Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде заманагөй мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў, электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бир пүтин системасын жаратыў, мәмлекетлик уйымлардың халық пенен пикирлесиўиниң жаңа механизмлерин енгизиў бойынша избе-из жумыс алып барылмақта.
Соның менен бирге, мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын басқарыў ҳәм енгизиў тараўындағы бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бул тараўдың жедел раўажланыўына, сапалы мәлимлеме хызметлерин көрсетиўге тосқынлық етпекте. Атап айтқанда:
бириншиден, телекоммуникация инфраструктурасы жеткиликли раўажланбаған, елимиздиң алыс елатлы пунктлери телекоммуникация тармақлары менен тәмийинленбей қалмақта, мобиль байланыс ҳәм Интернет тармағының сапасы халықтың талапларын қанаатландырмай атыр;
екиншиден, мәмлекетлик басқарыў системасына мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын енгизиўде бирден-бир технологиялық көзқарастың нәтийжели әмелге асырылмағаны себепли ведомстволық мәлимлеме системалары ҳәм ресурслары бөлек-бөлек енгизилмекте, соның ақыбетинде оларды бирден-бир мәлимлеме мәканына интеграциялаў процеси қыйынласпақта;
үшиншиден, электрон коммерцияда интеграцияласқан саўда ҳәм маркетинг платформаларын, интернет-дүканларды, төлем системаларын, сондай-ақ, логистика системаларын енгизиўге жеткиликли итибар қаратылмай атыр, бул экономика ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўының, шет ел инвестицияларының тартылыўы тоқтап қалыўының себеплеринен бири болмақта;
төртиншиден, мәмлекетлик мәлимлеме системаларында ҳәм ресурсларында мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм мәлимлемени қорғаўды тәмийинлеў жумысларының төмен дәрежеде шөлкемлестирилгени мәлимлемеден руқсатсыз пайдалана алыў, мағлыўматлар базаларының пүтинлигин ҳәм сырын бузыў имканиятын арттырмақта;
бесиншиден, көплеген мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң басшылары тәрепинен халыққа көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын ҳәм жеделлигин арттырыў, бюрократлық тәртип-қағыйдаларға шек қойыў, қағаз ҳүжжет айланысын азайтыўға қаратылған мәлимлемелестириў және заманагөй мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын енгизиў жойбарларын әмелге асырыў мәселелерине жеткиликли итибар берилмей атыр;
алтыншыдан, почта байланыс хызметлери ҳәм логистика системасын модернизациялаў, почта байланысы миллий операторы жумысының сапа жағынан жаңа усылларын енгизиўге ҳәм базарда оның жумысының абыройын арттырыўға байланыслы тәсиршең илажлар көрилмей атыр;
жетиншиден, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың әмелдеги системасы 85-технологиялар раўажланыўының жедел пәтлерин есапқа алмай атыр, сондай-ақ, билим бериўдиң алдынғы усылларын енгизиў ушын шет еллердиң жетекши билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели сөйлесиўди шөлкемлестириў имканиятын бермей атыр;
сегизиншиден, электрон ҳүкимет, электрон коммерция, электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасы, олардың ашық-айдынлығы, сондай-ақ, телекоммуникация инфраструктурасының раўажланыўында бираз илгерилеп кеткен еллердиң тәжирийбесин терең үйрениў ҳәм енгизиў бойынша системалы жумыслар алып барылмай атыр.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў, электрон мәмлекетлик хызметлер ҳәм телекоммуникация хызметлери спектрин кеңейтиў, телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (кейинги орынларда Министрлик деп жүргизиледи) ҳәм Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң:
Республикалық мәлимлеме-китапхана орайын, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәлимлеме-китапхана орайларын Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы қарамағына өткериў;
«Ғалаба коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайы» мәмлекетлик мәкемесин Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги структурасына бериў;
«Матбуот тарқатувчи» АКны белгиленген тәртипте «Өзбекстан почтасы» АЖға қосыў мәселесин «Матбуот тарқатувчи» АК ҳәм «Өзбекстан почтасы» АЖ акционерлериниң улыўма мәжилислеринде қойыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Министрлик еки ҳәпте мүддетте өткерилип атырған шөлкемлердиң штат бирликлери ҳәм имаратлары, сондай-ақ, оларға тийисли болған товар-материаллық байлықлар, соның ишинде ақша қаржыларының Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигине берилиўин тәмийинлесин.
- Төмендегилер министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумысының әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў ҳәм пайдаланыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў және қатнасықларды тәртипке салыў, электрон ҳүкиметти енгизиў, мәлимлеме жәмийиетин ҳәм санлы экономиканы қәлиплестириў жумысын муўапықластырыў;
«соңғы миля» принципи бойынша Интернет тармағынан кең полосалы пайдаланыўды кеңейтиў, мультисервисли байланыс тармақлары технологиялары, мобиль байланыс базары, басқа да заманагөй телекоммуникация хызметлери, сондай-ақ, логистика ҳәм почта байланысы хызметлери арқалы телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў;
мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системаларын ҳәм ресурсларын ислеп шығыў және енгизиў, ведомстволараралық өз-ара электрон бирге ислесиўди шөлкемлестириў, бирден-бир электрон реестрлер ҳәм мағлыўматлар базаларын, «бир айна» принципи бойынша электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системаларын қәлиплестириўге бирден-бир технологиялық көзқарас әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономиканың реал секторында инновацияларды енгизиўге көмеклесиў, санлы экономикалық өсимди хошаметлеў, соның ишинде, өндиристе комплексли автоматластырылған басқарыў системаларын енгизиў, электрон коммерцияның раўажланыўы ушын қолай шараятларды жаратыў;
қала ҳәм аймақлық инфраструктураны, соның ишинде, келешекте интеграцияласқан «ақыллы» ҳәм «қәўипсиз» қала бирден-бир комплексине бирлестирилген ҳалда турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў, транспорт логистикасын, қыстаўлы хызметлерди басқарыўдың заманагөй интеллектуаллық системаларын енгизиў ҳәм раўажландырыў;
технопарклердиң ҳәм коворкинг-орайлардың жумысын шөлкемлестириў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында заманагөй бәсекиге шыдамлы ҳәм экспорт ушын мөлшерленген бағдарламалық өнимлер менен хызметлердиң жергиликли өндирисин раўажландырыўды хошаметлеў, шараятлар жаратыў ҳәм инвестицияларды тартыў;
жетекши шет ел компаниялары ҳәм билимлендириў мәкемелериниң ең жақсы әмелияты тийкарында мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында стратегиялық ҳәм жойбарлаў басқармасы, менеджмент, маркетинг бойынша илимий-изертлеўлерди ҳәм қолланбаларды, кадрлар таярлаў, қайта таярлаў және маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў;
кибер қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм тармақлар, бағдарламалық өнимлер, мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларын енгизиўди тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, жеке ҳәм биометрикалық мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм сақлаў бойынша технологиялардың қолланылыўын тәртипке салыўда қатнасыў;
усынылып атырған телекоммуникация ҳәм почта байланысы хызметлериниң жоқары сапасын тәмийинлеў мақсетинде мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўиниң мәмлекетлик қадағалаўын әмелге асырыў;
мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын қолланыў ҳәм раўажландырыў мәселелери бойынша, соның ишинде, техникалық стандартлар, регламентлер енгизилиўин шөлкемлестириў, сондай-ақ, Министрликтиң жумыс тараўына киретуғын басқа да бағдарлар бойынша халықаралық шөлкемлер, шет ел компаниялары, илимий-изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў.
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары қаржыларынан пайдаланыўдың жаңа мәлимлеме системаларын, бағдарламалық өнимлерди, мағлыўматлар базаларын ислеп шығыўға, биринши гезекте, халыққа көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын ҳәм жеделлигин арттырыўға, бюрократлық тәртип-қағыйдаларға шек қойыўға, қағаз ҳүжжет айланысын азайтыўға қаратылған электрон мәмлекетлик хызметлерди енгизиўге үлкен әҳмийет қарататуғыны;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў ушын жуўапкер болған басшылары ҳәм бөлимлериниң хызметкерлери үш жылда бир мәрте сәйкес түрде Министрлик ҳәм оның аймақлық басқармаларында аттестациядан өтетуғыны;
мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў ушын жуўапкер болған атқарыўшы ҳәкимият республикалық уйымлары бөлимлериниң басшылары Министрлик пенен келисе отырып лаўазымға тайынланатуғыны;
мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў ушын жуўапкер болған атқарыўшы ҳәкимияттың аймақлық уйымлары бөлимлериниң басшылары Министрликтиң тийисли аймақлық басқармасы менен келисе отырып, лаўазымға тайынланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Министрлик жанындағы Байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында қадағалаў бойынша инспекция (кейинги орынларда – Инспекция) етип қайта шөлкемлестирилсин.
Инспекция мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында нызамшылық, фонограммалар, аудиовизуал дөретпелер, электрон есаплаў машиналары ушын бағдарламаларды тарқатыўда авторлық ҳуқықларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асыратуғын арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғыны белгиленсин.
2018-жыл 1-апрельден Инспекцияға нызамшылық ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлер, мәмлекетлик стандартлар талаплары және байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында усынылып атырған хызметлер сапасының бузылыў жағдайлары ҳаққындағы мағлыўматларды анықлаў, алыў ҳуқықы берилсин.
- Министрлик, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги еки ай мүддетте «Өзбекстан почтасы» АЖ почта байланыс миллий операторына агент сыпатында банк ҳәм қамсызландырыў хызметлерин көрсетиў, соның ишинде, төлемлерди қабыл етиў ҳәм өткериў, банк карталарына хызмет көрсетиў, халықтың бос ақша қаржыларын тартыў, өз қәлеўи менен ҳәм мәжбүрий қамсызландырыў хызметлери ҳәм аутсорсинг шәртлеринде басқа да хызметлерди көрсетиў ҳуқықларын бериў мәселесин үйренсин және усы бәнттти әмелге асырыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлик Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилер бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
«Өзбекстан почтасы» АЖны, соның ишинде шет ел мәсләҳәтшилерин тартқан ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда реформалаў;
почта байланысы операторларының ҳәм курьерлериниң тармағын раўажландырыў, шет елде халықаралық почта жөнелтпелериниң алмасыў пунтклерин шөлкемлестириў.
- а) 2018-жыл 1-июньнен:
исбилерменлик субъектлери товарлар, жумыслар (хызметлер) экспорт етилгенлиги ушын экспорт шәртнамасын дүзбей ҳәм банк комиссиясы өндирилмей, Интернет тармағындағы электрон саўда майданшалары арқалы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын дизим бойынша айырым товарлардан тысқары, товарлар, жумыслар (хызметлер) экспортын әмелге асырыў ҳуқықына ийе екени;
исбилерменлик субъектлери тәрепинен электрон коммерциядан пайдаланыў арқалы сатылатуғын товарлар айланысы олардың көлемине қарамастан, усақлап сатыў саўдасы есапланатуғыны;
б) мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында халықаралық консалтинг компанияларын ҳәм экспертлерин тартыў, өзиниң 85–инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, министрлик хызметкерлерин материаллық хошаметлеў Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
в) Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан министрлик хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў шәртлери Министрлик коллегиясы тәрепинен анықланатуғыны;
г) мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да бюджет шөлкемлериниң заманагөй мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын енгизиўге ҳәм раўажландырыўға жуўапкер болған хызметкерлерине берилетуғын ҳәр айдағы үстеме муғдары хызметкердиң лаўазымлық айлығынан 100 проценттен аз болмаған муғдарда белгиленетуғыны;
д) мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да бюджет шөлкемлериниң мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыўға жуўапкер болған бөлимше басшылары ҳәр жылдың жуўмақлары бойынша Министрликтиң қарары тийкарында мәлимлеме системаларын, электрон мәмлекетлик хызметлерди ҳәм мәлимлемелестириўди енгизиў режелери менен бағдарламаларының өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланғаны ушын, Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан ең кем мийнет ҳақының 100 есесине шекемги муғдарда сыйлықланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2018-жыл 1-августқа шекемги мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2018-2020-жылларға мөлшерленген аймақларда мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў бағдарламаларын ҳәм әҳмийетли жойбарлардың мәнзилли дизимин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
телекоммуникация инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, халықтың сапалы мобиль байланыс, Интернет тармағынан кең көлемде пайдаланыўын тәмийинлеў;
денсаўлықты сақлаў, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў, коммуналлық хызмет көрсетиў, туризм тараўында заманагөй мәлимлеме системаларын, бағдарламалық өнимлерди ҳәм мағлыўматлар базаларын енгизиў, сондай-ақ, «ақыллы» ҳәм «қәўипсиз» қалалар және аймақларды шөлкемлестириў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, экспортқа қолайлы бағдарламалық өнимлер ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў;
орынларда, әсиресе, алыс жерлерде электрон мәмлекетлик хызметлерди усыныў системасын буннан былай да кеңейтиў.
Бағдарламаларды ҳәм жойбарлардың мәнзилли дизимин қаржыландырыў Қордың қаржылары есабынан, тийисли аймақлық мобиль байланыс хызметлерин көрсететуғын юридикалық шахслар тәрепинен төленетуғын абонент номерлеринен пайдаланғаны ушын келип түсетуғын сумманың 5 процентине шекем болған муғдарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Усы Пәрманның 8-бәнтинде нәзерде тутылған бағдарламалардың әмелге асырылыўын системалы мониторинг етиў ҳәм ведомстволараралық муўапықластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери басшылығында мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў бойынша аймақлық кеңеслер шөлкемлестирилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Министрлик пенен биргеликте бир ай мүддетте:
бағдарламалар қабыл етилгеннен кейин аймақлық кеңеслердиң қурамларын тастыйықласын, сондай-ақ, бағдарламалардың орынланыўы ҳәр айда көрип шығылыўын тәмийинлесин;
«Компьютерлестириў орайы» МУК ты «Электрон ҳәкимият» мәлимлеме системасын жаратыў ҳәм енгизиўди тийкарғы ўазыйпа деп белгилеген ҳалда «Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы» МУКқа айландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларын көрсин.
- Министрлик және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетинде, соның ишинде, оның филиаллларында 2018/2019 оқыў жылынан баслап мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўында кадрлар таярлаў бойынша оқытыўдың кредит системасын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетине:
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисе отырып, оқыў процесиниң мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў пәтлери менен үзликсиз байланысын тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда еркин түрде оқыў режелер ҳәм бағдарламалар, питкериўшилер ушын маманлық талапларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
профессор-оқытыўшылар қурамының мийнетин оқытыўдың кредит системасы шәртлеринен келип шығып тек ғана билимлендириўге тийисли илажлар тийкарында жумыс ўақты есапқа алыныўына тийкарланған ҳалда еркин нормалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, педагогикалық хызметкерлер тәрепинен илимий-методикалық, илимий-изертлеў, шөлкемлестириў-методикалық, руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың орынланыўын хошаметлеў ҳуқықы берилсин.
Министрлик Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте кредит системасы бойынша оқытыў тәртибин белгилейтуғын Ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Министрлик ҳәм Инспекцияның жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарларының жойбарларын киргизсин;
бир ай мүддетте Министрлик ҳәм Инспекция ҳаққындағы жаңаланған режелерди тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 4-февральдағы «Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-4702-санлы Пәрманының 2-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2018-жыл 19-февраль