Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери арасындағы өз-ара аўызбиршилик, меҳир-мүриўбет орталығын сақлаў, миллий мәдениятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, Жаңа Өзбекстанның тынышлықсүйер ҳәм халықшыл сиясатын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тараўларда нәтийжели мийнет етип, елимиз экономикасын жоқарылатыўға қосқан мүнәсип үлеси, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм улыўма адамгершилик қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы жумыслары ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Аллабергенов Бекман – Әмиўдәрья районы нураныйлар жәмийетшилик кеңеси баслығының орынбасары

Ембергенова Гулнара Сабирбаевна – Қарақалпақстан Республикасы «Арал алтын мийрасы» жәмийетлик бирлеспесиниң басшысы

II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен

Когай Марина Александровна – Өзбекстан корейс миллий мәдений орайлары аўқамының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 28-июль