Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халықтың психикалық саламатлығын қорғаў хызметин жетилистириў, психикалық жағдайы бузылыўын ерте анықлаў, оларға диагноз қойыў, психикалық жағдайы бузылған шахсларды емлеў сапасын арттырыў, тараўда нәтийжели басқарыў системасын енгизиў, илимди раўажландырыў, кадрлар потенциалын арттырыў ҳәм психиатрия мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халыққа өз ўақтында психиатрия жәрдеминиң көрсетилиўин шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң халықтың психикалық саламатлығын қорғаў хызметин түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққындағы төмендеги усыныслары мақуллансын:

қәнигелестирилген психиатрия ҳәм наркология жәрдемин көрсетиўдиң бирден-бир вертикаль басқарыў системасын енгизиў;

басланғыш буўын медицина мәкемелерине психикалық саламатлықты қорғаў хызметлерин интеграциялаў;

психикалық жағдайы бузылған шахсларды дәри-дәрмақ пенен мүтәжликке бола толық тәмийинлеў;

халық, әсиресе, балалар ҳәм өспирим жаслардың психикалық саламатлығын беккемлеў;

кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, қәнигелерди мүнәсип хошаметлеў ҳәм нәтийжели мийнети ушын қосымша шараятлар жаратыў;

психиатрия мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2023-жыл 1-июльдан баслап Республикалық қәнигелестирилген наркология илимий-әмелий медицина орайын, әмелдеги қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда, Республикалық қәнигелестирилген психикалық саламатлық илимий-әмелий медицина орайына (кейинги орынларда – Орай) айландырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

А) Орай:

қәнигелестирилген психиятриялық, медициналық-психологиялық ҳәм наркологиялық жәрдем көрсетиўди жолға қоятуғыны, бул бағдарларда жоқары технологиялық материаллық база ҳәм илимий мектепти қәлиплестиретуғыны;

психикалық саламатлықты тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды денсаўлықты сақлаўдың барлық дәрежелеринде муўапықластыратуғыны ҳәм қадағалайтуғыны;

б) аймақлардағы психикалық ҳәм наркология кеселликлери емлеўханалары ҳәм диспансерлери Орайдың аймақлық шөлкемлестириў-методикалық бөлимлери есапланатуғыны;

Орай, оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық бөлимлери медициналық жоқары, профессионал ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң тийисли кафедралары ушын тийкарғы клиникалық база сыпатында жумыс алып баратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2023-жыл 1-августтан баслап:

район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайының район (қала)лық бөлимлери штатларын қысқартыў есабынан – медициналық психолог;

стационар орынға ийе болмаған психикалық-нерв кеселликлер диспансерлери ҳәм курамын диспансер болған психикалық кеселликлер емлеўханаларында – суицидолог;

стационар орынға ийе болған психикалық кеселликлер диспансерлери ҳәм психикалық кеселликлер емлеўханаларында – әмелдеги штатлар шеңберинде қабыллаў бөлими шыпакери, нәўбетши психиатр, медициналық психолог ямаса психотерапевт штатлары енгизилсин.

  1. Басланғыш буўын медицина мәкемелеринде 2023-жылдың ақырына шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң психикалық жағдайы бузылғанда жәрдем көрсетиў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы әмелиятқа енгизилсин:

психикалық жағдайы бузылыўын медицинаның басланғыш буўынының өзинде ерте анықлаў ҳәм емлеў илажларын көриў;

басланғыш буўын медицина мәкемелериниң шыпакерлери ҳәм басқа да медицина хызметкерлериниң психикалық жағдайы бузылған шахсларды клиникалық баҳалаў, емлеў ҳәм бақлап барыў бойынша көнликпелерди раўажландырыў ҳәм билимлерин арттырыў.

  1. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте оқыўшыларда өзин-өзи басқарыў, қыйын турмыслық жағдайларды жеңип өтиў көнликпелерин қәлиплестириў, депрессия, қәўетерли жағдайлар ҳәм суицидлердиң алдын алыў бойынша арнаўлы социаллық-эмоционаллық оқыў саатларын (Social Emotional Learning, SEL) улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде мектеп бағдарламасындағы пәнлер ҳәм сабақлардан тысқары процесслер шеңберинде жолға қойсын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2023-жыл 1-сентябрьден баслап медицина хызметкерлерин «психиатрия», «суд психиатриясы», «медициналық психология» ҳәм «наркология» бағдарлары бойынша қайта таярлаў курсларында оқытыў қәрежетлери Қәбилетли ҳәм маман медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медицина мәкемелерине тартыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады;

2023-2024-оқыў жылынан баслап «Психиатрия», «Медициналық психология» ҳәм «Наркология» клиникалық ординатура ҳәм магистратура қәнигеликлерине қабыллаў тек ғана мәмлекетлик грант тийкарында улыўма қабыллаў параметрлери шеңберинде әмелге асырылады ҳәм қабыллаў көрсеткишлери бул қәнигеликлерге болған ҳақыйқый талапты үйрениў тийкарында қәлиплестириледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2023-2024-жылларда Қәбилетли ҳәм маман медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медицина мәкемелерине тартыў қорының қаржылары есабынан кеминде 40 тараў қәнигелерин абырайлы сырт ел медицина мәкемелери ҳәм орайларына маманлық арттырыў ҳәм стажировка өтеў ушын жибериў илажларын көрсин.

  1. 2023-жыл 1-июльдан баслап район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған психиатр ҳәм психиатрия емлеў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған психиатр, медициналық психолог, психотерапевт ҳәм суицидологлардың лаўазымлық мийнет ҳақысына үстеме муғдары 25 проценттен 50 процентке арттырылсын.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги:

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте амбулатория шараятында емлениў ушын психикалық жағдайы бузылған шахсларды жеңиллетилген тийкарда дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеўге 2023-жылы қосымша 10 миллиард сум қаржы ажыратсын, 2024-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына тийкарланып зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;

усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди 2023-жылы денсаўлықты сақлаўға байланыслы басқа да илажлар ушын қәрежетлерге нәзерде тутылған қаржылар есабынан ҳәм 2024-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.

  1. Төмендегилер:

2023-2024-жылларда халықтың психикалық саламатлығын қорғаў хызметин раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

2023-2024-жылларда психиатрия мәкемелерин медициналық үскенелер менен тәмийинлеў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

Балалардың психикалық саламатлығын беккемлеў ҳәм балалар психоневрологиялық хызметин жетилистириў илажлары 3-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы балалар көп тармақлы медицина орайлары ҳәм район (қала)лық медицина бирлеспелери ушын зәрүр диагнозлаў ҳәм нейрореабилитация әсбап-үскенелериниң үлги дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық қосымшалар киргизилсин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов белгиленсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 19-июнь