Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Автомобиль транспортында жүк тасыўшы исбилерменлик субъектлериниң автотранспорт қураллары паркин және де жаңалаў ҳәм модернизациялаў, жергиликли жүк тасыўшылар ушын қолайлы бәсеки орталығын жаратыў, сондай-ақ, автомобильде халықаралық тасыўлар тараўын раўажландырыўдың унамлы тенденциясын сақлап қалыў мақсетинде:
- Жүк тасыў ушын мөлшерленген, ислеп шығарылғанына 7 жылдан артпаған төмендеги транспорт қуралларын 2025-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасына импорт етиўде оларға бажыхана бажысының, утилизация жыйымының ҳәм автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын автотранспорт жыйымларының нольлик ставкалары қолланылсын:
«Евро-5» ҳәм оннан жоқары экологиялық категорияның талапларына сәйкес келетуғын автотранспорт қураллары (СЭЖ ТН кодлары 8701 20, 8704 22 (самосваллардан тысқары);
тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер (СЭЖ ТН кодлары 8716 31, 8716 39).
- Европа Аўқамы мәмлекетлеринде ислеп шығарылған, ислеп шығарылғанына 7 жылдан артпаған төмендеги транспорт қураллары 2025-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасына импорт етиўде мәжбүрий сертификатластырыўдан азат етилсин:
«Евро -5» ҳәм оннан жоқары экологиялық категорияның талапларына сәйкес келетуғын жүк ҳәм арнаўлы автотранспорт қураллары;
автомобиль транспортында жүк тасыў ушын пайдаланылатуғын тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
Усы қарарға қосымшаның 2-бәнти «б» киши бәнти ҳәм 3-бәнти «в» киши бәнти ол рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен кейин күшке киретуғыны белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип транспорт министри И.Р.Махкамов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 19-август