Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Халқымыздың ески тарийхын ҳәм мәдений турмысын ҳәр тәреплеме кеңнен сәўлелендириў, материаллық емес мәдений мийрасымыз болған көп қырлы өзбек миллий өнерментшилигин кең түрде көрсетиў, оның бийбаҳа үлгилерин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, усы бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў арқалы ҳәр түрли халықлар арасында дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў, мәдений-гуманитарлық байланысларды халықаралық дәрежеде күшейтиў, әўладтан-әўладқа өтип киятырған кәсиплик дәстүрлер ҳәм өнерментшилик мектеплерин сақлаў және қайта тиклеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң ҳәр еки жылда бир мәрте Қоқан қаласында Халықаралық өнерментшилик фестивалын (кейинги орынларда Фестиваль деп аталады) шөлкемлестириў, биринши мәрте бул фестивальды ҳәм фестиваль шеңберинде «Өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» темасында илимий-әмелий конференцияны 2019-жылдың 10-15-сентябрь күнлери өткериў ҳаққындағы усыныслары маққулансын.
- Халықаралық өнерментшилик фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Халықаралық өнерментшилик фестивалын өткериў ҳаққындағы режени ҳәм 2019-жылы Халықаралық өнерменшилик фестивалын өткериў бойынша «жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Шөлкемлестириў комитетине (А.Арипов):
Фестивальды өткериў бойынша нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;
Фестиваль жеңимпазларына тапсырылатуғын диплом, сертификат, статуэткалардың үлгилерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы басқа да мәселелерди шешиў ўазыйпалары жүкленсин.
- Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң оларды Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жуўапкер етип белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:
сырт мәмлекетлерден шебер өнерментлерди, әмелий көркем өнер усталарын, қәнигелерди, тараў илимпазларын ҳәм ҳүрметли мийманларды Фестивальға мирәт етиўде Саўда–санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясына әмелий жәрдем көрсетсин;
Фестивальға келетуғын мийманлар ушын Саўда–санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясының буйыртпаларына байланыслы Өзбекстан Республикасына кириў визаларының белгиленген тәртипте консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирилмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Қоқан қаласында кең көлемдеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының әмелге асырылыўын, Фестиваль өткерилетуғын сахна майданлары ҳәм орынлар талап дәрежесинде таярланыўын тәмийинлесин.
- Мәденият министрлиги Саўда–санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте Фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресимин ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм көркемлик жақтан бийтәкирар усылда таярлаў ушын жоқары профессионал шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, уста өнерментлер, сахна художниклери, талантлы жас көркем өнер хызметкерлериниң кеңнен тартылыўын тәмийинлесин.
- Саўда–санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясы менен биргеликте:
Фестиваль шеңберинде Қоқан қаласындағы орайлық майданның әтирапында өнерменшилик көркем өнерине байланыслы түрли көргизбелер, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары, ески өнерментшилик әсбап-үскенелери ҳәм өнимлерин жаратыў процесслери, өнерментшиликке байланыслы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлер көрсетилиўин ҳәм олардың сатылыўы шөлкемлестирилиўин;
Фестиваль бағдарламасы ислеп шығылыўын ҳәм оның Фестивальдан үш ай бурын туристлик шөлкемлерге усынылыўын, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында ҳәм социаллық тармақларда жайластырылыўын;
Фестиваль шеңберинде миллий липаслар көргизбели шығыўларды, аския ҳәм қызықшылар, фольклор ҳәм дәрўазлық жәмәәтлериниң тамаша бағдарламалары көрсетилиўин;
Фестивальдың туризм календарь режесине киргизилиўин ҳәм сырт ел саяхатшыларын Фестивальға тартыў илажлары көрилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын мийманханалардан орын ажыратыў илажларын көрсин.
- «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети Фестиваль қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Саўда–санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы буйыртпаларына муўапық, белгиленген тәртипте авиа ҳәм темир жол билетлери менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер Шөлкемлестириў комитети тәрепинен ислеп шығылған ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған смета тийкарында төмендеги тәртипте:
50 проценти – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржылары есабынан;
50 проценти-Ферғана ўәлаяты жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклери, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаплансын.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги Фестивальдың сырт ел қатнасыўшыларын күтип алыў, орналастырыў ҳәм оларды Қоқан қаласына жибериўди шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 1-ноябрь