Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы бир ярым жыл даўамында фармацевтика тармағын раўажландырыў, дәри қураллары ҳәм медицина буйымларының арзанлығын ҳәм еркин айланысын тәмийинлеўге қаратылған оннан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Фармацевтика тармағының мәмлекетлик басқарыў системасы қайта көрип шығылды, Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.
«Нукус-фарм», «Зомин-фарм», «Косонсой-фарм», «Сирдарё-фарм», «Бойсун-фарм», «Бўстонлиқ-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналары шөлкемлестирилип, олардың аймағында 41,7 миллион АҚШ доллары муғдарындағы бес жойбар әмелге асырылмақта.
Елимизде социаллық дәриханаларды шөлкемлестириў илажлары көрилмекте. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде 75 социаллық дәриханаларды қурыў ҳәм орналастырыў бойынша жумыслар басланған.
Соның менен бирге, үйрениўлер қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў бойынша жеткиликли илажлар көрилмей атырғанын, жуўапкер уйымлардың басшыларында жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда италылық жоқ екенин көрсетти. Атап айтқанда:
бириншиден, еркин экономикалық зоналардың дирекцияларын қәлиплестириў тәмийинленбеген, олардың жумысын қаржыландырыўдың анық дәреклери ҳәм механизмлери белгиленбеген, өндирис объектлерин орналастырыў ушын жер участкаларын ажыратыў мәселелери шешилмеген;
екиншиден, еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңеслериниң жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес тәрепинен еркин экономикалық зоналардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша жеткиликли илажлар көрилмей атыр;
үшиншиден, еркин экономикалық зоналардың раўажланған транспорт, жол ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасы жоқ екени олардың аймағында жоқары сапалы фармацевтикалық өнимлерди ислеп шығарыў қуўатлықларын жолға қойыў имканиятын бермей атыр, зоналардың бас режелерин ислеп шығыў орынлардағы ҳақыйқый жағдайды ҳәм инвесторларда жүзеге келип атырған машқалаларды итибарға алмаған ҳалда әмелге асырылмақта;
төртиншиден, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде социаллық дәриханаларды шөлкемлестириў ҳәм жумыс алып барыўдың ҳуқықый тәртиби белгиленбеген, олардың орналасыўы тастыйықланбаған, бул болса Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине усындай дәриханалардың жумысын шөлкемлестириў бойынша жүкленген ўазыйпалардың толық өз ўақтында орынланбаўына алып келген;
бесиншиден, дәриханаларда социаллық әҳмийетке ийе дәри қураллары ҳәм медицина буйымларын есапқа алыў, сондай-ақ, дәриханалардың орналасыўы, дәри қуралларының ассортименти ҳәм баҳасы ҳаққында халықты хабардар етиў бойынша заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў процеси төмен дәрежеде бармақта;
алтыншыдан, фармацевтика тармағы мәкемелериниң илимий-изертлеў жумысы заманагөй талапларға жуўап бермейди, маман қәнигелерди таярлаў мәселелерине жеткиликли итибар қаратылмай атыр;
жетиншиден, әмелдеги илимий қолланбаларды әмелиятта сынақтан өткериўдиң нәтийжели системасы жоқ, оларды өндириске енгизиў, дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығыў тараўында жаңа инновациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жеткиликли илажлар көрилмей атыр.
Бул жағдайлар фармацевтика жағдайын түп-тийкарынан реформалаў бойынша көрилип атырған илажлардың төменлеўине алып келмекте, халықты ҳәм медицина мәкемелерин арзан дәри қураллары ҳәм медициналық дәри дәрмақлар менен тәмийинлеўге кери тәсир етпекте.
Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыў, жүзеге келген машқалаларды өз ўақтында шешиў ҳәм инвестицияларды тартыў ушын қолай шараятларды жаратыў бойынша ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңеслериниң жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң фармацевтика тармағын раўажландырыў тараўындағы жумысларды шөлкемлестириў бойынша жумысы қанаатландырарсыз деп табылсын.
Жумыста бундай кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм зәрүр дәрежедеги инталылықтың жоқлығы себепли Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры З.А.Дусанов ҳәм усы агентлик директорының биринши орынбасары М.М.Дустмуратов ийелеп турған лаўазымынан азат етилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыў ушын қолай шараятларды тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер, ведомстволар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары «Жол картасы»ның өз ўақтында, сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- «Нукус-фарм», «Зомин-фарм», «Косонсой-фарм», «Сирдарё-фарм», «Бойсун-фарм», «Бўстонлиқ-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналарындағы ҳақыйқый жағдайды үйрениў ҳәм жүзеге келген машқалаларды шешиў бойынша жумысшы топарлар 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Жумысшы топарлар тәрепинен еки ай мүддетте:
еркин экономикалық зоналардың жумысын шөлкемлестириў ушын ажыратылған жер участкаларының белгиленген талапларға муўапықлығы, транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирислик инфраструктураны жаратыў имканиятлары бар екенлиги көз қарасынынан үйренилиўин;
еркин экономикалық зоналардың бас режелериниң орынлардағы ҳақыйқый жағдайы ҳәм олардың әмелде орынлаў имканиятын есапқа ала отырып, қайта көрип шығылыўын;
еркин экономикалық зоналар аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын потенциал инвесторларды тартыў илажларын көриўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (Қ.В.Акмалов) еки ай мүддетте жумысшы топарлар жумысының жуўмақлары бойынша төмендегилерди ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
Дәрилик өсимликлердиң плантацияларын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы;
Таяр дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар, жәрдемши ҳәм ораў-жайластырыў материалларын ислеп шығыў бойынша еркин экономикалық зоналар аймағында әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың дизими.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбектелеком» АК басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еркин экономикалық зоналардың бас режелери тастыйықланғаннан соң бир ай мүддетте еркин экономикалық зоналардың трансорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жойбарлардың жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Ҳәр бир еркин экономикалық зонаға Қарақалпақстан Республикасы ҳәм тийисли ўәлаятлардың прокурорлары бириктирилип, олардың бул тараўдағы тийкарғы ўазыйпалары сыпатында төмендегилер белгиленсин:
еркин экономикалық зоналардың бас режелериниң өз ўақтында ислеп шығылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
жойбарлардың инта көрсетиўшилерине жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин өз ўақтында ислеп шығыўына жәрдем бериў;
жаңадан шөлкемлестирилип атырған қуўатлықларды транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасы менен тәмийинлеў және олардың суў, газ ҳәм электр тәмийнатына жалғаныўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
жойбарлардың инта көрсетиўшилерине руқсат беретуғын ҳәм басқа да ҳүжжетлерди алыўда, сондай-ақ, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў процеси жүзеге келетуғын мәселелерди шешиўде ҳәр тәреплеме көмеклесиў;
жойбарлардың инта көрсетиўшилерине жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған, артықша бюрократлық тосқынлықларды жаратып атырған мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына қатаң шаралар көриў.
Ўәлаят көлеминде жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәр айда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм тийисли ўәлаятлардың прокурорларына еркин экономикалық зоналар да әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында есап беретуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
еки күн мүддетте районлық (қалалық) медицина бирлеспелеринде, шаңарақлық поликлиникаларда, сондай-ақ, аўыллық шыпакерлик пунктлеринде социаллық дәриханаларды орналастырыў имканиятларын орынларға шыққан ҳалда үйрениў ушын жумысшы топарларды шөлкемлестирсин;
өткерилген үйрениўди есапқа алған ҳалда, 2018-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте социаллық дәриханалардың орналасыўын тастыйықласын;
бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Социаллық дәриханалар ҳаққындағы режениң жойбарын киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2018-жыл 1-июньге шекемги мүддетте 2018-2022-жылларда Өзбекстан Республикасында фармацевтика тармағын раўажландырыў концепциясын тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте:
а) 2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте төмендеги имканиятларды беретуғын Интернет тармағында мәлимлеме порталын, сондай-ақ, мобиль қосымшаларын жаратсын:
тийкарғы мәлимлеме индикаторы сыпатында лицензия бар екенин көрсеткен ҳалда дәриханалардың орналасыўын анықлаў;
дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды, зәрүр жағдайларда сатып алынған дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды тийисли дәриханалар тәрепинен халыққа жеткерип бериўди тәмийинлей отырып, реал ўақыт режиминде сатып алыў;
б) 2018-жыл 1-майға шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасында дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды есапқа алыў ҳәм есап бериў процесин автоматластырыў, сондай-ақ, олар ҳаққындағы зәрүр мәлимлемени берген ҳалда дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды идентификациялаў имканиятын беретуғын арнаўлы маркировка системасын енгизиў мүмкин екенлиги мәселесин үйренсин;
в) 2018-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәмлекетлик медициналық мәкемелерде ҳәм социаллық дәриханаларда дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың есабын алып барыўдың, соның ишинде, бюджет қаржылары мақсетсиз жумсалыўын жылдам анықлаў ҳәм қыянет етиў жағдайларының алдын алыў имканиятын беретуғын автоматластырылған системаны жаратыў бойынша усыныслар киргизсин.
- Халықты дәри қураллары менен тәмийинлеўдеги машқалаларды үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша жәмийетлик комиссияның (кейинги орынларда – Комиссия) қурамы ҳәм аймақларда ҳәр ҳәптелик ушырасыўларды шөлкемлестириў графиги 3- ҳәм 4-қосымшаларға муўапық мақуллансын.
Комиссия (К.М.Рафиков):
ҳәр 10 күнде аймақларға барыў ҳәм орынларда ушырасыўлар өткериў арқалы дәри қураллары менен тәмийинлеўде халықтың ең әҳмийетли машқалалары шешилиўи үстинен тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестирсин;
фармацевтика тармағында көрилип атырған илажлардың нәтийжели ҳәм мәнзилли болыўы, олардың бул тараўдағы жумысларының жағдайын жақсылаўға реал тәсир етиўи мәселелери бойынша пуқаралардың пикир-усынысларын үйрениў арқалы халық пенен тийкарғы байланысты тәмийинлесин;
Пуқараларды, әсиресе, социаллық жақтан жәрдемге зәрүр ҳәм барыў қыйын болған аймақларда жасайтуғын пуқараларды социаллық әҳмийетке ийе ҳәм арзан дәри қураллары менен тәмийинлеў бойынша жумыслардың ҳақыйқый жағдайын пуқта үйренсин;
халықты дәри қураллары менен тәмийинлеў ҳәм оның халықтың жасаў орынларында жеткиликлилигин, сондай-ақ, социаллық дәриханалардың жумысын шөлкемлестириў бойынша қолда бар инфраструктураны сын көзқарастан үйренсин;
дәри қураллары баҳасының өсиўине ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўине имкан беретуғын себеплер менен шараятларды анықласын, анықланған машқалаларды шешиў, халықты дәри қураллары менен өз ўақтында тәмиинлеў бойынша прокуратура уйымлары менен биргеликте жедел алажлар көрсин;
усы қарардың орынланыў процесин турақлы үйренсин, бул мәселе бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымлар басшыларының есапларын тыңласын, жүкленген ўазыйпалар орынланыўының бузылыў жағдайларын ҳәм себеплерин анықласын және ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққында прокуратура уйымларын өз ўақтында хабардар етсин;
кредитлер бериў, жер участкаларын ажыратыў, тийисли лицензия ҳәм руқсатнамалар алыў, инфраструктураға жалғаныўда жүзеге келген машқалаларды тез шешиў мақсетинде исбилерменлик субъектлери ҳәм потенциаллы шет ел инвесторлары менен ушырасыўлар өткерсин;
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Өзавтосанаат» АЖ менен биргеликте алыс жерлерде жасайтуғын халыққа, бәринен бурын, социаллық әҳмийетке ийе ҳәм ең зәрүр дәри қуралларын сатыўды тәмийинлейтуғын «Дамас» автомашиналарында көшпели дәриханаларды шөлкемлестириў илажларын көрсин;
ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, телевидениеде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳәм нәтийжелери турақлы сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин;
өткерилген ҳәр бир орынға шығып үйрениўдиң ҳәм ушырасыўлардың жуўмағы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына мәлимлеме киргизсин.
- «Өзбекстан темир жоллары» АЖ Комиссия жумысы шеңберинде оның баслығының талапнамасы бойынша ҳәр жылы жергиликли қатнаўдағы поездлардың барлық түрлерине темир жол билетлери резерв етип қойылыўын ҳәм бийпул рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Республикада жаратылатуғын ҳәм ислеп шығарылатуғын тийкарғы дәри қуралларының ҳәм медициналық буйымлардың дизимин анықлаў бойынша жумысшы комиссия 5-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Жумысшы комиссия үш ай мүддетте:
фармацевтика базарын үйрениўди және диагноз қойыў ҳәм емлеў стандартларын есапқа алған ҳалда денсаўлықты сақлаў ушын әҳмийетли болған дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың дизимин анықлаўды;
орта мүддетли перспективада енгизиў ушын перспективалы дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың жергиликли қолланбаларын анықлаўды;
мүтәжлик ушын зәрүрлигинен, социаллық әҳмийетинен, өндириске енгизиўдиң мақсетке муўапықлығынан ҳәм мүмкиншилигинен келип шығып, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың категорияларын анықлаўды тәмийинлесин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги Бас прокуратура ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбек химия-фармацевтика илимий-изертлеў институты, Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институты, «Шығыс медицинасы» илимий-изертлеў институтының жумысын сын көзқарастан үйренсин және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усы тараўдағы жумысты жетилистириў бойынша, соның ишинде, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың оқыў-илимий лабораториясын ҳәм тәжирийбе-өндирислик комплексин шөлкемлестириўди нәзерде тутқан ҳалда усыныслар киргизсин.
- Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте 2018-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды ислеп шығарыў ушын шийки затты импорт етиўде қосымша қун салығы бойынша жеңилликти қолланыў механизмин әпиўайыластырыў бойынша усыныслар киргизсин, онда тастыйықланған дизим тийкарында жеңиллик қолланыў тәртиби қағыйдаға киргизилмей, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды таярлаў ушын алып келинетуғын, республикада ислеп шығарылатуғын шийки зат ҳәм субстанцияларға қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер қолланылмайтуғыны нәзерде тутылсын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар таярлаў ушын республикада ислеп шығарылатуғын шийки зат ҳәм субстанциялардың дизимин усынсын.
- Бас прокуратура (О.Б.Муродов), Өзбекстан Республикасы Президенти аппараты Илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери хызмети (Р.С.Қасимов), Сиясий-ҳуқықый мәселелер хызмети (Б.М.Мавлонов), Есап-санақ палатасы (М.М.Икрамов) ҳәм Министрлер Кабинети (Қ.В.Акмалов):
ҳәр шеректе графиклерди тастыйықласын ҳәм солар тийкарында жумысшы топарлар, жуўапкер министрликлер ҳәм ведомстволардың ўәкиллери, фармацевтика кәрханалары ҳәм басқа да шөлкемлердиң, сондай-ақ, инвесторлардың қатнасыўында «Жол картасы» ҳәм усы қарарда белгиленген басқа да ўазыйпалардың орынланыўы процеси ҳәр ҳәптеде додаланыўын шөлкемлестирсин;
додалаўдың жуўмақлары бойынша жүкленген ўазыйпалар орынланыўының бузылыўына жол қойған шахсларға қатаң жуўапкершилик илажларын қоллансын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа, Өзбекстан Республикасы Президенитиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң баслығы К.М.Рафиковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 14-февраль