Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Екинши жер жүзилик урысы миллионлаған бийгүнә адамлардың биймезгил өлимине, мисли көрилмеген жоғалтыўлар ҳәм зыянларға себепши болған дүньядағы ең қорқынышлы, қанлы қырғынлардан бири сыпатында инсаният тарийхында мөрленип қалды.

Көп миллетли Өзбекстан халқы да ҳақыйқый мәртлик ҳәм пидайылық көрсетип, фашизм үстинен ерисилген жеңиске үлкен үлес қосты. Атап айтқанда, 2 миллионға шамалас ўатанласымыз саўашта қатнасып, олардың 500 мыңнан асламы қаҳарманларша қурбан болды. Соның менен бирге, урыс дәўиринде республикамыз фронт ушын зәрүр болған азық-аўқат, кийим-кеншек, қурал-жарақ ҳәм басқа да затларды жеткерип беретуғын әҳмийетли тәмийнат орайларынан бирине айланды. Әсиресе, ўатанласларымыз саўашлар даўам етип атырған аймақлардан Өзбекстанға көширилген 1,5 миллионнан аслам кекселер, ҳаяллар ҳәм жас нәрестелерди қушағына алып, аўыр демлерде оларға шексиз ғамқорлық көрсетти.

Халқымыздың тарийх бетлерине өшпес ҳәриплер менен жазылған бундай мәртлик ҳәм қаҳарманлығы, адамгершилиги, меҳир-мүриўбети ҳәм жоқары мәнаўияты бәршемиздиң кеўиллеримизге шексиз мақтаныш бағышлап, перзентлеримизди ўатансүйиўшилик ҳәм ата-бабалар ерлигине садықлық руўхында тәрбиялаўда илҳамландырып келмекте.

Соның ушын басқыншы ҳәм жаўыз күшлерге қарсы машақатлы гүреслерде бүгилмес ерк ҳәм мәртлик көрсетип, бүгинги тыныш ҳәм татыў күнлеримиз ушын жанын пидә еткен мәрт ўатанласларымыздың муқаддес естелигин қәстерлеў ҳәм нуранийларымыздың ҳүрметин орнына қойыў елимизде ийгиликли дәстүрге айланған.

Мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрам ­ Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңиске мүнәсип үлес қосқан, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў пайытында қурбан болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаўшы уйымлары хызметкерлериниң естелигин мәңгилестириў, арамыздағы барлық нуранийларға ҳүрмет-иззет көрсетиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

9-май ­ Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни, улыўмахалықлық байрамына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы (кейинги орынларда ­ Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;

9 май ­ Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни, улыўмахалықлық байрамына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда ­ Жумысшы топар) қурамы 2-қосымшаға муўапық тасыйықлансын.

  1. Жумысшы топар (А.Арипов):

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың «Еслеў бар екен ­ миллет жасайды», «Итибар ҳәм ғамқорлық ­ инсаный миннет» сүренлери астында жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин;

жалғыз ҳәм кем тәмийинленген Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының турақ жайы ҳәм үй хожалықларын оңлаў, абаданластырыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына, фронт арты мийнет нуранийларына, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў пайытында қурбан болған әскерий хызметкерлер менен ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм мәнаўий жәрдем көрсетиў мақсетинде тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер және әскерий бөлимлердиң басшылары тәрепинен усы категориядағы шахсларды қутлықлаў ушын олардың жасаў орнына барыўларын шөлкемлестирсин;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине медициналық ҳәм социаллық хызмет көрсетиў, оларға қараў мақсетинде медициналық билимлерге ийе хызметкерлерди (шәртнама тийкарында) бириктирген ҳалда турақлы түрде патронаж хызметин жолға қойсын;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының тилеклери тийкарында оларды республика аймағындағы санаторийларға бийпул жиберилиўин тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

ўәлаятлар, қалалар ҳәм районларда байрамға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын;

Ташкент қаласында «Жеңис парки» естелик комплексинде, ўәлаятларда «Ватанпарварлар» бағлары ҳәм басқа да белгиленген орынларда әскерий техникалар демонстрациясы, Екинши жер жүзилик урыс ўақтындағы композициялар инсталляциясын, соның ишинде, урыс жылларының қосық ҳәм намалары және тийисли шараятлар жаратыў менен байланыслы илажларды шөлкемлестирсин;

көшелер менен майданлар байрамға бағышланған плакатлар ҳәм стендлер менен безелиўин тәмийинлесин.

  1. Байрам илажлары ҳәм мәмлекетимиздиң түрли аймақларында жасаўшы Екинши жер жүзилик урысы ҳәм фронт арты мийнет нуранийлары ўәкиллериниң Ташкент қаласында болып өтетуғын тийкарғы мәресимлерге темир жол яки автомобиль транспортында келип-кетиўи, мийманханаларда жайласыўы, аўқатланыўы, мәдений дем алыўы менен байланыслы қәрежетлер, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, тийисли кийим-кеншеклер менен тәмийинленетуғыны:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ­ тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик жәрдемлери есабынан;

Ташкент қаласында ­ Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджети қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Қорғаныў министрлиги Ташкент қаласында 2021-жыл 9-май саат 21.00 де Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланган байрам салютын шөлкемлестирсин.
  2. Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия салтанатлы илажлар өткерилетуғын орынларда жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликти тәмийинлесин.
  3. Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни байрамын белгилеў менен байланыслы барлық ғалаба илажлар Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў илажлары бағдарламасын таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясының усыныслары тийкарында әмелге асырылсын.
  4. Өзбекстан Миллий телерадиокомпанияси, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына байрамға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы процесслерди кеңнен жарытыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                               Ш.МИРЗИЁЕВ.

 

Ташкент қаласы,

2021-жыл, 20-апрель.