Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Хийўа қаласы 2024-жылы «Ислам дүньясының туризм пайтахты» деп жәрияланғаны мүнәсибети менен ҳәм Хийўа қаласының туристлик потенциалын халықаралық майданда жедел үгит-нәсиятлаў мақсетинде:
- 2022-жыл 27-29-июнь күнлери Баку қаласында (Әзербайжан Республикасы) болып өткен Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер туризм министрлериниң сессиясында Хийўа қаласы 2024-жылы «Ислам дүньясының туризм пайтахты» деп жәрияланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
«Хийўа – 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты» халықаралық илажына (кейинги орынларда – халықаралық илаж) таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – шөлкемлестириў комитети) қурамы 1-қосымшаға муўапық;
«Хийўа – 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты» халықаралық илажына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар режеси (кейинги орынларда – илажлар режеси) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- а) 2024-жыл март айында «Хийўа – 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты» сүрени астында Хийўа қаласында халықаралық илажлардың рәсмий ашылыў мәресими ҳәм май айында Хийўа қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер туризм министрлериниң X88 сессиясы өткерилетуғыны;
б) бул халықаралық илажға Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерден қатнасыўшылар ҳәм экспертлер тартылатуғыны, халықаралық илаж ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилип барылатуғыны;
в) Хийўа қаласының туристлик потенциалын халықаралық майданда жедел үгит-нәсиятлаў мақсетинде 2023-2024-жылларда төмендеги илажлар өткерилетуғыны:
«Taste of Uzbekistan Festival» сүрени астында гастрономиялық фестиваль;
Маҳмуд Палўан естелигине бағышланған «Strongmen» халықаралық баҳадырлар ойын жарысы;
«Халықаралық зыярат туризми хәптелиги» шеңбериндеги илажлар;
г) жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары усы қарарда нәзерде тутылған тапсырмалар, сондай-ақ, шөлкемлестириў комитетиниң жедел көрсетпелерин өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов):
илажлар режесинде белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырып барсын;
халықаралық илажға таярлық көриў ҳәм оны өткериўде жүзеге келетуғын шөлкемлестириў мәселелерин жеделлик пенен шешсин;
Хийўа қаласында халықаралық илаж өткерилетуғын орынлардың техникалық ҳәм телекоммуникация үскенелери менен үскенелениўин тәмийинлесин;
Хорезм ўәлаяты, соның ишинде, Хийўа қаласында өткерилетуғын қабыллаў, мәдений илажлар ҳәм сырт елли мийманлардың саяхатын шөлкемлестирсин;
халықаралық илажда қатнасыўшылардың Өзбекстанға келип-кетиўи, оларға виза рәсмийлестирилиўи, транспорт ҳәм медициналық хызмет көрсетиў мәселелерин муўапықластырсын;
халықаралық илаж болып өтетуғын аймақларды абаданластырыў жумыслары өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин;
халықаралық илаж болып өтетуғын аймақларда объектлер ҳәм мийманхана фондының таярлығын тәмийинлесин;
зәрүр жағдайларда, халықаралық илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге байланыслы жедел қарар қабыл етилсин.
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги:
а) бир ай мүддетте «Хийўа – 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты» халықаралық илажының логитипин ислеп шықсын;
б) еки ай мүддетте:
Илимлер академиясы, Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Хорезм Маъмун академиясы менен биргеликте халықаралық илажға келетуғын сырт елли мийманлардың пайдаланыўы ушын Хийўа қаласы ҳаққында өзбек, рус, инлис, араб ҳәм француз тиллеринде қолланба ислеп шығып, басып шығарылыўын;
Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги, Мәдений мийрас агентлиги менен биргеликте Хийўа қаласының туризм ҳәм мәдений мийрас объектлери, ислам дүньясы ҳәм илиминиң раўажланыўында тутқан орны ҳәм тарийхы, мәденияты, жасаў тәризин сәўлелендиретуғын фото- ҳәм видеоматериаллар («Guidebook») таярланыўын тәмийинлесин;
в) Сыртқы ислер министрлиги Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте:
халықаралық илажға таярлық көриў ҳәм оның жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде Ислам бирге ислесиў шөлкеми Бас секретариаты менен биргеликте шөлкемлестирсин;
2023-2024-жылларда жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында «Хийўа – 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты» сүрени астында кеңнен үгит-нәсиятлаў акциясын әмелге асырыў илажларын көрсин;
2023-2024-жылларда Ислам бирге ислесиў шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилетуғын халықаралық илажлар ҳәм республикада өткерилетуғын туризм бағдарындағы көргизбе ҳәм конференцияларда «Хийўа – 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты» сүрени астында үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырсын;
2023-жыл октябрь айында Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң туристлик шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин, блогерлерди тартқан ҳалда Хорезм ўәлаяты бойлап инфотур шөлкемлестирсин.
- Усы қарарда нәзерде тутылған халықаралық илажлар шеңберинде:
а) Мәденият ҳәм туризм министрлиги тәрепинен Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан төмендеги қәрежетлер қапланатуғыны;
халықаралық илаждың сырт елли қатнасыўшыларын Ташкент қаласындағы аэропорт ҳәм вокзалда күтип алыў ҳәм шығарып салыў, олардың республика аймағында ҳәрекетлениўи ушын автобус, авиа ҳәм темир жол билетлерин сатып алатуғыны;
халықаралық илаж шеңберинде шет (инглис, араб, француз) тиллеринде синхрон аўдармашылардың қатнасыўын тәмийинлейтуғыны;
халықаралық илажды сырт ел ғалаба хабар қураллары, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендиретуғыны;
халықаралық илаж ушын үгит-нәсиятлаў материаллары (видеороликлер, тарқатпа материаллар, китаплар ҳәм басқалар)ды ислеп шығып басып шығаратуғыны;
Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери, Бас секретариат хызметкерлери ҳәм экспертлери, ҳүрметли мийманлардың мәмлекетке келип-кетиўи;
халықаралық илажға таярлық көриў ҳәм оны шөлкемлестириўге байланыслы басқа да илажларды өткериў;
б) Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен жергиликли бюджет қаржылары есабынан төмендеги қәрежетлер қапланатуғыны:
халықаралық илаж өткерилетуғын ҳәм дыққатқа ылайық орынларды абаданластырыў ҳәм илаж өткериў ушын таяр ҳалға келтиретуғыны;
сырт елли қатнасыўшылар ушын естелик саўғалары (сувенирлер, миллий өнерментшилик өнимлери ҳәм басқалар)н ажырататуғыны;
аэропорт ҳәм темир жол вокзалларында ҳәм орайлық көшелер бойлап орнатылған баннерлер ҳәм LED мониторларда халықаралық илажды кеңнен сәўлелендиретуғыны;
қатнасыўшылардың илажлар бағдарламасы шеңберинде дыққатқа ылайық орынларға сапарларын шөлкемлестиретуғыны;
сырт елли қатнасыўшылар, оларға бириктирилген гид-аўдармашы ҳәм волонтёр бақлаўшылар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын түслик ҳәм кешки аўқатты шөлкемлестириў ҳәм Хорезм ўәлаяты бойлап ҳәрекетлениўи ушын транспорт қураллары менен тәмийинлейтуғыны;
сырт елли қатнасыўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң Хорезм ўәлаятындағы мийманханаларда жасаўға байланыслы қәрежетлер белгиленсин.
- Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги сырт елли қатнасыўшыларды аэропорт (вокзал)та күтип алыў ҳәм шығарып салыў ҳәм халықаралық илаж бағдарламасы тийкарында олардың ҳәрекетлениўи ушын транспорт қуралларын ажыратсын.
- Сыртқы ислер министрлиги Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң виза талапларына бола халықаралық илажда қатнасатуғын сырт елли қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасына кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирилместен, зәрүр жағдайларда, Өзбекстан Республикасы халықаралық аэропортларында рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги:
Миллий гвардия менен биргеликте халықаралық илаж өткерилетуғын аймақларда қатнасыўшы ҳәм мийманлар жыйналатуғын орынларда, мийманханаларда және олардың әтирапында жәмийетлик тәртипти сақлаў;
илажларға келетуғын делегация ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық бирге ислесиў илажларын көрсин.
- Айрықша жағдайлар министрлиги халықаралық илаж өткерилетуғын объектлер және олардың әтирапында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги илажлар өткерилетуғын орынларда қыстаўлы медициналық жәрдем бригадалары жумысының шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў, илажлар өткерилетуғын орынларда денсаўлықты сақлаў ҳәм санитариялық нормалар, қағыйдалар ҳәм гигиена нормативлерине әмел етилиўи бойынша зәрүр илажлар көрсин.
- Санлы технологиялар министрлиги Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң мүрәжатына тийкарланып халықаралық илаж өткерилетуғын конференция ҳәм көргизбе заллары, баспасөз ханаларын белгиленген тәртипте зәрүр техника қураллары, синхрон аўдарма үскенелери ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы менен тәмийинлесин.
- Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң талапларына тийкарланып төмендегилерге:
«Uzbekistan Airways» АЖға сырт елли қатнасыўшылар ушын халықаралық ҳәм жергиликли рейслерге авиабилетлердиң бәнт етилиўин тәмийинлеў;
«Өзбекстан темир жоллары» АЖға сырт елли қатнасыўшылар ушын қатнаўдағы поездларының барлық түрлерине темир жол билетлери резервин жаратыў ҳәм рәсмийлестириў илажларын көриў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият ҳәм туризм министри О.А.Назарбеков ҳәм Хорезм ўәлаятының ҳәкими Ж.Р.Рахимов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 12-июль