Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы жыллары елимизде, бәринен бурын, экономиканың барлық тармақларын жедел раўажландырыў, инвестициялық тартымлылықты ҳәм исбилерменлик жумысын арттырыў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын кеңейтиўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, электр энергетикасы тармағында бар имканият ҳәм потенциалдан жетерлише пайдаланылмай атырғанлығы гөзленген реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм елимизди жедел раўажландырыўға тосқынлық етпекте.
Саламат бәсеки орталығының жоқлығы, сезилерли дәрежеде квазимәмлекетлик сектордың барлығы, тариф сиясатының базар экономикасы принциплерине сәйкес келмеўи мәмлекет тәрепинен ҳәдден тысқары тәртипке салыныўына ҳәм мәмлекетлик және коммерциялық мәплердиң соқлығысыўына алып келмекте.
Ресурс ҳәм энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў дәрежесиниң төменлиги, тийисли инфраструктураны жаңалаў пәтлериниң төменлиги технологиялық жоғалтыўлардың артыўына ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўде, әсиресе,орынларда турақлы үзилислерге алып келмекте.
Тармақ кәрханаларын басқарыўдың бюрократласқан системасы ҳәм мийнет ресурсларынан нәтийжесиз пайдаланыў олардың жумыс процеси нәтийжелилигин ҳәм пайдалылығын төменлетпекте ҳәм өндирис пенен байланыслы болмаған қәрежетлердиң өсиўине алып келмекте.
Алдыңғы сырт ел тәжирийбеси, заманагөй инновациялық идеялар, қолланбалар менен технологиялар тийкарында электр энергетикасы тармағында мәмлекетлик басқарыўдың шөлкемлестириўшилик тийкарларын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- 2018-2020-жыллары өндирис қуўатлықларын арттырыў, электр тармақларын модернизациялаў, электр энергиясы есабын ҳәм пайдаланыўын қадағалаўды жетилистириў бойынша «Жол картасы» төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
бар өндирислик қуўатлықларды модернизациялаў ҳәм жаңаларын иске қосыў бойынша жойбар қуны 2,6 миллиард АҚШ доллары болған улыўма қуўатлылығы 1984 МВт 7 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў;
тартылатуғын кредитлер ҳәм «Өзбекэнерго» АЖ ның өз қаржылары есабынан жылына улыўма узынлығы 7,1 мың километр болған жаңа электр тармақларын қурыў ҳәм барларын реконструкциялаў, 2500 трансформатор пунктин орнатыў ҳәм модернизациялаў;
Электр энергиясын есапқа алыўдың ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына (кейинги орынларда ЭЭЕА ҳәм ҚАС) 7 миллион пайдаланыўшыларды жалғаў, 2021-жылдың жуўмағына шекем ЭЭЕА ҳәм ҚАС қамтыўын абонентлердиң улыўма санының 100 процентине шекем жеткериў;
Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық қаржы институтлары менен келисилген, улыўма қуны 1,8 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы узақ мүддетли кредитлерди өзлестириў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте «Жол картасы»нда белгиленген ҳәр бир жойбарды әмелге асырыў бойынша тармақ графиклерин тастыйықласын.
Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа – «Жол картасы»нда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын қатаң қадағалаў;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа – халықаралық қаржы институтлары менен шөлкемлерден тартылып атырған қаржылардың өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, потенциаллы инвесторларды излеў ҳәм инвесторларға, соның ишинде, исенимли басқарыўға берилетуғын объектлерди анықлаған ҳалда электр энергетикасы тармағына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа –электр энергетикасы тармағында жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырыў механизмлериниң сапалы ислеп шығылыўын тәмийинлеў;
«Өзбекэнерго» АЖ басқарма баслығы У.М.Мустафоевқа – жойбар ҳүжжетлерин өз ўақтында ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаў, усы қарарда белгиленген объектлерди қурыўға ҳәм пайдаланыўға тапсырыўды тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте «Абат аўыл» Мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыў ушын тартылған халықаралық қаржы институтларының қарыз қаржыларының 100 миллион АҚШ долларынан аз болмаған бөлегин 2019-2020-жыллары төмен күшленетуғын электр тармақларын қурыўға ҳәм модернизациялаўға жумсалыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 14-февральдағы ПҚ-1705-санлы ҳәм 2012-жыл 2-августтағы ПҚ-1795-санлы қарарларына муўапық «Электр энергиясынан пайдаланыўын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын енигизиў. Өзбекстан Республикасының Бухара, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятлары 0,4 кВтлы пайдаланыўшыларының электр энергиясынан пайдаланыўын есапқа алыў системасы» жойбарлары (кейинги орынларда – АСКУЭ 1-фаза) Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында әмелге асырылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Өзбекэнерго» АЖның төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) «Әндижан, Наманган, Ферғана, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында электр энергиясынан пайдаланыўды қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын (АСКУЭ 4-фаза) енгизиў» жойбарын әмелге асырыў ушын нәзерде тутылған Азия раўажланыў банкиниң 300 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қарыз қаржыларының есабынан республиканың басқа да аймақларында ЭЭЕА ҳәм ҚАСты енгизиў жойбарын әмелге асырыў;
б) Азия раўажланыў банкиниң қаржылары есабынан АСКУЭ 1-фаза жойбарын әмелге асырыў шеңберинде үнемленетуғын қаржылар есабынан ЭЭЕА ҳәм ҚАС мағлыўматларын қайта ислеў республикалық бирден-бир орайын шөлкемлестириў бойынша өткерилген халықаралық тендер нәтийжелерине бола анықланған жумысты бөлип алып ислеўши – компания менен;
республикамыздың барлық аймақларында ЭЭЕА ҳәм ҚАСты енгизиў ушын зәрүр болған заманагөй есаплаў қурылмаларын ҳәм қосымша әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын халықаралық таңлаў саўдаларын өткериў бойынша «CESI S.P.A/AF Mercados Energy Markets International S.A/Sharifa.com» (Италия/Испания/Өзбекстан) консалтинг компанияларының консорциумы менен қосымша келисимлерди дүзиў.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети (Ш.А.Вафоев)қа – төмендегилерди муўапықластырыў ушын жуўапкершилик жүкленсин:
сатып алыў процесслеринде жергиликли ислеп шығарыўшылардың қатнасыўын, мәмлекет аймағында ЭЭЕА менен ҚАС ҳәм есаплаў қурылмаларына хызмет көрсетиў сервис орайларын жаратыўды, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының басқа да мәплерин есапқа алған ҳалда ЭЭЕА ҳәм ҚАС ты енгизиў ушын заманагөй есаплаў қурылмаларын ҳәм қосымша әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын тендер ҳүжжетлерин ислеп шығыў;
Азия раўажланыў банкиниң қарыз қаржылары есабынан 2021-жыл 1-декабрьге шекем республикамыздың барлық аймақларында ЭЭЕА ҳәм ҚАС ты енгизиўди жуўмақлаў бойынша заманагөй есаплаў қурылмаларын ҳәм қосымша әсбап-үскенелерди сатып алыў бойынша халықаралық тендер саўдаларының өткерилиўин жеделлестириў.
«Өзбекэнерго» АЖ жергиликли ислеп шығарыўшылардан есаплаў қурылмаларын ҳәм қосымша әсбап-үскенелерди сатып алыў процесинде, олардың техникалық параметрлериниң халықаралық тендер саўдаларын өткериў ушын таярланған тендер ҳүжжетлериниң талапларына муўапықлығын тәмийинлесин.
- Мәжбүрий орынлаў бюросы жергиликли ислеп шығарыўшылардың ең жақсы усынысларын таңлап алған ҳалда, электр энергиясын есаплаў қурылмаларын ҳәм қосымша әсбап-үскенелерди сатып алыўды параллель қаржыландырыў мақсетинде 2019-2021-жыллар даўамында Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қорынан ҳәр жылы 400 миллиард сум муғдарында салыққа тартылмайтуғын қаржыларды «Өзбекэнерго» АЖға еркин түрде ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Электр энергетикасы тармағын реформалаў бойынша әмелий илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Электр энергетикасы тармағын реформалаў бойынша Комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 3-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин, оған Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Жәҳән банкиниң топары менен биргеликте:
а) өндирис қуўатлықларын 2030-жылға шекем 20 мың мВтқа жеткерген ҳалда өндирис қуўатлықларын кеңейтиў, модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў бойынша узақ мүддетли инвестициялық бағдарламаны 2019-жыл 1-майға шекем ислеп шығыў;
б) 2019-жыл 1-мартқа шекем электр энергиясын жеткериўде мәмлекеттиң толық қадағалаўын сақлап қалған ҳалда электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм бөлистириў (сатыў) кәрханаларына жеке меншик ҳәм сырт елдиң тиккелей инвестицияларын, соның ишинде, мәмлекетлик – жеке меншик шәртлери тийкарында кеңнен тартыўды, сондай-ақ, ислеп шығарыўшы кәрханаларда тиккелей таңлаў тийкарында электр энергиясын сатып алыўдың көтере саўда базарын басқышпа-басқыш шөлкемлестириўди нәзерде тутған халда электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм сатыўды шөлкемлестириўдиң Электр энергетикасы тармағын реформалаў бойынша заманагөй схемасын ислеп шығыў;
в) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында уйымлараралық тариф комиссиясын шөлкемлестириўди нәзерде тутқан ҳалда, 2019-жыл 1-апрельге шекем электр энергетикасы тармағына жеке меншик секторды тартыўды хошаметлеўши, электр энергиясының ҳәзирги ҳәм капитал қәрежетлерин қаплаўға тийкарланған электр энергиясы тарифлерин есаплаў методологиясын таярлаў ҳәм тастыйықлаў;
г) 2019-жылда электр энергетикасы тармағы кәрханаларында корпоратив басқарыўдың заманагөй түрлери менен усылларын, қаржылық есабатлардың халықаралық стандартларын енгизиўди тәмийинлеў, сондай-ақ, тармақ кәрханаларының корпоратив облигацияларын шығарыў ҳәм халықаралық базарларға жайластырыў;
д) 2018-жыл 1-декбарьге шекем электр энергетикасы тармағында мәмлекетлик- жеке меншик шерикликтиң электр энергетикасы нормативлик-ҳуқықый базасын, тәртип-қағыйдалары менен регламентин ислеп шығыў бойынша «Жол картасы»н тастыйықлаў;
е) бар ресурс базасынан, заманагөй технологиялық тенденциялар ҳәм альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды есапқа алған ҳалда электр энергетикасы тармағында потенциаллы инвесторлар менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленсин.
- Комиссия (А.Н.Арипов) 2018-жыл 15-декабрьге шекем, республикамыздың жанылғы-энергетика комплексиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм тәртипке салыў менен байланыслы барлық комплексли мәселелерди жүклеген ҳалда, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигин шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбарын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте 2019-жылдан баслап:
Халықаралық қаржы корпорациясы менен биргеликте Наўайы ўәлаятында қуўатлылығы 100 мВт болған қуяш фото электр станциясын қурыў бойынша тәжирийбе жойбарын таңлаў тийкарында әмелге асырыўды;
халықаралық қаржы институтлары менен биргеликте елимиздиң ыссылық электр станцияларынан биринде пуў-газ қурылмасын қурыў сондай-ақ, Әндижан, Наманган, Ферғана қалаларындағы электр энергиясын тарқатыў тармақларын модерниазциялаў тәжирийбе жойбарын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырыўды;
халықаралық қаржы институтлары менен биргеликте «Ташкент қаласындағы тарқатыў тармақларын узақ мүддетли ижараға бериў» жойбары техникалық-экономикалық тийкарларының тийкарғы параметрлерин ислеп шығыўды баслаўды тәмийинлесин.
- «Өзбекгидроэнерго» АЖ гидроэлектрстанциялары тәрепинен ислеп шығарылатуғын электр энергиясы ушын төлем тутыныўшылар – физикалық шахслар ушын жуўмақланған тарифтиң 85 проценти муғдарында қәлиплесетуғын тариф бойынша әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖның;
Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының, «Өзбекэнерго» АЖ жойбарларын биргеликте қаржыландырыў ушын ажыратылған кредитлерин, тийисли дәрежеде жуўмақлаўшы төлемлер мүддетин созыў ҳәм қайта қаржыландырыўшы банклердиң миннетлемелерин реструктуризациялаў менен бирге 4-қосымшаға муўапық 3 жылға созыў;
«Чорвоқ ГЭС гидрогенераторларын олардың жумысшы дөңгелеклерин алмастырыў менен бирге модерниазциялаў» инвестициялық жойбарын қаржыландырыў ушын «Өзбекэнерго» АЖға берилген кредитти «Өзбекгидроэнерго» АЖға қайта рәсмийлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарардан келип шығып, «Өзбекэнерго» АЖ миннетлемелери бойынша бурын берилген мәмлекетлик кепилликлерге өзгерис киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Сыртқы ислер министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасында «МЭИ» миллий изертлеў университети» (Россия Федерациясы) Федерал мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
энергетика тармағына жоқары қәнигели менеджерлерди жаллаў ушын кадрларды таңлаў менен профессионаллық тийкарда шуғылланатуғын шөлкемлерди тартыў илажларын көрсин;
Бас прокуратура менен биргеликте бир ай мүддетте альтернатив электр энергиясын ислеп шығарыўшыларды бирден-бир энергетика системасына жалғаў тәртибин жетилистириў ҳәм жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
- «Өзбекэнерго» АЖ Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте:
2019-жыл 1-апрельге шекем электр энергиясы, соның ишинде, альтернатив электр энергиясын ислеп шығаратуғын исбилерменлик субъектлерин бирден-бир энергетика системасына жалғаў регламентин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
еки ай мүддетте нызамшылыққа қарсы усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.С.Султоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2018-жыл 23-октябрь