Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Республикада мәденият ҳәм туризм тараўын жедел раўажландырыў бойынша нәтийжели жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң туризм хызметлерин диверсификациялаў, әсиресе, жергиликли ҳәм сырт ел туристлери ушын экоаймақлар, таў ҳәм шөл аймақлары ҳәм суў объектлериниң суўды қорғаў зоналарының имканиятларынан және де кеңирек пайдаланған ҳалда экотуризмди раўажландырыў жумысларын әмелге асырыў зәрүр.

Қалаберди, мәденият тараўында миллий мәдениятты және де раўажландырыў, талантлы жас дөретиўшилерди излеп табыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, өзбек классикалық ҳәм фольклор көркем өнериниң бийбаҳа үлгилери менен дәстүрлерин және де раўажландырыўды системалы жолға қойыў ушын барлық шараятларды жаратыў керек.

Бул ўазыйпаларды оператив ҳәм жаңа қатнас тийкарында сапалы шөлкемлестириў сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы «Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

а) Мәденият ҳәм туризм министрлиги тийкарында:

Мәденият министрлиги;

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанында Туризм комитети;

б) Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң аймақлық бөлимлери тийкарында:

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәденият басқармалары, район (қала)лық мәденият бөлимлери;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы туризм басқармалары шөлкемлестирилсин.

  1. Мәденият министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәденият басқармалары, район (қала)лық мәденият бөлимлери сондай-ақ, Туризм комитети ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң бар штат бирликлери есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
  2. Төмендегилер:

Мәденият министрлиги жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;

Мәденият министрлиги системасындағы мәкемелерди қайтадан шөлкемлестириў ҳәм қайта атаў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

Мәденият министрлиги системасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған мәкемелер дизими 3-қосымшаға муўапық;

Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 4-қосымшаға муўапық;

Кинематография агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 5-қосымшаға муўапық;

Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында реформаларды тереңлестириў ҳәм система жумысын трансформациялаў бойынша «жол картасы» 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында билимлендириўди системалы реформалаў, миллий музыка ҳәм театр көркем өнери, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм атқарыўшылық шеберлигиниң жаңа системасын енгизиў мақсетинде төмендеги илажлар белгиленсин:

а) миллий музыка көркем өнери кластери жаратылып, тараўда жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў сондай-ақ, маманлығын арттырыў системалы жолға қойылады. Онда:

миллий музыка көркем өнери бағдарында билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў жумыслары жетилистирилип, атқарыўшылық шеберлиги мектеплериниң бир пүтин системасы енгизиледи;

композиторлар, ҳофиз ҳәм сәзенделер, бақсышылық көркем өнери ўәкиллериниң бийбаҳа шығармалары ноталастырылады;

билимлендириў процесиниң үзликсизлиги ҳәм избе-излиги тәмийинленип, теориялық ҳәм әмелий билимлерди интеграциялаў арқалы мақам, бақсы ҳәм дәстан атқарыўшылығы бағдарларында талантлы жаслар селекциясы әмелге асырылады;

б) мәмлекетлик музыкалы, драма ҳәм қуўыршақ театрларында бирден-бир репертуар стратегиясы тийкарында идеялық, руўхый ҳәм көркемлик жақтан пуқта жаратылған сахна шығармаларын көрсетиў, театр ҳәм цирк көркем өнери шеберлери тәрепинен «устаз-шәкирт» дәстүрлери ҳәм шеберлик мектеплери тийкарында билим бериў системасы жолға қойылады;

в) материаллық емес мәдений мийрасты ҳәр тәреплеме қорғаў, кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда оның үлгилерин анықлаў, материаллық емес мәдений мийрас бойынша халықаралық дизимлер ҳәм реестрлерге киргизиў, санластырыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм сақлаў бойынша жаңа басламалар ҳәм жойбарлар әмелге асырылады ҳәм усы жумыс пенен шуғылланыўшы мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысы қоллап-қуўатланады.

  1. 2023-жыл 1-сентябрьден баслап, халықтың мәдений турмысын және де мазмунлы шөлкемлестириў, әсиресе, жасларды мәденият ҳәм көркем өнерге тартыў ушын мәденият орайларында:

басқышпа-басқыш заманагөй үскенеленген китапханалар ҳәм кинотеатрлар шөлкемлестириледи;

музыка-сәз асбаплары ҳәм қосық атқарыўшылығы бойынша төлемли арнаўлы курсларда оқытыў системасы енгизиледи;

б) 2024-2026-жыллары халықаралық фестивальлар, форумлар ҳәм республика дәрежесиндеги мәдений-ғалабалық илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў жумыслары басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткериледи.

  1. Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәлимлеме технологияларын раўажландырыў ҳәм басқарыўды санластырыў арқалы хызмет көрсетиў процесслерин әпиўайыластырыўға қаратылған төмендегилерди нәзерде тутыўшы «ERP madaniyat» бирден-бир басқарыў системасы енгизилcин:

мәденият орайлары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеплери сондай-ақ, мектеп-интернатлар, техникумлар жумысында басқарыў ҳәм шөлкемлестириў процесслерин санластырыў бойынша мәлимлеме системалары ислеп шығылады, арза тапсырыў ҳәм питкергени ҳаққындағы гүўалықларды алыў бойынша мәмлекетлик хызметлер Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары мәлимлеме системалары менен интеграцияланады;

мәденият орайлары ҳәм көзи әззилер ушын әдебиятларды буйыртпа тийкарында жеткериўге мөлшерленген мәлимлеме системалары, халыққа аудиовизуал шығармаларды бериўге мөлшерленген арнаўлы видео платформа ҳәм жасларға миллий музыка саз-әсбаплары ҳаққында дәслепки тәлимди бериўге мөлшерленген «Cholg‘u.uz» мобиль қосымшасы ислеп шығылады;

Мәденият министрлиги системасындағы шөлкемлерде түсимлерди онлайн мониторинг етиўге мөлшерленген мәлимлеме системасы ислеп шығылады ҳәм «UzASBO» автоматластырылған программалық комплекси менен интеграцияланады.

  1. «Өзбектеатр» ҳәм «Мәденият билимлендириў орайы» мәмлекетлик мәкемелериниң штат бирликлери 7 ҳәм 8-қосымшаларда келтирилген шөлкемлердиң улыўмалық штат бирликлерин оптималластырыў есабынан қәлиплестириледи ҳәм оларды сақлаўға байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджеттен Мәденият министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылады.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 9-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

Мәденият министрлиги ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги мәпдар министрликлер, уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият министри сондай-ақ, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ