Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3939-санлы қарарына тийкарланып орынларда исбилерменлик ҳәм инвестициялық жумыс ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша комиссия ҳәм аймақлық топарлардың жумыс нәтийжелери бос турған мәмлекетлик объектлерди сатыў ҳәм жер участкаларын бериўде исбилерменлик ҳәм инвестициялық жойбарларды жедел әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар артықша бюрократлық прцедуралар менен қыйыншылықларды сапластырыў бойынша қосымша илажлар көриў зәрүрлигин көрсетти.
Республика аймақларында инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды исбилерменлик субъектлерине сатыўды жеделлестириў мақсетинде:
- Өзбекстан Респубикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бәсеки комитети), Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – «Давергеодезкадастр» комитети), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине төмендеги ҳуқықларды бериўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша эксперимент (кейинги орынларда – эксперимент) өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
а) өз ўәкиллиги шеңберинде (соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутаталары ўәлаятлық Кеңесиниң қарарына тийкарланып), бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин (усы Пәрманның 4-бәнтинде көрсетилген объектлер буған кирмейди) оларды баҳаламастан, 1 сумға тең нырқтағы басланғыш баҳада«E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукционға шығарыў арқалы инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди белгилеген ҳалда орнатылған тәртипте сатыў;
б) өз ўәкилликлери шеңберинде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын аукцион өткермей, инвестор менен тиккелей сөйлесиўлер арқалы инвестициялық (кеминде 1 миллион АҚШ доллары эквивалентинде) ҳәм социаллық миннетлемелер белгиленген ҳалда жер участкаларын бериў ҳәм бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыў ҳаққындағы қарарлар қабыл етиў. Бунда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң бул мәселедеги қарарлары дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслеринде көрип шығылыўы және тастыйықланыўы зәрүр;
в) «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукционға шығарыў ушын жер участкаларының жайласқан аймағынан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң қаржы бас басқармалары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар мәмлекетлик салық басқармалары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармаларының усынысларына тийкарланып, ҳәр бир район бойынша бос жер участкаларынан пайдаланыў ҳуқықының (0,01 га майданы ушын) басланғыш баҳасын ҳәр шеректе тастыйықлаў;
г) үш жылдан аслам мүддет даўамында топырақ бонитировкасы ислери алып барылмаған үш гектарға шекем болған майданға ийе жер участкаларында тийисли жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан топырақ бонитировкасы ислери буйыртпашысы болыў;
д) «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукцион арқалы суўғарылмайтуғын жерлер категориясына киретуғын жер участкаларынан ўақтынша пайдаланыў ҳуқықын исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысы ушын инвестициялық (кеминде 1 миллион АҚШ доллары эквивалентинде) ҳәм социаллық миннетлемелер белгиленген ҳалда 50 жыл мүддетке сатыў;
е) «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукцион арқалы халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги автомобиль жолларына тутас аймақлардағы жер учаскаларынан турақлы пайдаланыў ҳуқықын олардың категорияларына қарамастан, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен тастыйықланған үлги жойбарлар бойынша жол бойы ҳәм туристлик инфраструктура объектлерин шөлкемлестириў ушын сатыў. Бунда, суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлери категориясына киретуғын жер участкалары көрсетилген мақсетлер ушын тек ғана Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьдеги ПҚ-3939-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша комиссия менен келисилген ҳалда бериледи;
ж) ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардияның жәмийетлик тәртипти сақлаў күшлериниң үш сменалы режиминдеги патрулин тәмийинлеў арқалы, сондай-ақ, бул зоналарда туристлер ушын дем алыўды шөлкемлестириў бағдарламаларын тастыйықлаған ҳалда Нөкис қаласы, ўәлаятлар орайлары ҳәм туристлер баратуғын басқа да орынларда саўда-кеўил ашар ҳәм улыўма аўқатланыў объектлери жумысын түнги ўақытта шеклеўге жол қоймайтуғын зоналарды анықлаў.
- Эксперимент шеңберинде:
Мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери ушын меншиклестириў комиссиясы исиниң улыўма мүддети ол шөлкемлестирилген ўақыттан баслап жигирма күннен аспаўы зәрүрлиги;
мәмлекетлик мүлк объектлерин ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларын «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукцион арқалы сатыўда инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелердиң муғдары ҳәм түрлери мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыў бойынша таңлаў өткериўде нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипти уқсаслық бойынша қолланыў тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери тәрепинен белгиленетуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәкимлериниң қарарларына тийкарланып сатылатуғын мәмлекетлик мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы Қурылысты қадағалаў инспекциясы тәрепинен мәмлекетлик объектлерди сатыўға таярлаўда шешимлер берилиўи Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм тийисли жергиликли бюджетлер есабынан әмелге асырылатуғыны;
мәмлекетлик көшпес мүлк объекти бойынша алды-сатты шәртнамаларын дүзиў саўда нәтийжелери (сөйлесиўлери) бойынша протоколға қол қойылғаннан кейин он күннен артық болмаған мүддетте әмелге асырылатуғыны;
мүлк ҳуқықын тастыйықлайтуғын мәмлекетлик ордери мәмлекетлик көшпес мүлк объекти бойынша сатып алыў төлемлери ҳәм пеня (жүзеге келген жағдайда) толық көлемде түскен күннен баслап бес күн ишинде, ийелик ҳуқықы болса, қарыйдарға инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемлер толық орынланған (инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелер менен сатылған жағдайда) деп табылған ҳәм пеня (жүзеге келген жағдайда) толық көлемде төленген күннен баслап берилетуғыны;
баланста сақлайтуғын сатылған мәмлекетлик көшпес мүлк объекти бойынша алды-сатты шәртнамасы қарыйдар тәрепинен берилген күннен баслап бес күн ишинде қабыл етиў – тапсырыў акты рәсмийлестирилиўин ҳәм сатылған мәмлекетлик көшпес мүлк объектиниң қарыйдарға тапсырылыўын тәмийинлеўи шәрт екени;
аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың аўыл хожалығы егислик жерлериниң қурамына кирмейтуғын, пайдаланылмай турған жер участкалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң қарарлары тийкарында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың жер участкалары өлшемин ҳәм шегараларын олардың басшыларының келисимисиз өзгерткен жағдайда алып қойылыўы мүмкин екени белгилеп қойылсын.
- Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен төмендеги төлемлерди әмелге асырыў талаплары бийкар етилсин:
мәмлекетлик меншик объектлерин меншиклестириўге буйыртпа бергени ушын Мәмлекетлик бәсеки комитетиниң бюджеттен тыс қорына ең кем айлық мийнет ҳақының үш есеси муғдарында төленетуғын жыйым;
мүлк ҳуқықын тастыйықлайтуғын мәмлекетлик ордерине бергени ушын мәмлекетлик бажы.
- Төмендеги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери исбилерменлик субъектлерине тек ғана мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, тийисли министрлик ямаса уйым мәмлекетлик шериги сыпатында қатнасқан ҳалда берилиўи мүмкин екени (Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса Министрлер Кабинетиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары):
билимлендириў, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери;
денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт объектлери;
мәденият объектлери, соның ишинде, кинотеатрлар, клублар, концерт-тамаша көрсетиў мәкемелери ҳәм киноластырыў объектлери.
Бунда, бул бәнттиң талаплары жумыс бағдары бойынша пайдаланылмай атырған, тийисли министрлик ямаса уйымлар тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шөлкемлестириў мақсетке муўапық емес деп табылған бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерине енгизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.Маджидов), Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов), Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (А.Шин), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Шодмонов), Мәденият министрлиги (Б.Сайфуллаев), Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги (Д.Набиев) ҳәм «Өзбеккино» Миллий агентлиги (Ф.Зокиров) бир ай мүддетте усы Пәрманға тийкарланып сатыў ушын жумыс бағдары бойынша пайдаланылмай атырған, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шөлкемлестириў мақсетке муўапық болмаған мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизимин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлерине усынсын.
- Министрлик, мәкемелер, хожалық басқарыў уйымлары:
а) хатлаў нәтийжесинде анықланған мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының үлеси басым шөлкемлер (соның ишинде устав капиталының 50 процентинен артығы 50 проценттен артық муғдарда мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының үлесине ийе юридикалық шахсқа тийисли болған юридикалық шахслар)диң жумысына сәйкес болмаған ҳәм пайдаланылмай атырған бос турған көшпес мүлк объектлеринен төмендегише нәтийжели пайдаланыў илажларын көрсин:
бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң айрықша қарарлары, сондай-ақ, шөлкемлерди раўажландырыў стратегиясына тийкарланып, объектлер тийкарында қысқа ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған объектлер дизимин тастыйықлаў;
еки ай мүддетте устав капиталында мәмлекеттиң ямаса хожалық басқарыў уйымларының үлеслерин сатыў бойынша тийисли қарар бар болыўына қарамастан, өткерилген хатлаў нәтийжесинде анықланған жумысына сәйкес болмаған ҳәм пайдаланылмай бос турған көшпес мүлк объектлерин зәрүрлик болғанда 10 жылға шекемги мүддетке бөлип төлеў имканиятын нәзерде тутқан ҳалда саўдаларға шығарыў;
бир ай мүддетте пайдаланылмай турған жерлер ҳәм жумыс ислемей атырған өндирис майданларын олардың тийкарында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына бериў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў;
б) объектти өз балансында сақлайтуғын жоқары шөлкем тәрепинен тастыйықланған, пайдаланыў бойынша тийисли «жол картасы» болмаған бос жатырған объект сатылыўын бийкарлаўға жол қойылмаўы ҳаққындағы талапты итибарға алған ҳалда, бос турған объектлерди сатыў бойынша (усы Пәрманның 4-бәнтинде көрсетилген объектлер буған кирмейди) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының сораўнамалары Мәмлекетлик бәсеки комитети тәрепинен өз ўақтында көрип шығылыўын тәмийинлесин.
Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша комиссия (М.Оллоёров) ҳәм аймақлық топарлар Мәмлекетлик бәсеки комитети, министрликлер, мәкемелер, хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте усы бәнттиң сөзсиз орынланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы, Мәмлекетлик бәсеки комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң усы қарардың 1-қосымшасында келтирилген, суд қарарларына муўапық, мәмлекетлик дәраматқа өткерилген турақ жай емес имаратларды, келешекте оларды усы Пәрманның талапларына муўапық сатыў ушын район (қала) ҳәкимликлерине белгиленген тәртипте бийпул тәртипте өткерип бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.|
- Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлериниң бурынғы қарарларына тийкарланып саўдаларға шығарылған мәмлекетлик мүлк обеъктлери:
Қарақлпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери (Қарақлпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслери) тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде анықланған көшпес мүлк объектлери инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди белгилеген жағдайда-1 сумға тең қундағы басланғыш баҳадаf
басқа көшпес мүлк объектлери бойынша – қайта баҳалатпай, оларды өткериў күниндеги саўдаларда қәлиплескен баҳада «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына өткерилетуғыны ҳәм саўдаға шығарылатуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети (С.Холмуродов) Қарақлпақстан Республикасы Минситрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң инвесторлардың арзаларына тийкарланып мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыў ҳаққындағы усынысларын тезлик пенен, зәрүрликке бола меншиклестириў бағдарламаларына киргизбестен олар бойынша индивидуал қарарларды қабыл етиў арқалы көрип шығылыўын тәмийинлесин.
- «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында жер участкаларына болған ҳуқықларды сатыўдан түскен ақша қаржылары ҳәм услап қалынған зәкалат суммасы, аукцион шөлкемлестириў хызметлериниң төлеми ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықлары сатыўдан түскен ақша қаржылары ҳәм услап қалынған зәкалат суммасы, аукцион шөлкемлестириў хызметлериниң төлеми ҳәм жер участкаларын таңлаў материалларын таярлаў қунын шегирип таслаған ҳалда, Қарақлпақстан Республикасы ҳәм тийисли жергиликли бюджетлердиң арнаўлы ғазна есап бетлерине олардың қосымша дәреклери сыпатында өткерилетуғыны ҳәм бул ақша қаржылары тек ғана социаллық тараўды ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға, сондай-ақ, мәмлекетлик ямаса жәмийетлик талаплар ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнсибети менен юридикалық ҳәм физикалық шахсларға жеткерилген зыянның орнын қаплаўға жиберилетуғыны;
нызамшылықта нәзерде тутылған тийкарлар менен бир қатарда, егер де арзаларды қабыл етиў мүддетиниң жуўмағына шекем тек бир арза келип түскен болса, «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерине ҳәм жер учаскаларына болған ҳуқықты сатыў бойынша аукцион болып өтпеген деп тән алынатуғыны;
киши санаат зонасы аймағында өндирислик майданшаларды узақ мүддетли иажараға бериў шәртнамасы, дирекция жумысын қаржыландырыў дәреклерине мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў орайларына тийисли болған ижара төлеминиң қаржыларын жибериў арқалы, киши санаат зонасының дирекциясы ҳәм таңлаў жеңимпазы арасында дүзилетуғыны белгиленсин.
- Қарақлпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бир ай мүддетте аймақлық архитектура ҳәм қала қурылысы кеңеслери менен келискен ҳалда, ҳәр бир елатлы пункт кесиминде (бас реже жоқ болғанда) 2018-2019-жыллары исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын берилетуғын жер участкаларын жайластырыў схемаларын тастыйықлап алсын ҳәм оны кейин ала тийисли бас режелерде көрсетиў ушын Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигине усынсын.
- Экономика министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институты, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң инвестицияларды тартыў, экономика ҳәм исбилерменликти, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын раўажландырыў ушын жуўапкер болған орынбасарлары менен биргеликте 2018-жыл 15-декабрьге шекем өндирис қуўатлықларын тийкарғы жайластырыў ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда пайдаланыў ушын, бар минерал-шийки зат, жер, суў, аўыл хожалығы ресурслары, өндирис ҳәм экспорт потенциалы, аймақлардың экологиялық ҳәм басқа да шараятларын инабатқа алған ҳалда, ҳәр бир районның тармақ қәнигелесиўин белгилесин.
- Қарақлпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлерине тийисли бюджетлер дәраматлары прогнозының арттырылып орынланыў суммаларын төмендеги мақсетлерде пайдаланыўға рухсат етилсин:
а) жол бойы ҳәм туристлик инфраструктура объектлерин, соның ишинде, мийманханалардың жаңа үлгидеги жойбарларын ислеп шығыў;
б) Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасын жыллық еки процентке азайтылғанына тең процент ставкасында коммерциялық банклерге ресурслар ажыратыў арқалы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын төмендеги бағдарларда кредит линияларын ашыў:
мийманлар ҳәм туристлик инфраструктураның басқа да объектлерин қурыў;
таяр өним ҳәм комплектлеўши буйымлар ислеп шығарыўдың, сондай-ақ, хызмет (жумыс) түрлериниң жаңа қуўатлықларын шөлкемлестириў;
өним ислеп шығарыўды ҳәм хызметлер көрсетиўди жолға қойыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде инженерлик-коммуникация, жол-транспорт ҳәм социаллық инфраструктура объектлерин, басқа да тийкарғы қорларды қурыў, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети коммерциялық банклер менен биргеликте еки ай мүддетте халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел қаржы шөлкемлери менен сөйлесиўлер алып барсын ҳәм туризм тараўындағы жойбарларды, тийкарғы түрде мийманханалар қурыўды қаржыландырыў бойынша жеңиллетилген кредит линияларын ашыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы мәжбүрий орынлаў бюросы (Б.Қудратхўжаев):
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында сатылып атырған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкалары ҳаққындағы мағлыўматларды исбилерменлер ҳәм халық арасында кеңнен жарытып барсын;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Давергеодезкадастр» комитети ҳәм басқа да министрликлер және уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасын, оның турақлы ҳәм сапалы қолланылыўын ҳәм пайдаланыўшыларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде жетилистириў ҳәм бизнес процесслерин альтернативлестириў илажларын көрсин.
- «Давергеодезкадастр» комитети (А.Абдуллаев) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Содиқов), Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы (Б.Қудратхўжаев) ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте:
бир ай мүддетте орынларда анықланған кемшиликлерди инабатқа алған ҳалда (бос жер майданларын альтернатив мақсетти белгилеўде, сүўретлерди ҳәм басқа да мағлыўматларды жүклеўде, географиялық координаталарын анықлаўда ҳәм басқалар) «YER ELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасын жетилистириў ҳәм имканиятларының кеңейтилиўин тәмийинлесин;
тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да уйымлардың хызметкерлерин «YER ELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасында сапалы ислеў көнликпелерин арттырыўға қаратылған қолланбаларды ислеп шығыў арқалы оқытыўды шөлкемлестирсин;
бир ай мүддетте жер участкасына болған ҳуқықты сатыўда белгиленген инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелердиң аукцион жеңимпазы тәрепинен орынланыў жағдайының мониторингин әмелге асырыў, сондай-ақ, орынланған инвестциялық ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм район (қала) ҳәкимлерине төмендегилер ушын жуўапкершилик жүкленсин:
өзлериниң жумысында инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратқан ҳалда жәриялылық ҳәм әдиллик принциплерине әмел етип және халықтың мәплерин есапқа алған ҳалда өзлерине жүкленген ўазыйпа, функция ҳәм ҳуқықларды нәтийжели және сапалы әмелге асырыў, исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын шешиў;
усы Пәрманның әмелге асырылыўында орынлардағы жергиликли атқарыў уйымларының жумысын нәтийжели муўапықластырыў;
эксперимент шеңберинде жойбардың әмелге асырылыўында жүзеге келетуғын мәмлекетлик миннетлемелерди қаржыландырыў дәреклерин тәмийинлеў;
мәдений мийрас объектлерин сақлаў ҳәм қоршаған орталықтың қолайлы экологиялық жағдайын тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў;
социаллық тармақларда жайластырылған ҳәм ҳәр қыйлы нызамды бузыўға байланыслы болған мүрәжатлар менен шағымларға тез жуўап бериў.
- Төмендегилер:
Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық уйымларының басшылары – жумыс алып бармай атырған ямаса қурылысы тамаланбаған мәмлекетлик объектлерди пуқта хатлаўдан өткериў, оларды аукцион арқалы сатыў ушын зәрүр қәрежетлерди таярлаў, исбилерменлик субъектлерине сатылған объектлерди өз ўақтында рәсмийлестириў;
«Давергеодезкадастр» комитети ҳәм оның аймақлық уйымларының басшылары – пайдаланылмай атырған жерлерди пуқта хатлаўдан өткериў, оларды аукцион арқалы сатыў ушын ҳүжжетлерди таярлаў, «YER ELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасының үзликсиз ҳәм дурыс ислеўи, сондай-ақ, топырақ бонитировкасы жумысларының исенимлилигин, толықлығын ҳәм сапалылығын тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, ўәлаятлық қурылыс бас басқармалары, қурылыс тараўында қадағалаў бойынша аймақлық инспекциялардың басшылары – исбилерменлик жумысын әмелге асырыыў ушын берилетуғын жер участкаларының жайласыў схемасын ҳәм басқа қала қурылысы ҳүжжетлерин аймақтың өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда сапалы таярлаў, исбилерменлик субъектлериниң қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына әмел етиў, қурылыс-монтажлаў жумысларының сапасын тәмийинлеў;
Мәжбүрий орынлаў бюросы жанындағы «Электрон онлайн аукционларды шөлкемилестириў орайы» МУК басшылары – электрон саўда системасының үзликсиз ҳәм дурыс ислеўи, мәмлекетлик мүлк объектлерине ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды саўдаға шығарыў;
аймақлық таңлаў комиссиялары ҳәм меншиклестириў бойынша комиссиялардың басшылары, сондай-ақ, олардың ағзалары – өзлери ўәкиллик етип атырған мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен шөлкемлери жуўапкерлигине байланыслы функциялардың толық ҳәм сапалы орынланыўы, сондай-ақ, тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери басшылығында инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелердиң муғдары менен түрлерин белгилеўде жеке жуўапкершилиги белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы исбилерменлик субъектлерине электрон санлы имза алыныўын ҳәм усы Пәрманға муўапық өткерилетуғын саўдаларға олардың белсене қатнасыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерслер менен қосымшалар киргизилсин.
- Эксперимент 2019-жылдың 1-апрелине шекем өткерилетуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик бәсеки комитети, «Давергеодезкадастр» комитети 2019-жылдың 1-апрельине шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине эксперимент өткериў нәтийжелери бойынша улыўмаластырылған мағлыўматларды нызамшылықта өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усыныслар менен биргеликте киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 11-октябрь