Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 3-ноябрьдеги «Денетәрбия ҳәм спорт тараўында кадрларды таярлаў ҳәм илимий изертлеўлер системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-414-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, спорт медицинасы тараўында кадрлар таярлаўдың заманагөй усылларын әмелиятқа енгизиў арқалы спортшыларға жоқары сапалы медициналық хызмет көрсетиўди және де жетилистириў мақсетинде:
- Төмендегилер денетәрбия ҳәм спорт тараўы ушын спорт медицинасы бағдарын раўажландырыў ҳәм кадрлар таярлаў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
кадрлар таярлаў бойынша алдыңғы инновациялық, илимий-методикалық технологияларды енгизиў арқалы оқыў процесслерин спорт-тәлим мәкемелери ҳәм миллий сайланды командалар менен үзликсиз байланыслы ҳалда шөлкемлестириў;
спорт медицинасы бағдарында кадрлар таярлаўда студентлердиң әмелий шынығыў сабақлары ҳәм әмелиятын Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайында шөлкемлестириў арқалы дуал билимлендириў системасын раўажландырыў;
сырт ел қәнигелери (спорт шыпакери, спорт диетологи, спорт физиологи, спорт фармакологи, спорт психологи)н тартқан ҳалда спорт медицинасы тараўындағы хызметкерлердиң маманлығын арттырыўды системалы жолға қойыў;
сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбесин үйренген ҳалда спорт шыпакери ҳәм спорт диетологи қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бағдарында илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятта қолланыў;
Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайының жумысын кеңейтиў ҳәм және де жетилистириў арқалы спортшыларға медициналық хызмет көрсетиў инфраструктурасын жақсылаў.
- а) денетәрбия ҳәм спорт тараўы ушын спорт шыпакери ҳәм спорт диетологи қәнигелерин таярлаў бойынша Ташкент медициналық академиясы бас жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;
б) 2024-2025-оқыў жылынан баслап:
Ташкент медицина академиясында «Спорт шыпакери» ҳәм «Спорт диетологиясы (аўқатланыў илими)» бойынша магистратура қәнигеликлери енгизилетуғыны;
Ташкент фармацевтика институтында «Экспериментлер ҳәм спорт фармакологиясы» магистратура қәнигелиги бойынша әмелдеги оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасының параметрлери еки есеге арттырылатуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов), Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов), Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов) ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Мирзаев)ниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) Ташкент ўәлаятында денсаўлықты сақлаў тараўы ушын жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў мақсетинде:
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети жанында шөлкемлестирилген медицина факультетин («Емлеў иси» тәлим бағдары) және де кеңейтиў арқалы оны Ташкент медицина академиясының Шыршық филиалы (кейинги орынларда – Филиал)на айландырыў;
Филиалда спорт медицинасы ҳәм басқа да медицина қәнигеликлерин («Емлеў иси» тәлим бағдары) және де кеңейтиў арқалы оны Ташкент медицина академиясының Шыршық филиалы (кейинги орынларда – Филиал)на айландырыў;
Филиалда спорт медицинасы ҳәм басқа да медицина қәнигеликлери («Емлеў иси», «Фармацевтика», «Педиатрия») бойынша кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў ҳәм Шыршық қаласындағы барлық түрдеги медицина мәкемелерин Филиалға клиникалық-оқыў база сыпатында бириктириў;
Ташкент ўәлаяты, Шыршық қаласы, Аранча қорғаны, А.Яссаўий мәҳәллесинде жайласқан Денсаўлықты сақлаў министрлиги қарамағындағы бурынғы 3-санлы шаңарақлық поликлиника, Шыршық қаласы, Ә.Темур мәҳәллесинде жайласқан Шыршық медицина колледжиниң имарат-объектлерин тийисли аймағы менен бирге оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Филиалға бийғәрез бериў;
Филиалға ажыратылған имарат ҳәм объектлерди зәрүрликке бола, 2024-2025-оқыў жылына шекем Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Ташкент медицина академиясының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан ағымдағы оңлаў ҳәм Филиалды усы объектлерге толық жайластырыў;
б) Филиалдың спорт медицинасы бойынша («Спорт шыпакери», «Спорт диетологи» ҳәм «Спорт фармакологи») кадрлар таярлаўға қәнигелескен факультетин Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети имарат-объектлериниң бир бөлегине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырыў арқалы спорт тараўында кадрларды комплекси таярлаў бойынша «Шыршық спорт кластери» үлгисин жаратыў.
- Филиалдың спорт медицинасы факультетин жайластырыў ушын тийисли имарат-объектлерди ажыратыў ҳәм оларды сақлаў қәрежетлери менен студентлерин жатақхана менен тәмийинлеў Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Филиалға студентлерди қабыллаў параметрлери Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғыны белгиленсин.
Онда, спорт медицинасы («Спорт шыпакери», «Спорт диетологи» ҳәм «Спорт фармакологи») бағдарларына қабыллаў параметрлери Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен берилетуғын ҳақыйқый талаптан келип шығып, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен қәлиплестириледи.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев), Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Мирзаев) 2024-жылы Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде медицина ҳәм фармацевтика бағдарында кадрлар таярлаў бойынша халықаралық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда оқыў-шынығыўлар базасын жаратыў, соның ишинде, заманагөй лаборатория, симуляция үскенелери ҳәм басқа да үскенелерди сатып алыў ҳәм бул бағдар ушын Филиалға ажыратылған имарат-объектлерди реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў илажларын көрсин.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев), Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте 2024-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик спорт-тәлим мәкемелериниң жаңаланған штат нормаларын тастыйықласын.
Онда, «Спорт шыпакери», «Спорт диетологи» ҳәм «Спорт фармакологи» қәнигелиги бойынша штат бирликлерине талабы бар болған мәмлекетлик спорт-тәлим мәкемелерине усы штат бирликлерин ажыратыў нәзерде тутылсын.
- Мәмлекетлик спорт-тәлим мәкемелериниң спорт шыпакерлери, спорт диетологлары ҳәм спорт фармакологлары Медицина хызметкерлериниң кәсиплик шеберлигин раўажландырыў орайында белгиленген тәртипте бийпул қәнигелик арттыратуғыны белгиленсин.
Онда, бул қәнигелердиң қәнигелик арттырыўы менен байланыслы әмелий сабақлар Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайында шөлкемлестириледи.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов), Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов):
жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери (спорт шыпакери, спорт диетологи, спорт физиологи, спорт фармакологи, спорт психологи)н тартқан ҳалда турақлы түрде спорт медицинасы тараўындағы қәнигелер ушын оқыў курслары, семинарлар ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестирип барсын;
2024-2025-оқыў жылына шекем Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдураҳмонов) менен биргеликте «70910233-Спорт медицинасы» ҳәм «70910401-Гигиена: нутрициология» қәнигеликлери бойынша маманлық талаплары, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (О.Қосимов), Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев) менен биргеликте:
бир ай мүддетте миллий сайланды командасы ағзаларына таярлық ҳәм жарыслардан кейинги дәўирде жоқары тәжирийбели арнаўлы медициналық әмелият өткериў хызметлерин шөлкемлестириў бойынша Қураллы Күшлер бас әскерий клиникалық госпиталы менен бирге ислесиўди жолға қойсын;
Қураллы Күшлер бас әскерий клиникалық госпиталы арқалы спортшыларға жоқары тәжирийбели арнаўлы медициналық әмелият өткериў менен байланыслы болған қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде спорт тараўын раўажландырыў бағдарламалары ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан әмелге асырылыўын нәзерде тутсын.
Онда, мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Қураллы Күшлер бас әскерий клиникалық госпиталында жоқары тәжирийбели арнаўлы медициналық әмелият өткерилетуғын спортшылар контингенти Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети тәрепинен Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен келисилген ҳалда белгиленеди.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Әндижан, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимликлериниң Нөкис, Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайдың (кейинги орынларда – Орай) регионаллық филиалларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер Орай ҳәм оның регионаллық филиаллары жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
орынларда спортшылардың физикалық жағдайы ҳәм раўажланыўын турақлы қадағалап барыў, олардағы өткир, созылмалы кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў;
спорт-тәлим мәкемелери, сондай-ақ, олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайларында жумыс алып барып атырған медицина қәнигелери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм олардың профессионал жумысына жәрдемлесиў;
спорт-тәлим мәкемелерине спорт медицинасы бағдарында илимий-методикалық жәрдем көрсетиў;
спортшылардың кеселлик ҳәм жарақатларын емлеў, сондай-ақ, оларға арнаўлы ҳәм комплексли жедел медициналық хызметлер көрсетиў мақсетинде медициналық-физикалық тәрбия диспансерлериниң ўазыйпасын орынлаў;
спортшылардың кеселлик тарийхын өзинде сәўлелендириўши бирден-бир электрон мәлимлеме системасын жаратыў;
олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайлары ҳәм қәнигелестирилген спорт-тәлим мәкемелеринде таярланып атырған профессионал спортшыларды бир жылда еки мәрте тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў ҳәм медициналық мониторинг алып барыў;
генетикалық анализлер нәтийжелеринен келип шығып, спортшыларды спорт түрлерине бириктириў ҳәм селекция системасын жолға қойыў.
- Орайдың регионаллық филиаллары жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлери сондай-ақ, бюджеттен тысқары қаржылары;
медициналық хызметлерди көрсетиў ҳәм басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;
халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.И.Икрамовқа Олимпиада ҳәм Паралимпиада, Азия ҳәм Паразия сондай-ақ, басқа да абырайлы халықаралық спорт жарысларына спортшыларды комплексли таярлаўға ажыратылған бюджет қаржыларының бир бөлегин спортшыларға тереңлестирилген медициналық хызметлерди көрсетиў ушын Орай ҳәм оның регионаллық филиалларына мақсетли бағдарлаў ҳуқықы берилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Әндижан, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ҳәкимликлери:
бир ай мүддетте Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте Нөкис, Әндижан, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларындағы мәмлекетлик мүлк болған бос турған имаратларды хатлаўдан өткерсин ҳәм оларға Орайдың регионаллық филиалларын бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырсын;
үш ай мүддетте регионаллық филиаллардың жумысын жолға қойыў ушын оларды зәрүр болатуғын қураллар ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик спорт-тәлим мәкемелериниң оқыўшылары, миллий сайланды команда ағзалары ҳәм профессионал футбол ҳәм басқа да спорт клублары спортшыларын ағымдағы ҳәм тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў тәртибин тастыйықласын.
- Орай медициналық-биологиялық ҳәм медициналық-психологиялық жақтан жарысларға таярлаўды тәмийинлеўши, спорт медицинасы тараўындағы оқыў методикалық қолланба ҳәм оқыў бағдарламаларын ислеп шығыўшы қәнигелестирилген спорт медицина мәкемеси болып есапланатуғыны;
2024-2025-оқыў жылынан баслап спорт медицинасы тараўындағы оқыў бағдарламалары ҳәм методикалық қолланбаларды ислеп шығыў тиккелей Орайдың қатнасыўында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2024-жылдан баслап ҳәр жылы спорт-тәлим мәкемелериниң қәрежетлерин қаржыландырыўда спорт-тәлим мәкемелеринде оқып атырған спортшы-оқыўшыларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў ушын зәрүр болатуғын қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги мәлимлеме қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларының кеңнен сәўлелениўин шөлкемлестирсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.И.Икрамов ҳәм денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи К.К.Куранбаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 28-июль