Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекистан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5326-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларды турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли факторларынан бири сыпатында ишки туризмди жедел раўажландырыў, пуқараларды елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасы ҳәм тәбийғый байлықлары менен таныстырыў мақсетинде:
- «Өзбекистан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша әмелий илажлардың режеси (кейинги орынларда – Әмелий илажлар режеси) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекистан Жаслар аўқамы, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм Өзбекистан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры:
а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
бир ай мүддетте туризм инфраструктурасының бәнтлигин есапқа алған ҳалда аймақлар және тартылған шөлкемлер көлеминде турлар ҳәм экскурсияларды шөлкемлестириў кестелерин тастыйықласын;
жасларды туризм тараўындағы исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў бойынша мәлимлеме-үгит-нәсиятлаў илажларының турақлы өткерилиўин тәмийинлесин;
туристлер ағымының мәўсимлилигин және аймақлардың туризм инфраструктурасы толық тартылыўын есапқа алып, соның ишинде, туризм хызмети субъектлерин тартқан ҳалда Әмелий илажлар режесиниң нәтийжели әмелге асырылыўы ушын зәрүр илажлар көрсин;
б) Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги менен биргеликте «Өзбекистан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын (кейинги орынларда – Бағдарлама) әмелге асырыў шеңберинде ғалаба хабар қуралларында және Интернет тармағында, соның ишинде Республиканың барлық қалаларында «Өзбекистан бойлап саяхат ет!» сүрени астында сыртқы реклама қуралларын (шит-баннерлер және сыртқы экранлар ушын роликлер) таярлаў ҳәм орнатыў жолы менен ишки туризмди кеңнен үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен жайластырылатуғын сыртқы реклама социаллық рекламаға теңлестириледи.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисе отырып, 2018-2020-жылларда республиканың ҳәр бир аймағында кеминде 100 орын есапқа алынып орайлық көшелерде халық көп орынларда және трассаларда жайласқан шитлерде, экранларда ишки туризмге байланыслы сыртқы реклама бийғәрез орнатылыўын тәмийинлесин.
- Бағдарлама шеңберинде Өзбекистан Республикасы пуқараларына туристлик-экскурсия турлары ушын төлемлерге байланыслы қәрежетлер:
билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ушын – өз қаржылары ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының қаржылары есабынан;
шөлкемлердиң хызметкерлери ушын – өз қаржылары, жумыс бериўшиниң қаржылары (бюджет шөлкемлери ушын – шөлкемлердиң бюджеттен тыс қаржылары) ҳәм жәмийетлик шәртнамаларға муўапық басқа да қаржылардың есабынан;
жетим балалар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, майыплығы болған шахслар ушын олардың улыўма санының кеминде 20 проценти қамтып алыныўы тәмийинленген ҳалда – қайырқомлық қаржыларының, сондай-ақ, ҳәр жылы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет көрсеткишлеринде нәзерде тутылған қаржылардың есабынан;
пенсионерлер және урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын – өз қаржылары, Өзбекистан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының қаржылары ҳәм қайырқомлық қаржыларының есабынан;
белсенди ҳаял-қызлар ушын – өз қаржылары, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң қаржылары, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының қаржылары ҳәм қайырқомлық қаржыларының есабынан;
мәҳәлле белсендилери ҳәм жас шаңарақлар ушын – өз қаржылары, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының қаржылары есабынан теңлик тийкарында қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
Бул Бағдарламада қатнасыў ықтиярлы екени белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына:
жәмәәтлик шәртнамаларға хошаметлеў илажы сыпатында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң бюджеттен тыс қаржылары есабынан өз хызметкерлериниң кеминде 10 процентин шаңарақ ағзалары менен биргеликте ҳәр жылы дем алыўға (ишки туризмге) жибериўди нәзерде тутатуғын хызметкерлердиң жәмәәтлик ҳәм шаңарақлық дем алыўын шөлкемлестириў нормасын киргизиў;
хызметкерлерге мийнет нызамшылығына муўапық олар ушын қолай болған ўақытта саяхат етиў ҳәм дем алыў ушын дем алыстың пайдаланылмай қалған бөлеги есабынан дем алыс күнлери (отгул) бериў:
Бағдарлама илажларын әмелге асырыў шеңберинде ҳәр жылы 30-декабрьге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң хызметкерлери ушын туристлик-саяхат турларын шөлкемлестириў кестелерин тастыйықлаў усыныс етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерге топарлы саяхатлар шөлкемлестириў ушын жергиликли туроператорлар менен өз-ара бирге ислесиў, сондай-ақ, мийманхана ҳәм транспорт шөлкемлерине уйымластырылған турлар, соның ишинде, жасаў ҳәм келип-кетиў (ушып барыў) ушын жеңилликлер бериў бойынша усыныслар жибериўде жәрдем көрсетсин.
- 2018-жыл 10-февральдан баслап 3 жыл мүддетке төмендеги тәртип енгизилсин, оған бола:
жумыс бериўшиниң туризм тараўында хызмет көсетиў бойынша лицензияға ийе болған субъектлерден хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын республика бойлап туристлик жолламаларды сатып алыў қәрежетлери хызметкердиң дәраматы сыпатында көрип шығылмайды және юридикалық шахстан алынатуғын пайда салығын есаплап шығыўда шегирилип қалыныўы лазым;
физикалық шахслардың салыққа тартылатуғын дәраматлары Өзбекистан Республикасы бойлап туристлик жолламаларды туризм тараўында хызмет көрсетиў бойынша лицензияға ийе болған субъектлерден сатып алыўға қаратылған қәрежетлер суммасына азайтылады. Онда туристлик жоллама (алмастырылатуғын ваучер), авиа ҳәм темир жол билетлери, автотранспорт шөлкемлериниң есап-фактуралары (билетлери) ҳәм орналастырыў қуралларының чеклери тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болып есапланады.
туризм тараўында хызмет көрсететуғын субъектлердиң салық салынатуғын базасы Өзбекистан туризм бренди ҳәм «Uzbekistan.travel» сайты рекламасы болған баспа өнимлерин (карталар, брошюралар, буклетлер, флайерлер ҳәм басқалар), сувенир ҳәм қадақлаў өнимлерин (сумкалар, пакетлер, мектеп дәптерлери, жарлықлар, шехоллар, кийим-кеншеклердеги ҳәм асхана әнжамларындағы жазыўлар) таярлаў ҳәм басып шығарыўға қаратылатуғын қәрежетлер суммасына азайтылады.
9. Коммерциялық банклерге Өзбекистан Республикасы пуқараларына туризм тараўында хызмет көрсетиў бойынша лицензияға ийе болған субъектлерден Өзбекистан Республикасы бойлап саяхатшылық турларын сатып алыў ушын 10 миллион сумға шекем тутыныў кредитлерин ажыратыў ҳәм кредитти мийнет ҳақы есабынан қаплаў имканиятын бериў усыныс етилсин.
10.Туризм объектлери (архитектуралық естеликлер ҳәм басқалар) және инфраструктурасы (мийманханалар ҳәм басқа да орналастырыў қураллары, туристлик бағдарлар ҳәм басқалар) жайласқан орынлардың көрсетпе-белгилери менен көрсеткишлерин өз ишине алған тематикалық туристлик карталардың тиражын көбейтиў ҳәм оларды тарқатыўға картография жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия (руқсатнама) алыныўы талап етилмейтуғыны;
туристлерге хызмет көрсететуғын шөлкемлер (мәмлекетлик музейлер, галереялар, мәдений мийрас объектлери ҳәм қорықланатуғын тәбийғый аймақлар ҳәкимшиликлери ҳәм басқалар) өзиниң жумысынан түсетуғын түсимлердиң кеминде 5 процентин өз жумысы және усынып атырған туризм хызметлери баян етилген реклама-тарқатыў материалларын өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде таярлаў және тиражын көбейтиў ушын мәжбүрий тәртипте қарататуғыны, онда бул мақсетлерге қаратылған қәрежетлер суммасы усы шөлкемлердиң салыққа тартылатуғын базасынан шығарып тасланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисе отырып, туризмди раўажландырыў ушын жоқары потенциалға ийе район ҳәм қалаларда жайласқан және тийкарынан инженерлик коммуникациялары менен тәмийинленген пайдаланылмай атырған жер участкаларын 2-қосымшаға муўапық дизим бойынша үш ай мүддетте хатлаўдан өткерсин ҳәм кейин ала Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң жуўмағына тийкарланып ҳәр бир аймақта улыўма майданы кеминде 20 гектар болған 20 жер участкасы есабынан келип шығып, туризм тараўындағы жойбарларды (мийманханалар, мийманхана үйлери, кемпинглер, мотеллер ҳәм басқа да орналастырыў қураллары, тематикалық қыябанлар, музейлер, галереялар ҳәм басқа да объектлер қурыў) әмелге асырыў мақсетинде исбилерменлик субъектлери және потенциал инвесторларға бериў ушын ажыратсын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен таңлап алынған пайдаланылмай атырған жер участкаларында 2018-2022-жылларда туризм инфраструктурасын шөлкемлестириў шеңбериндеги қәрежетлер:
жаңа жойбарлар (маркетлер)дың дизайн-эскизлерин ислеп шығыў ушын – бюджеттен тыс Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары;
инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўға руқсат беретуғын ҳүжжетлерди алыў ушын тийисли районлар (қалалар) жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте туристлик жыйымлар, мийманхана хызметлерин сертификатлаў және орналастырыў қуралларының жуўапкершилик қағыйдаларын сақлап қалған ҳалда, келиўшилерди дизимге алыў бойынша арнаўлы электрон автоматластырылған бағдарламада орналастырыў қураллары арқалы меншик үйлерге (шаңарақларға) мийманларды ўақтынша дизимнен өткериў тәртибин енгизсин;
туризмди категориясына байланыслы мийманханалар ҳәм қонақ үйлериниң үлги жойбарларын, соның ишинде, шет елли жойбарлаў шөлкемлеринен бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры қаржыларының есабынан сатып алсын ҳәм кейин ала бул жойбарларды туризм инфраструктурасы объектлерин қурыў басламасын көрсеткен исбилерменлик субъектлерине бийғәрез усынсын. Онда үлги жойбарларды белгили бир аймаққа бириктириў Өзбекистан Республикасы Архитектура ҳәм қурылыс бойынша мәмлекетлик комитетиниң аймақлық бөлимлери тәрепинен бийғәрез тийкарда тәмийинленеди.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў ҳәм туризм инфраструктурасын жетилистириў мақсетинде аймақларда киши туризм зоналарын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Киши санаат зоналары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери қағыйдалары киши туризм зоналарына да енгизилетуғыны белгиленсин.
Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-жылдың 1-июлине шекем исбилерменлик субъектлерине жер участкаларын ажыратыўдың жеңиллетилген механизмин енгизе отырып, аймақларда киши туризм зоналарын жаратыў бойынша усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте төмендеги суммалар ушын салық салынатуғын базаны азайтыў тәртибин бир ай мүддете тастыйықласын:
100 миллион сумға шекем – хожалық жүргизиўши субъектлердиң 2020-жылдың 1-январына шекем санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳәм гигиеналық нормативлерге муўапық келетуғын заманагөй санитариялық-гигиеналық тармақларын қайта тиклеўге, капитал оңлаўға ҳәм қурыўға қаратылған қәрежетлери;
12 миллион сумға шекем – ҳәр жылы 2025-жылдың 1-январына шекем хожалық жүргизиўши субъектлердиң санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳәм гигиеналық нормативлерге муўапық келетуғын санитариялық-гигиеналық тармақларын (сипсекешлердиң мийнет ҳақысы, гигиеналық, тазалаў ҳәм жуўыў қуралларын сатып алыў, коммуналлық қәрежетлерди төлеў), туризм инфраструктурасы объектлерин, (тарийхый ҳәм архитектуралық естеликлер, музейлер, театрлар, мәденият үйлери, улыўма аўқатланў пунктлери, хызмет көрсетиў объектлери, автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшалары, автомобильлер ушын ўақтынша турыў орынлары, жол бойы инфраструктурасының сервис хызметлер көрсетилетуғын аймақлары, базарлар, жаймалар, дүканлар ҳәм адамлар көп болатуғын басқа да орынларды) сақлаўға қаратылған қәрежетлери.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң шешимлери тийкарында заманагөй санитариялық-гигиеналық тармақларды жаратыў жойбарларын әмелге асыратуғын исбилерменлик субъектлерине ҳәм потенциал инвесторларға қалалар ҳәм районлардың тийисли бөлеклеринде реклама ҳәм ықшам саўда орайлары ушын орынлар усынсын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар тәрепинен әмелий илажлар режесиниң орынланыўы үстинен турақлы мониторингтиҢ
мониторинг нәтийжелери бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы «2018-201o-жылларда туризм тараўын раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3217-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңеске режелестирилген илажлардың белгиленген мүддетлерде сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли қарарларды қабыл етиў ушын ҳәр шеректе усыныслар киргизилиўин тәмийинлесин.
- Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (А.Арипов):
усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен турақлы ҳәм системалы қадағалаў шөлкемлестирилиўин;
министрликлер, ведомстволар ҳәм басқа да шөлкемлер – жуўапкер атқарыўшылардың әмелий илажлар режесин сөзсиз әмелге асырыў бойынша олар тәрепинен көрилип атырған әмелий илажлар ҳаққындағы есаплары ҳәр шеректе тыңлап барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-сентябрьдеги «Ташкент қаласында «Эски шаҳар» туризм зонасын қурыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3260-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
19. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуратовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 7-февраль