Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрам Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарларымызда турып Ўатанымыздың абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған нуранийларды ҳүрметлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде:
- Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлықбелгиленсин.
- Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қаржы министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықтың салтанатлы тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәденият министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликтекарантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалдаЎатанымыздың азатлығы ҳәм даңқын қорғаўшыларға бағышланған арнаўлы ушырасыўлар ҳәм мәдений-ағартыўшылық кешелерди өткерсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл, 20 апрель.