Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Дәрилик өсимликлерди мәдений түрде жетистириў және қайта ислеўди шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлердиң мәдений плантацияларын қурыўды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеўде дәрилик өсимликлерди кеңнен қолланыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
2022-2026-жыллары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда дәрилик өсимликлер плантацияларын қурыў ушын жер майданларын ажыратыўдың топланған мақсетли көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
2022-2026-жыллары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың аўыл хожалығына мөлшерленген жерлеринде дәрилик өсимликлер плантацияларын қурыўдың мақсетли көрсеткишлери 1.1-қосымшаға муўапық;
2022-2026-жыллары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың тоғай фонды жерлеринде дәрилик өсимликлер плантацияларын қурыўдың мақсетли көрсеткишлери 1.2-қосымшаға муўапық;
2022-2026-жыллары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың жайлаў жер майданларында геўрек мәдений плантацияларын қурыўдың мақсетли көрсеткишлери 1.3-қосымшаға муўапық;
«Бир район – бир өним» принципи тийкарында дәрилик өсимликлерди жетистириўге қәнигелестирилетуғын районлар дизими 2-қосымшаға муўапық;
Дәрилик өсимликлерди мәдений түрде жетистириў ҳәм қайта ислеўди кеңейтиў және халық арасында оннан пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери дәрилик өсимликлер мәдений плантацияларын қурыў ушын қолайлы болған жер участкаларын ашық электрон таңлаўға айма-ай график тийкарында қойып барыўды тәмийинлесин.
Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров) дәрилик өсимликлер мәдений плантацияларын қурыў ушын қолайлы болған, тоғай фондының тоғай хожалығы менен қапланбаған жер участкаларын электрон онлайн-аукционға 2022-жыл 1-августтан баслап айма-ай график тийкарында қойып барыўды тәмийинлесин.
Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги (Э.А.Салиев) 2022-2026-жыллары шафран өсимлигиниң мәдений плантацияларын қурыў ушын қолайлы болған 2000 гектар жер участкасын нызамшылықта белгиленген тәртипте берилиўин тәмийинлесин ҳәм 2022-жылы шафрон плантацияларын кеминде 2 есеге көбейтиў илажларын көрсин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) еки ай мүддетте Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте сертификатланған дәрилик өсимликлердиң туқымгершилиги ҳәм нәлшилигин жолға қойыў бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер және инновациялық илимий-техникалық жойбарлар бойынша грант таңлаўларын жәриялаўды тәмийинлесин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
мәмлекетлик медицина мәкемелеринде, соның ишинде, ҳәр бир поликлиникада, дәрилик өсимликлер жәрдеминде емлеўге мөлшерленген халық тәўипшилиги ханалары ҳәм фитобарлар шөлкемлестириледи;
Ташкент медицина академиясының клиникасы жанында Республикалық халық тәўипшилиги илимий-әмелий орайының 40 орынлық емлеў бөлими ҳәм аймақларда филиалларының жумысы жолға қойылады;
2022-жыл 1-сентябрьден баслап халық тәўипшилигин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Ибн Сина илиминиң билимлилери» таңлаўы өткериледи.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев):
2022-жыл 1-июньнен баслап нәтийжеси дәлилленген дәрилик өсимликлерди басқышпа-басқыш медициналық жәрдем көрсетиў стандартлары менен протоколларына киргизиў. Онда Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен жаңадан жаратылған және өндириске енгизилген дәри қуралларының медицина әмелиятында кең түрде қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде клиникалық протоколлар, диагностика ҳәм кеселликлерди емлеў стандартлары ҳәр алты айда қайта көрип шығылады;
үш ай мүддетте барлық мәмлекетлик медициналық билимлендириў мәкемелеринде дәрилик өсимликлер ҳәм халық тәўипшилиги бойынша билимлендириўге қаратылған кафедраларды шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизиў;
шыпакерлерди дәрилик өсимликлер ҳәм халық тәўипшилиги усыллары тийкарында емлеў бойынша қайта таярлаў ҳәм қәнигелестириўди, сондай-ақ терапевт, улыўма әмелият ҳәм шаңарақлық шыпакерлерди таярлаўда тереңлестирилген оқытыўды шөлкемлестириў;
мәмлекетлик медициналық мәкемелерде, соның ишинде, ҳәр бир поликлиникада дәрилик өсимликлер жәрдеминде емлеўге мөлшерленген халық тәўипшилиги ханаларын ҳәм фитобарларды шөлкемлестириў;
Ташкент медицина академиясы клиникасы жанында Республикалық халық тәўипшилиги илимий-әмелий орайының 40 орынлық емлеў бөлими ҳәм аймақларда филиалларының жумысын жолға қойыў;
2022-жыл 1-сентябрьден баслап халық тәўипшилигин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Ибн Сино илиминиң билимлилери» таңлаўын өткериў;
медицина әмелиятында нәтийжеси дәлилленген ҳәм тийкарғы дәри қуралларының дизимине киргизилген дәрилик өсимликлер ҳәм олардан таярланған дәри қуралларының мәмлекетлик медициналық шөлкемлер тәрепинен сатып алыныўы илажларын көрсин.
- Саўда-санаат палатасы (Д.А.Вахабов) Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (С.Х.Кариев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Л.Ш.Қудратов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, дәрилик өсимликлердиң абзаллықларын халық ҳәм шыпакерлер арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм терең қайта ислеўде илим ҳәм өндирис кәрханаларының кооперациялық байланысларын жолға қойыў ҳәм беккемлеў ушын ҳәр жылы «Ибн Сино мийрасы» халықаралық көргизбесин шәокемлестириў илажларын көрсин.
- Министрлер Кабинетиниң Аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша секретариатына дәрилик өсимликлерди жетистириўди кеңейтиў, дәрилик өсимликлер жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў ўазыйпалары жүкленсин.
Онда бул секритариатқа Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети системасындағы 1 штат бирлигин қысқартыў есабынан 1 штат бирлиги ажыратылады.
- Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине төмендеги қосымша ўазыйпадлар жүкленсин:
дәрилик өсимликлер базарының конъюнктурасын үйрениўди шөлкемлестириў, халық ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң дәрилик өсимликлер өнимлери менен тәмийинлениў жағдайын системалы таллаў ҳәм өндиристи локализациялаў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
дәрилик өсимликлер ҳәм олардан ислеп шығарылған өнимлердиң медициналық әмелияты және оларды қолланыўға байланыслы арнаўлы көрсетиўлер менен роликлер турақлы түрде көрсетилиўин шөлкемлестириў;
дәрилик өсимликлерге байланыслы илимий қолланбаларды коммерцияластырыўда жәрдемлесиў, дәрилик өсимликтаныў тармағына алдынғы сырт ел әмелиятын ҳәм халықаралық стандартларды қолланыў бойынша жумысларды муўапықластырыў;
дәрилик өсимликлер өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың талабын таллаған ҳалда ҳәр жылы Аўыл хожалығы министрлигине дәрилик өсимликлерди жетистириў көлемлери ҳаққында усыныс киргизиў.
Усы бәнтке муўапық Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине жүкленип атырған ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы штат бирликлери шеңберинде Агентликте директор орынбасары лаўазымы енгизилсин және дәрилик өсимликлерди жетистириў, қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәм илимий қолланбаларды коммерцияластырыў бойынша қосымша 5 штат бирлигинен ибарат басқарма шөлкемлестирилсин.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (С.Х.Кариев), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Б.Воитов) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте дәрилик өсимликлер тараўын раўажландырыў бойынша тәжирийбели сырт ел қәнигелери менен консультантларын тартыў илажларын көрсин.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети, Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлиги:
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте биологиялық актив қосымшалардың реклама ҳаққындағы нызамшылық талапларына қатаң әмел етилген ҳалда реклама етилиўин шөлкемлестириў илажларын көрсин;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте биологиялық актив қосымшалар, биологиялық актив қосымша сыпатында дизимге алынбаған демлеме, шөплер, парфюмерия-косметика қуралларының рекламасына байланыслы нызамшылық талаплары бузылғанда жуўапкершилик илажларын күшейтиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте дәрилик өсимликлердиң сапасын таллаў ҳәм қадағалаў бойынша халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй лаборатория қурыў мақсетинде халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт елдиң ҳүкимет қаржы шөлкемлеринен грант қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги Аўыл хожалығы министрлиги, тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Илимлер академиясы менен биргеликте үш ай мүддетте илимий медицинада ҳәм фармацевтика санаатында пайдаланылатуғын дәрилик өсимликлер және дәрилик өсимликлер жетистирилетуғын аймақлар дизимин өз ишине алатуғын электрон мағлыўматлар базасын жаратсын.
- Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры С.Х.Кариев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәкимлери менен биргеликте:
усы қарарға 1-қосымшаға муўапық жер майданларында дәрилик өсимликлер плантацияларын қурыў;
2022-жылдың ақырына шекем усы қарарға 2-қосымшаға муўапық районларды дәрилик өсимликлер жетистириўге қәнигелестириў;
дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм инвестициялық жойбарлар әмелге асырылыўын шөлкемлестириў илажларын көрсин;
б) Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң буйыртпаларына тийкарланып жабайы ҳалда өсетуғын геўрек өсимлигиниң шийки затын жыйнаў ҳәм таярлаўға квоталарды ажыратыў илажларын көрсин;
в) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев):
бир ай мүддетте жаңадан жаратылған ҳәм өндириске енгизилген дәри қураллары медицина әмелиятында кеңнен қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде клиникалық протоколлар, диагностика ҳәм кеселликлерди емлеў стандартларына киргизиў мақсетинде оларды ҳәр алты айда қайта көрип шығыў системасын енгизсин;
дәрилик өсимликлерден алынатуғын фитопрепаратлардың тутыныў базарын жаратыў, атап айтқанда, оларды дәриханалар системасында сатыўды жолға қойыў, фитопрепаратлар жаратыў технологиясында халық тәўипшилиги усылларын кеңнен қолланыў, денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынында дәрилик өсимликлерден алынатуғын фитопрепаратларды қолланыў бойынша шөлкемлестириў илажларын ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин;
бир ай мүддетте дәрилик өсимликлерди халық ҳәм шыпакерлер арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасын тастыйықлап, орынлаўға қаратсын;
еки ай мүддетте барлық медициналық жоқары оқыў орынлары, Әбу Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары ҳәм колледжлеринде, аймақлық Халық тәўипшилигин раўажландырыў орайларында тараў ушын қәнигелер таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын енгизиў бойынша усыныс киргизсин;
үш ай мүддетте дәрилик өсимликлерге байланыслы илимий қолланбаларды исбилерменлик субъектлериниң 50 процентин қаржыландырған жағдайда, қалған бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен илимий жойбарларға ажыратылған қаржылар есабынан қаржыландырыў бойынша усыныс киргизсин.
- Дәрилик өсимликлерди халықтың шаңарақларында жетистириў мақсетинде:
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов) Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери менен бирге еки ҳәпте мүддетте халық шаңарақларында дәрилик өсимликлер жетистириўди жолға қойыў бойынша илажларды ислеп шықсын;
Ташкент ўәлаяты ҳәкими З.Т.Мирзаев Ташкент ўәлаятында мақпалгүл, Наманган ўәлаятының ҳәкими Ш.Ш.Абдуразаков Наманган ўәлаятында шиповник, Ферғана ўәлаятының ҳәкими Х.Ҳ.Бозаров, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш.К.Абдурахманов өз аймақларында шай шөп сыяқлы экспортқа қолайлы дәрилик өсимликлерди кооперация тийкарында халық шаңарақларында жетистириўди жолға қойсын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов) менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мазмун-мәнисин халыққа түсиндириўге байланыслы материаллар, бир қатар телекөрсетиўлер көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
- Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң баслығы Н.Ж.Бакиров, Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң баслығы Б.Қ.Шарипов, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.А.Хаитов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 20-май