Өзбекистан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы

Елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, олардың түрли тармақларда және тараўларда өз қәбилетлери менен имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў, ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине сөзсиз әмел  етилиўин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, усы тараўдағы жумыслардың жағдайы ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен мақсетли жумысларды шөлкемлестириў, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты беккемлеўдиң ҳәм саламатландырыўдың нәтийжели механизмлерин жаратыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенинен дәрек береди. Соның ишинде:

бириншиден, жәрдемге мүтәж болған ҳәм социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў системасы жоқ, жумыссыз ҳәм социаллық белсенди болмаған ҳаял-қызлар менен жеке тәртипте жумыс алып барыў әмелияты жолға қойылмаған, ҳаял-қызлар арасында бәнтликке көмеклесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыс нәтийжесиз шөлкемлестирилген;

екиншиден, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, заманагөй үлгили шаңарақларды қәлиплестириў, оның руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарлары ҳәм дәстүрий шаңарақлық қәдриятларын беккемлеў бойынша мақсетли жумыслар алып барылмай атыр, ерте некелердиң, шаңарақлардағы келиспеўшиликлер менен ажырасыўлардың алдын алыў бойынша илажлардың нәтийжелилиги төмен дәрежеде қалмақта;

үшиншиден, ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын қорғаў бойынша жумыс жеткиликли дәрежеде шөлкемлестирилмеген, аналар кеселлиги ҳәм перинатал кеселликлердиң профилактикасы ҳәм олардың алдын алыў бойынша нәтийжели система, әсиресе, алыс аўыллық жерлерде жоқ;

төртиншиден, ҳаял-қызлар арасындағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша нәтийжели илажлар көрилмей атыр, ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, оларға юридикалық мәсләҳәтлер бериў механизми заман талапларына жуўап бермейди;

бесиншиден, ҳаял-қызлар комитетиниң кең көлемли ўазыйпалары зәрүр ўәкилликлердиң жоқлығы ҳәм шөлкемлестириў-штат бирликлериниң жетиспеўи шараятында ҳаял-қызлардың ең әҳмийетли машқалаларын шешиў бағдарында олардың күш ҳәм имканиятларын толық жумсаў мүмкиншилигин бермей атыр;

алтыншыдан, Республикалық «Шаңарақ» илимий-әмелий орайы шөлкемлестириўшилик бойсыныўының анық емеслиги ҳәм зәрүр қаржыландырыў дәреклериниң  жоқлығы, шаңарақлық машқалаларды үйрениў және оларды сапластырыў бойынша әмелий, илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў бойынша оған жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўына тосқынлық етпекте;

жетиншиден, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, шаңарақты беккемлеў, келиспеўшиликлер менен ажырасыўлардың алдын алыў тараўында кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў бойынша жумыслар шөлкемлестирилмеген.

Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда:

  1. Төмендегилер Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

бириншиден, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў және олардың елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы ролиин ҳәм белсендилигин арттырыў;

екиншиден, ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлардың, соның ишинде, майыплығы болған ҳаял-қызлардың мәнзилли дизимлерин дүзиў, оларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў;

үшиншиден, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет шараятларын жақсылаў, ҳаял-қызларды, әсиресе, аўыллық жерлердеги жас қызларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке кеңнен тартыў мәселелеринде ҳәр тәреплеме мәнзилли қоллап-қуўатлаў;

төртиншиден, ҳаял-қызлар  арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, биринши гезекте, ҳуқықбузарлыққа бейим болғанлар менен жеке тәртипте жумыс алып барыў және жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген ҳаял-қызлардың социаллық реабилитациясы ҳәм бейимлесиўи бойынша илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар және пуқаралық жәмийети институтлары менен тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеў.

  1. Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң басшылары бәринен бурын:

орынларда аўыр жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған ҳаял-қызларды өз ўақтында анықлаўға, олар менен жеке тәртипте және анық мақсетке бағдарланған жумысларды алып барыўға, оларды мәнзилли қоллап-қуўатлаўға;

ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың арасында шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликти, өнерментшиликти раўажландырыў бойынша әмелий илажларды әмелге асырыўға;

ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылық профилактикасын нәтийжели шөлкемлестириўге, соның ишинде, олардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық қәдриятларын беккемлеўге жеке жуўапкер екени белгиленсин.

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлигиниң 2018-жыл 1-апрельден пуқаралар жыйынларының диний ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы орнына тийисли штат бирликлерин районлық (қалалық) ҳаял-қызлар комитетлери структурасына өткерген және жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў тәртибин сақлаған ҳалда ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдриятларды беккемлеў бойынша қәниге (кейинги орынларда – қәниге деп аталады) лаўазымын енгизиў бойынша усынысына келисим берилсин.

Қәниге лаўазымы ҳәр бир пуқаралар жыйынларында 1 еўден, шаңарақлар саны 2000 ҳәм оннан зыят болған пуқаралар жыйынларында болса 2 еўден енгизилетуғыны;

қәниге пуқаралар жыйынының имаратында жайласатуғыны, лаўазымы бойынша пуқаралар жыйыны кеңесиниң қурамына киретуғыны ҳәм пуқаралар жыйыны менен тығыз биргеликте өз жумысын әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес пенен биргеликте 2018-жылдың 1-апрелине шекем пуқаралар жыйынларының диний ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икарамлылық тәрбия мәселелери бойынша ҳәр бир мәсләҳәтшисиниң жумысын сын көзқарастан үйренип шықсын ҳәм нәтийжелери бойынша жаңадан киргизилген қәниге лаўазымларына жеткиликли билим дәрежесине, жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерине ийе болған, өзине жүкленген ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде орынлай алатуғын шахсларды тайынлаў илажларын көрсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, ўәлаят орайлары болған қалалық,  районлық (қалалық) ҳаял-қызлар комитетлери атқарыў аппаратларының үлги структуралары 3-, 4-, 5-қосымшаларға муўапық;

Ҳаял-қызлар комитетлери атқарыў аппараты хызметкерлериниң шекленген санына салыстырмалы категорияланған ўәлаят орайлары болған қалалардың, районлар(қалалар)дың дизими 6-қосымшаға муўапық мақуллансын.

  1. Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети баслығының биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары статусы, мийнетине ҳақы төлеў шәртлери, материаллық тәмийнаты, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў бойынша тийисли түрде министрдиң биринши орынбасары ҳәм министр орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети орайлық аппаратының хызметкерлерине, бурынғысынан өзгеше тәризде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары хызметкерлериниң жумысын буннан былай да жетилистириўди ҳәм материаллық хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 9-январьдағы ПҚ-2722-санлы қарарының 1–бәнтинде белгиленген ҳәр айлық үстемелер қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы (кейинги орынларда «Оила» орайы деп жүргизиледи) ҳәм оның аймақлық бөлимлери Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети жанындағы Республикалық «Оила» илимий-әмелий орайы тийкарында шөлкемлестирилсин және төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

шаңарақ институтын беккемлеў бойынша, бәринен бурын, «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» концептуаллық идеясын турмысқа енгизиўге бағдарланған бирден-бир салық сиясатын алып барыў, бул тараўда нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

шаңарақтың репродуктивлик саламатлығын ҳәм демографиялық раўажланыўын, оның абаданлығын арттырыў ҳәм тынышлығын беккемлеў мәселелерин комплексли үйрениўди шөлкемлестириў, бул бағдарлар бойынша методикалық усынысларды ислеп шығыў ҳәм нәтийжели енгизиў;

заманагөй шаңарақты раўажландырыў, шаңарақтың ишки қатнасықлары, адамлар арасындағы қарым-қатнасты, бай мәдений тарийхый мийрас ҳәм дәстүрий шаңарақлық қәдриятлар машқалалары бойынша фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди өткериў, олар тийкарында шаңарақ институтын беккемлеў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў ҳәм шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

улыўмаинсаныйлық ҳәм миллий шаңарақлық қәдриятларды, ерли-зайып, ата-ана ҳәм перзентлер, ерли-зайып ҳәм олардың ата-аналары арасындағы қатнасықларды талқылаў тийкарында заманагөй үлгили шаңарақтың критерияларын белгилеў, сондай-ақ, заманагөй шаңарақтың үлги түрин және «Шаңарақ жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында» конституциялық принципин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жәмийетке сиңдириў жумысларын алып барыў;

мәмлекетлик уйымлар, ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте тынышсыз ҳәм машқалалы шаңарақларды анықлаў ҳәм олардың мәнзилли дизимлерин дүзиў, руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын жетилистириў, келиспеўшиликлердиң алдын алыў, шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў ҳәм миллий менталитетимизге қайшы болған түрли жат қәўип-қәтерлерге қарсы турыў мақсетинде олар менен тиккелей байланыс орнатыў;

шаңарақ-неке қатнасықлары тараўында әмелиятты үйрениў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша халықаралық ҳәм шет елли шөлкемлер, илимий-изертлеў мәкемелери  менен бирге ислесиўди әмелге асырыў.

  1. «Оила» орайының директоры ҳәм оның орынбасарлары Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

«Оила» орайының директоры статусы, мийнетине ҳақы төлеў шәртлери, материаллық тәмийнаты, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў бойынша министрге, директордың орынбасарлары болса министр орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

«Оила» орайының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери «Оила» орайына ҳәм тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлық (қалалық) ҳәкимликлерге есап беретуғыны;

«Оила» орайының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармаларының, районлық (қалалық) бөлимлериниң басшылары тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимлери тәрепинен «Оила» орайының директоры менен келисе отырып лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгиленсин.

  1. «Оила» орайының директоры ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң басшылары бәринен бурын:

шаңарақ институтын беккемлеў, жәмийетке оның заманагөй үлгидеги түирин сиңдириў бойынша сапалы изертлеў жумысларын әмелге асырыў және тәсиршең, илимий тийкарланған ҳәм әмелий усынысларды ислеп шығыўға;

шаңарақта, әсиресе, некениң дәслепки дәўирлеринде ерли-зайыплы ҳәм олардың ата-аналары арасындағы қатнасықларды беккемлеў, ерте неке қурыўдың ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигине;

тынышсыз ҳәм машқалалы шаңарақларды өз ўақтында анықлаўға, олардағы социаллық-руўхый орталықты саламатландырыўға, келиспеўшилик жағдайларының алдын алыўға ҳәм шаңарақлық қатнасықларды жақсылаў бойынша илажлар көриўге жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм «Оила» орайы ўәкиллерин олардың ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары менен байланыслы болмаған мәжилислерге ҳәм басқа да илажларға тартыў қадаған етилсин.

Мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң басшылары бул талапты бузғаны ушын ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекем болған жеке жуўапкершилиги ҳаққында қатаң ескертилсин.

  1. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм судлар «Оила» орайына оның сораўына бола орайға жүкленген ўазыйпаларға байланыслы болған зәрүр ҳүжжетлер, статистикалық ҳәм басқа да мағлыўматлар, талқылаў материаллары, жуўмақлар ҳәм басқа да мәлимлемениң берилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң 2018-жыл 1-апрельден ПҲАЖ уйымларын олардың неке қатнасықларына байланыслы актлерди рәсмийлестириў, шаңарақ институтын беккемлеў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыўға байланыслы болған тийкарғы жумыс бағдары бойынша районлық (қалалық) ҳәкимликлерге бойсындырыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

ПҲАЖ уйымының жумысы, «Оила» орайының районлық (қалалық) бөлими және ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша басқа да структуралардың жумысын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў район (қала) ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар комитетиниң баслығына жүкленсин.

  1. «Оила» орайының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық басқармалары жанында медициналық кәсип-өнер колледжлери тийкарында жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, шаңарақтағы келиспеўшиликлерди шешиўдиң ҳуқықый ҳәм психологиялық тийкарларын үйретиў, ажырасыўлардың алдын алыў, сондай-ақ, шаңарақтағы руўхый-әдеп-икрамлылық қәдриятларды бекемлеўге байланыслы басқа да мәселелер бойынша кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў бойынша арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестирсин.

Арнаўлы оқыў курсларында қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў «Оила» орайы тәрепинен Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте ислеп шығылатуғын ҳәм тастыйықланатуғын оқыў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекистан Жаслар аўқамы, «Исбилермен ҳаял» ассоциациясының Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға ҳәм шаңарақларға, майыплығы болған ҳаял-қызларға материаллық жәрдем көрсетиў;

ҳаял-қызларға шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликти, өнерментшиликти шөлкемлестириўде, мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер бойынша билим ҳәм көнликпелерди ийелеўге көмеклесиў.

  1. 2018-жыл 1-марттан баслап Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Республикалық «Оила» орайы ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң басқарыў аппаратының хызметкерлери қурамына киретуғын пенсионерлерге, олардың бул шөлкемлердеги жумысы бирден-бир болған жағдайда, пенсиялары толық төленетуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм «Шаңарақ» орайының шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлери структураларында жас өспирим қызлар ҳәм фертиль жасындағы ҳаял-қызлар ушын «ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары»н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын ҳәм төмендегилер олардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

шаңарақты режелестириў, контрацепция усыллары, ҳәмилени жасалма түрде түсириў ҳәм жынысый жоллар арқалы жуғатуғын кеселликлердиң алдын алыў бойынша, соның ишинде, аноним тәризде, мәсләҳәтлер бериў;

аналардың ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық акушер-гинекологиялық ҳәм социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў;

репродуктивлик саламатлықты қорғаў, аналық ҳәм перинатал кеселликлердиң ҳәм өлимшиликтиң алдын алыў саласында халықтың билимин ҳәм санитариялық мәдениятын арттырыўға қаратылған илажларды өткериў.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары», сондай-ақ, олардың тийкарғы ўазыйпалары бойынша «жедел байланыс тармағы»ның жумысын шөлкемлестириў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети қарарының жойбарын киргизсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм жәмийетлик жумыста айрықша жетискенликлерге ерискен он төрт жасқа толған ҳәм отыз жастан аспаған қәбилетли қызларға ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасынан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан еки талабанға бериледи;

улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелериниң Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болған оқыўшылары бакалавриатқа, бакалавриат студентлер болса жоқары оқыў орнының магистратурасына тийисли бағдар ҳәм қәнигелик бойынша кириў сынақларысыз мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыл етиледи.

  1. Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик және инта көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм абаданлығының беккемлениўине, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан ҳаял-қызларға берилетуғын «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин.
  2. Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволардың, жергиликли ҳәкимият уйымларының басшыларына Комплексли илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети:

а) бир ай мүддетте:

«Оила» орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын, олардың структураларын тастыйықлаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў тәртибин, ҳәр бир хызметкердиң ўәкилликлери менен жуўапкершилиги анық белгилениўин нәзерде тута отырып, шөлкемлестириў;

арнаўлы оқыў курсларының, Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының жумысын шөлкемлестириў;

районлық (қалалық) ҳаял-қызлар комитетиниң ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдриятларын беккемлеў бойынша қәнигесиниң жумысын, оның жумысының нәтийжелилигин баҳалаў критерияларын, сондай-ақ, «Мўътабар аёл» көкирек белгиси ҳаққындағы режелерин тастыйықлаў;

аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзент(лер)ин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналар ушын қолай шараятларға ийе арзан жайларды қурыў бойынша аймақлық мәнзилли бағдарламаларды, сондай-ақ, жайларды бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққындағы қарарлар қабыл етилсин;

б) үш ай мүддетте Өзбекистан Республикасы шаңарақ институтын беккемлеў Концепциясының жойбарын киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Оила» орайы менен биргеликте бир ай мүддетте:

тынышсыз ҳәм зәрүр шаңарақлардағы кеселлиги, соның ишинде, репродуктивлик саламатлық пенен байланыслы кеселлиги бар шахсларды анықлаў ҳәм оларға мәнзилли медициналық жәрдем көрсетиў;

Республикалық «Ана ҳәм бала скрининги» орайы ҳәм Республикалық халықтың репродуктивлик орайы және олардың бөлимлериниң жумысын биргеликте үйрениў, сондай-ақ, олардың халыққа көрсетип атырған хызметлерин раўажландырыўға байланыслы усыныслар ислеп шығыў бойынша өз-ара бирге ислесиў тәртибин тастыйықласын.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетин, «Оила» орайын, «Saodat» журналы ҳәм «Оила ва жамият» газетасы редакцияларын жайластырыў ушын имаратлар ажыратыў ҳаққында усыныс киргизсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери «Оила» орайы менен биргеликте еки ай мүддетте жергиликли бюджет ҳәм бюджеттен тыс қаржылардың есабынан «Оила» орайының аймақлық бөлимлерин барлық шараятларға ийе болған хызмет бөлмелери, зәрүр мебель ҳәм инвентарьлар, компьютер техникасы, байланыс қураллары ҳәм Интернет тармағы менен тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги усы Пәрманды әмелге асырыў ушын 2018-жылға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде зәрүр болған бюджет қаржыларын ажыратсын, 2019-жылдан баслап болса ҳәр жылы усы қаржыларды нәзерде тутсын.
  4. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2004-жыл 25-майдағы ПП-3434-санлы Пәрманы 2018-жылдың 1-апрелинен өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  5. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, «Оила» орайы және басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте усы Пәрманнан келип шығып, соның ишинде, ПҲАЖ уйымларының районлық (қалалық) ҳәкимликлерге бойсындырылыўы мүнәсибети менен әдиллик ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының ўәкиллиги ҳәм функцияларын шегаралаўды нәзерде тутқан ҳалда, нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усынысларды еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Т.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 2-февраль

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

Ўатанымыздың раўажланыўында, шаңарақ ҳәм жәмийет турмысында ҳаял-қызлар айрықша орынға ҳәм статусқа ийе. Елимиз халқының дерлик 50 процентин қурайтуғын ҳаял-қызлар социаллық-руўхый, сиясий-экономикалық турмыстың барлық тараўларында, атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыў ҳәм ўәкиллик уйымларында, өндирис, исбилерменлик, фермерлик, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, ағартыўшылық, мәденият ҳәм басқа да социаллық тараўларда нәтийжели мийнет етпекте.

Ҳәзирги ўақытта елимиз ҳаял-қызлары арасында 514 илим докторы, 6 академик, 15 Өзбекистан Қаҳарманы, 17 сенатор, 15 Нызамшылық палатасы депутаты бар екени, сондай-ақ, жергиликли Кеңеслер депутатларының 23 процентинен асламын және илим, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында мийнет етип атырғанлардың 72 процентин әйне ҳаял-қызлар қурайтуғынын айрықша атап өтиў керек.

Елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етилиўинн тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды түрли тараўларда ҳәм тармақларда өз қәбилетин ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ бул тараўдағы жумыслардың жағдайы ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен мақсетли жумысларды шөлкемлестириў, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў ҳәм саламатландырыўдың нәтийжели механизмин жаратыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенин көрсетпекте.

Қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап- қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында жүзеге келген кемшиликлер ҳәм машқалалар ҳәр тәреплеме талқыланған.

Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўларындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде комитет жумысының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди. Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жаңаланған структуралары тастыйықланды.

Пәрман менен 2018-жыл 1-апрельден пуқаралар жыйынларының диний ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымының орнына ҳәр бир пуқаралар жыйынларында 1 еўден, шаңарақлар саны 2000 ҳәм оннан зыят болған пуқаралар жыйынларында болса 2 еўден ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлық қәдриятларды беккемлеў бойынша қәниге лаўазымы енгизилди.

Шаңарақлық қәдриятлар ҳәм дәстүрлер бағдарында фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди алып барыў мақсетинде Республикалық «Оила» илимий-әмелий орайы тийкарында Министрлер Кабинети жанында өз алдына «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди. Шаңарақтың репродуктивлик саламатлығы ҳәм демографиялық раўажланыўы, заманагөй үлгили шаңарақтың критерияларын белгилеў, шаңарақ-неке қатнасықлары тараўында әмелиятты үйрениў ҳәм тәжирийбе алмасыў бағдарында халықаралық ҳәм шет елли шөлкемлер, илимий-изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиўди әмелге асырыў менен бир қатарда «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» концептуаллық идеясы және «Шаңарақ жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында» конституциялық принципин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жәмийетке сиңдириў «Оила» орайының тийкарғы ўазыйпаларының қатарынан орын алды.

Соның менен бирге, Ҳаял-қызлар комитети және «Оила» орайының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, ўәкилликлери шеңберин анық белгилеп алыў мақсетинде комитет және орай, олардың аймақлық бөлимлери басшыларының ҳаял-қызлар мәселелерин шешиўдеги жеке жуўапкершилик шегаралары белгилеп қойылды.

Пәрманға муўапық 2018-жыл 1-апрельден баслап ПҲАЖ уйымлары олардың неке қатнасықларына байланыслы актлерди рәсмийлестириў, шаңарақ институтын беккемлеў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыўға менен байланыслы болған тийкарғы жумыс бағдары бойынша районлық (қалалық) ҳәкимликлерге бойсындырылады. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелеринде системалы  бирге ислесиўди тәмийинлеў мақсетинде ПҲАЖ уйымы, «Шаңарақ» орайының районлық (қалалық) бөлими және ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша басқа да структуралардың жумысын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў районлық (қалалық) ҳәкимниң орынбасары – ҳаял-қызлар комитетиниң баслығына жүкленди.

Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекистан Жаслар аўқамы, «Исбилермен ҳаял» ассоциациясының шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелерине байланыслы белсендилигин атап өткен ҳалда, Пәрманда Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилди. Атап өтиў керек, бул жәмийетлик қордың тийкарғы ўазыйпасы аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға ҳәм шаңарақларға, майыплығы болған ҳаял-қызларға материаллық жәрдем көрсетиў, ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламаларына көмеклесиў болып табылады.

Пәрманда нәзерде тутылған және бир әҳмийетли мәселелерден бири бул  шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлери структураларында «ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары»н шөлкемлестириў болып, бул мәсләҳәтханалар тиккелей орынларда жас өспирим қызлар ҳәм фертиль жасындағы ҳаял-қызларға зәрүр мәсләҳәтлерди береди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 1999-жыл 10-июньдағы ПП-2326-санлы Пәрманына муўапық Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық 14 жастан 22 жасқа шекем болған қәбилетли қызларға Қарақалпақстан Республикасынан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан бир ўәкилине берилген еди.

Енди жаңа Пәрманға муўапық, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық он төрт жасқа толған ҳәм отыз жастан аспаған қәбилетли қызларға Қарақалпақстан Республикасынан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан еки талабанға бериў белгиленди ҳәм жас шегарасының узайтылғаны билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем-өнер, спорт тараўларында жетискенликлерге ерискен және илимий изленислер менен шуғылланып атырған илимпаз қызларымыз ушын кең имканиятлар есигин ашып береди.

Пәрманда белгиленген жаңа тәртипке муўапық улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелериниң Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреатлары болған оқыўшылары бакалавриатқа, бакалавриат студентлер болса жоқары оқыў орнының магистратурасына тийисли бағдар ҳәм қәнигелик бойынша кириў сынақларысыз мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыл етиледи.

Ҳаял – уллы, ҳаял – әзиз. Пәрманға муўапық жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик ҳәм инта көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм абаданлығының беккемлениўине, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан ҳаял-қызларға берилетуғын «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.

Елимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж, майыплығы болған шахслардың жасаў шараятларын жақсылаў, оларға жеңилликли турақ жайлардан ажыратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. 2017-жыл турақ жайға мүтәж, майыплығы болған 1207 ҳаялға арзан турақ жайлар ажыратылды. Бул бағдардағы жумысларды және де жеделлестириў мақсетинде Пәрман менен Министрлер Кабинетине социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларға қолай шараятларға ийе арзан жайларды қурыў ҳәм бериў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ўазыйпасы жүкленди.

Пәрманда белгилеп берилген әҳмийетли бағдарлар ҳәм ўазыйпаларды әмелиятқа енгизиўди тәмийинлеўге қаратылған 5 бөлим ҳәм 56 бәнттен ибарат «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы» тастыйықланды.

Қабыл етилген Пәрман ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығып, олардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги орнын және статусын беккемлеўге, потенциалын толық көрсетиўге, шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты және де саламатландырыўға хызмет етеди.