовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 5-октябрь