Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесинде банк системасында хызмет көрсетиўдиң базар механизмлери енгизилмекте, олардың түрлери көбеймекте, исбилерменлерге ҳәм халыққа қаржы ашық-айдынлығы артып бармақта.

Халық ушын валюта алмастырыў әмелиятларын әмелге асырыўды жеңиллететуғын жаңа банк хызметлери енгизилди, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен шет ел валютасын сатып алыў ушын имканиятлар жаратылды.

Соның менен бирге, банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине, әсиресе, аймақларда әмел етиў және қаржы ашық-айдынлығын кеңейтиў, сондай-ақ, хызмет көрсетиў мәденияты ҳәм банк системасына болған исенимди буннан былай да арттырыўда бир қатар машқалалар менен кемшиликлер бақланбақта. Атап айтқанда:

бириншиден, кредитлерди ажыратыў бойынша қарар қабыл етиўде ўәкилликлер ҳәдден тыс орайласқаны бас банклер ҳәм олардың филиаллары арасындағы жуўапкершиликтиң анық шеклениўине шеклемекте;

екиншиден, кредит буйыртпаларын көрип шығыўдың қурамалы механизмлери кредитлерди жедел алыў имканиятларын шегараламақта;

үшиншиден, коммерциялық банклер тәрепинен микроқарызлар ажыратылыўы имканиятының жоқ екени микроқарызларды алыў дәрежесин арттырыўды тәмийинлемей атыр, микрокредит шөлкемлери ҳәм ломбардлардың хызметлери бойынша жоқары процент ставкалары көпшилик жағдайларда тутыныўшылардың қаржы жағдайы төменлеўине алып келмекте;

төртиншиден, усақлап сатыў банк хызметлери базарының төмен дәрежеде раўажланғаны ҳәм қарыйдарлар менен бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойыўдың заманагөй көзқарасы жоқ екени артықша бюрократия ҳәм шубалаңқылыққа ушын тийкар жаратпақта;

бесиншиден, банк карталары тийкарында нақ пулсыз есап-санақларды әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик процессинг шөлкеминиң жоқ екени усақлап төлеў системаларының қәўипсизлик, үзликсизлик ҳәм исенимлилик дәрежесине тәсир етпекте ҳәм халықтың кең қатламлары ушын ашық-айдын инновациялық жойбарларды әмелге асырыўда заманагөй технологиялық шешимлерди алға қойыўға тосқынлық етпекте;

алтыншыдан, кредитлерди (микроқарызларды) көрип шығыў ҳәм ажыратыў ушын хызмет ҳақылары ҳәм басқа да төлемлердиң өндирилиўи қарыздың реал баҳасы артыўына алып келмекте;

жетиншиден, шәртнамаларға хызметлер ушын тарифлер, ажыратылған кредитлер ҳәм қабыл етилген депозитлер бойынша процент ставкаларды бир тәреплеме өзгертиўди нәзерде тутатуғын шәртлерди киргизиў, сондай-ақ, бир хызметти қосымша хызметтен пайдаланыў шәрти менен көрсетиў банк хызметлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықларын бузбақта;

сегизиншиден, банк төлем карталарынан шет ел валютасын шешиў бойынша шеклеўлердиң бар екени ҳәм банкоматлар санының жеткиликли емеслиги валюта алмасыў әмелиятларын әмелге асырыўда хызмет көрсетиўди талап дәрежесинде тәмийинлемей атыр.

Көрсетип өтилген машқалаларды сапластырыў, банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў механизмлерин буннан былай да жетилистириў ҳәм инновациялық раўажланыўдың тенденцияларын есапқа алған ҳалда қаржы ашық-айдынлығы дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыўды тәмийинлеў ҳәм банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири екени белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қурамлық структурасында банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў, қаржы ашық-айдынлығын ҳәм халықтың және исбилерменлик субъектлериниң қаржы ҳаққында саўатлылығын арттырыў тийкарғы ўазыйпалары болған Банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў хызмети шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки банк хызметлери тутыныўшыларның ҳуқықларын қорғаў ўазыйпаларын орынлаўда:

банк системасында системалы кемшиликлер ҳәм банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары бузылыўын анықлаўға, сондай-ақ, олардың алдын алыўға;

банк хызметлери тутыныўшылары ҳуқықларының бузылыўына жол қойған кредит шөлкемлерине жуўапкершилик илажларын көриўди тәмийинлеўге;

банк хызметлери тутыныўшыларының бузылған ҳуқықларын тиклеўде мәсләҳәт бериўге ҳәм көмеклесиўге;

қаржы ашық-айдынлығы дәрежесин арттырыў ҳәм банк хызметлери тутыныўшыларының саўатлылығын арттырыўға айрықша итибар қаратсын.

  1. 2018-жыл 1-июльден коммерциялық банклер:

дәслепки руқсатларсыз ҳәм шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерсиз қарыйдарларға тиккелей хызмет көрсетиў аймағына тосқынлықсыз киретуғыны;

қарыйдарды дәслепки қабыл етиў ҳәкимшилик хызметкерлеринен көрсетилип атырған банк хызметлери ҳаққында дәслепки мәсләҳәтлерди алатуғыны;

кредит (микроқарыз) бериў ҳаққындағы қарарды қабыл етиўдиң басқышпа-басқыш процесин ҳәм кредит (микроқарыз) бериў ҳаққында хабардар етиў ямаса оны бериўди тийкарлы түрде бийкарлаў тәртибин көрсеткен ҳалда кредит буйыртпаларын ашық-айдынлық тийкарында дизимнен өткериў ҳәм көрип шығыў ушын шараятларды жарататуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Кредит шөлкемлерине:

микроқарыз шәртнамалары, сондай-ақ, ломбардлар тәрепинен дүзилген кредит шәртнамалары бойынша жыллық қарыз суммасының ярымынан көп муғдарында процентлер есаплаў, комиссия өндириў ҳәм неустойка (штраф, пеня), жуўапкершиликтиң басқа илажларын қолланыў;

кредит буйыртпаларын көрип шығыў, ссуда есап бетлерине хызмет көрсетиў, кредит ажыратыў ушын төлемлер, сондай-ақ, физикалық шахслар ҳәм киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен кредитлер (микроқарызлар)ди мүддетинен алдын қаплаў ушын неустойка өндириў қадаған етиледи.

  1. Коммерциялық банклерге:

банк жумысының алдынғы халықаралық тәжирийбесин үйрениў ҳәм банк хызметлери менен өнимлериниң жаңа түрлерин енгизиў;

банк хызметлерине болған талапты ҳәм өзин қаплаўды есапқа алған ҳалда банк филиаллары ҳәм мини-банклер тармағын кеңейтиў;

филлиаллардың кредит ажыратыўда бас банклер менен қосымша келисимсиз еркин қарарлар қабыл етиў бойынша ҳуқықларын кеңейтиў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки:

а) 2018-жыл 1-апрельге шекем Өзбекстан Республикасы аймағында физикалық шахслар тәрепинен халықаралық төлем карталарына сатып алынған шет ел валютасын коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген лимитлер шеңберинде нақ түрде шешип алыў механизмин енгизсин;

б) 2018-жыл 1-апрельге шекем коммерциялық банклер менен биргеликте шет ел валютасының алды-сатты операцияларын әмелге асырыў ҳәм халықаралық төлем карталарынан ақша қаржыларын шет ел ҳәм миллий валютадағы мүддетли аманатларға өткериўди тәмийинлейтуғын физикалық шахслардың есапбетлерин аралықтан турып басқарыў системасын енгизсин;

в) 2018-жыл 1-майға шекем:

Банк хызметлери тутыныўшылары менен өз-ара қатнасықлар әмелге асырылыўында коммерциялық банклердиң жумысына қойылатуғын минимал талаплар ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

коммерциялық банклерге микроқарызлар ажыратыў ҳуқықы берилиўин нәзерде тутатуғын нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

банк хызметлери  тутыныўшыларының ҳуқықлары кредит шөлкемлери тәрепинен бузылған жағдайда оларға Орайлық банк тәрепинен санкциялар қолланылыўы бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге қосымшалар киргизсин;

потенциал қарыз алыўшының кредитке жармлы дәрежесин баҳалаў және физикалық шахсларға ҳәм киши шахсларға киши исбилерменлик субъектлерине кредитлер (микроқарызлар) ажыратыў мүддетлерин қысқартыў имканиятын беретуғын коммерциялық банклер тәрепинен өз скоринг моделин жаратыў имканиятына ийе болған кредит бюросында скоринг моделиниң бар екени бойынша талап орнатылыўын нәзерде тутатуғын режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

г) 2018-жыл 1-июльге шекем  Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте банклер – жергиликли ҳәм халықаралық банк карталары бойынша есап-санақлар қатнасыўшылар арасында мәлимлеме ҳәм технологиялық өз-ара қатнасықларды тәмийинлейтуғын және тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер етип белгиленген Миллий банк процесиниң орайын жаратыў Концепциясын ислеп шықсын:

транзакциялардың қәўипсиз ҳәм үзликсиз әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын миллий усақлап төлеў системасын дүзиў ҳәм раўажландырыў;

қолайлы төлем хызметлерин жаратыў ҳәм раўажландырыў;

нақ пулсыз төлемлерди әмелге асырыўда инновациялық өнимлерди, соның ишинде, тиккелей сөйлесиўсиз ҳәм мобиль технологияларын раўажландырыў және алға қойыў;

тиккелей сөйлесиўсиз ҳәм мобиль технологияларын, биринши гезекте, социаллық-турмыслық хызмет көрсетиў, транспорт, саўда, улыўма аўқатланыў тараўларында, әсиресе, аймақларға енгизиў;

халықаралық төлем системалары менен өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў;

д) 2018-жыл 1-июльге шекем Өзбекстан банклери ассоциациясы ҳәм коммерцияық банклер менен биргеликте резидент емеслердиң төлем карталары барлық төлем терминаллары тармағы арқалы қабыл етилиўин тәмийинлейтуғын жергиликли төлем системаларын тийкарғы халықаралық төлем системалары менен интеграциялаў процесин жуўмақласын;

е) 2018-жыл 1-ноябрьге шекем коммерциялық банклер менен биргеликте туристлер көбирек баратуғын орынларда күни-түни режиминде ислейтуғын автоматластырылған валюта алмастырыў шақапшалары шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан банклери ассоциациясына банклер хызметлериниң ғалабалығын арттырыўдағы ҳәм банк жумысын жетилистириўдеги ролин күшейтиўге қаратылған, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыў усыныс етилсин:

Өзбекстан банклери ассоциациясының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў Концепциясын тастыйықлаў;

банк системасы хызметкерлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыў, алдынғы халықаралық тәжирийбеден келип шығып шет ел банклери менен тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте шет елли қәнигелерди тартқан ҳалда халықтың қаржы туўралы саўатлылығын арттырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

банк хызметлери ғалабалығының әҳмийетли машқалалары, халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм оны республикалық банк хызметлери базарында қолланыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, банклер ҳәм олардың қарыйдарлары ушын мәлимлеме-талқылаў ҳәм консалтинг хызметлерин шөлкемлестириў бойынша темаға байланыслы излениўлер алып барыў;

аралықтан банк хызметлерин көрсетиўди раўажландырыў бойынша заманагөй ҳәм алдынғы банк хызметлерин әмелге асырыў басламаларын алға қойыў, жаңа мәлимлеме технологияларын енгизиў;

банк хызметлериниң жаңа түрлерин ҳәм өнимлерин анықлаўға және оларды соңын ала республика банклерине енгизиў мақсетинде алдынғы шет ел банклериниң жумысын үйрениў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:

жыйналып барылатуғын пенсия системасындағы пуқаралар ушын есапланған қаржылар;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына пуқаралардың есапланған қамсызландырыў төлемлери;

салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша есапланған қарыздарлықлары;

идентификациялаў ушын физикалық шахслар ҳәм исбилерменлик субъектлери;

физикалық шахслардың мүлки ҳәм басқа да алған дәраматлары;

юридикалық шахслардың қаржы жағдайы ҳаққындағы мәлимлемелерди алыў имканиятын беретуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм кредит бюро арасында мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм электрон алмасыўдың Бирден-бир ведомстволараралық мәлимлеме системасын жаратыў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери коммерциялық банклерге филиаллар, мини-банклер ҳәм автоматластырылған валюта алмасыў шақапшаларын шөлкемлестириўге зәрүр болған жер участкаларын орнатылған тәртипте ажыратыўға көмеклессин.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Өзбекстан банклер ассоциациясы ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен ислеп шығылған банкоматлар тармағын қосымша кеңейтиўдиң 2018-жылға мөлшерленген болжаў көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
  3. Коммерциялық банклер ҳәм процессинг шөлкемлери тәрепинен алып кирилетуғын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) 2020-жыл 1-январьға шекем болған мүддетке азат етилетуғын үскенелер, бағдарламалық тәмийнат, толықтырыўшы ҳәм басқа да материаллардың дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Министрлер Кабинети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен усынылатуғын исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги механизмин банк кредитлери бойынша процентли қәрежетлердиң айырым бөлимлерин қаплаўда республика аймақларының социаллық-экономикалық жағдайынан келип шыққан ҳалда дифференциялластырылған көзқарас усылын қолланыў тийкарында қайта көрип шықсын.
  5. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқаровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 23-март