Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде қаракөлшилик өнимлерин ислеп шығарыў көлемлерин арттырыў ҳәм олардың түрлерин көбейтиўге қаратылған кең көлемли структуралық өзгерислер әмелге асырылды.

Өткен ўақыт ишинде қаракөл ҳасыл туқымлы қойлардың бас саны дерлик 2 есеге көбейип, тараўда алып барылған илимий-изертлеўлердиң нәтийжесинде қаракөл қойларының түрлери ҳәм шөлдеги от-жемлик егинлердиң жаңа сортлары жаратылды.

Соның менен бирге, төмендегилер қаракөлшилик тараўының жедел раўажланыўына өзиниң кери тәсирин көрсетпекте:

бириншиден, қаракөл ҳасыл туқымлы қойлардың генетикалық өзгешеликлериниң бузылыўы, қойлардың салмағының азайыўы;

екиншиден, шөлде от-жем ислеп шығарыўды интенсивлестириўдиң илимий ҳәм әмелий тийкарлары жаратылмағаны, азықлық шөл өсимликлериниң перспективалы сортларының дәслепки туқымгершилигин шөлкемлестириў жумысларының жолға қойылмағаны;

үшиншиден, жайлаўларды раўажландырыў ҳәм олардың зүрәәтлигин арттырыўға қаратылған илимий ҳәм инновациялық қолланбалардың енгизилмегени, жайлаўлардағы бар суў объектлериниң гөнергени;

төртиншиден, қаракөлшилик пенен шуғылланып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм халық тәрепинен жетистирилген қой терисин, қаракөл терисин ҳәм жүнин сатып алыў, оларға от-жем өнимлерин жеткерип бериўдиң бирден-бир системасы жоқ екени;

бесиншиден, қаракөлшилик өнимлерин қайта ислеў ҳәм таяр өнимлерди ислеп шығарыўға қәнигелескен кәрханалардың модернизацияланбағаны, бул тараўда жаңа заманагөй технологиялар тийкарында жумыс алып баратуғын кәрханалардың қурылмағаны;

алтыншыдан, қаракөлшилик тараўында жумыс ислейтуғын хызметкерлерди хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў механизминиң жоқ екени және олардың унамсызлығы.

Қаракөлшилик тараўын буннан былай да реформалаўды тәмийинлеў, тараўда нәсилшилик жумысларын илимий тийкарда жолға қойыў ҳәм дүнья базары талапларына жуўап беретуғын сапалы қаракөл терилерин жетистириў, Бухара қаракөлиниң абыройын қайта тиклеў ҳәм тараўдың экспорт потенциалын арттырыў, қаракөлшилик өнимлерин ислеп шығарыўдың көлемин кеңейтиў ҳәм жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Республикалық «Қаракөлшилик» ассоциациясы, Өзбекстан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайы ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң:

Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институтының Бухара филиалын (кейинги орынларда – Филиал);

Өзбекстан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайына қараслы Бухара шөл жайлаў от-жемлик өсимликлер туқымгершилиги илимий-өндирислик орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Филиалдың структурасы 1-қосымшаға муўапық ҳәм Орайдың структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайының бас директорына, зәрүр жағдайларда Филиалдың ҳәм Орайдың структураларына хызметкерлердиң тастыйықланған улыўма шекленген саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў қоры шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилер Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

нәсилшилик ҳәм жасалма туқымландырыў жумысларын илимий тийкарда системалы шөлкемлестириў, онда қунлы, экспортқа қолайлы ярым шеңбер, қабырға тәризли, жалпақ буйра типлериндеги сур ҳәм қара реңли қаракөл қойлары селекциясын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыў;

Бухара ўәлаятының қаракөлшиликке қәнигелескен фермер хожалықларында илимий қолланбаларды әмелиятта сынаў ҳәм оның унамлы нәтийжелерин өндириске кеңнен енгизиў;

ҳасыл туқымлы қошқарлардың реңи ҳәм типи бойынша аймақлар ҳәм хожалықлар кесиминде алмасыўын шөлкемлестириў;

қаракөлшилик тараўы раўажланған шет еллердиң тәжирийбесин ҳәм қаракөлшиликте алып баралып атырған нәсилшилик ҳәм селекция жумысларын үйрениў және бул бағдарда ерисилген алдынғы жетискенликлерди енгизиў.

  1. Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Шөл аймақларында от-жем ислеп шығарыўды интенсивлестириўдиң илимий ҳәм әмелий тийкарларын жаратыў, от-жемге қолайлы шөл өсимликлериниң перспективалы сортларының дәслепки туқымгершилигин шылығын шөлкемлестириў;

от-жемге қолайлы шөл егинлериниң туқымлары жетистирилетуғын жерлерге алдынғы агротехникалық илажларды енгизиў, ол жерлерди сапалы туқымлар менен тәмийинлеў ҳәм туқым жетистириў көлемин кеңейтиў;

жайлаўлардың топырақ ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда сәйкес сортларды таңлаў ҳәм олардың туқымларын жедел көбейтиў;

эрозияға ушыраған жайлаў жерлерин анықлаў ҳәм оларды тиклеў және зүрәәтлилигин арттырыў ушын от-жемге қолайлы шөл егинлерин егиў жумысларын шөлкемлестириў;

қаракөлшиликке қәнигелескен хожалықлардың талабына тийкарланып от-жемге қолайлы егинлердиң туқымларын жеткерип бериў.

  1. Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Республикалық «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте Орай тәрепинен от-жемге қолайлы шөл өсимликлериниң туқымларын жетистириў мақсетинде Бухара ўәлаятының топырақ ҳәм ықлым шараятынан келип шығып 4 участка шөлкемлестирилип, оларға жәми 1000 гектар жайлаў жер майданларын ажыратып бериў;

Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Филиал ҳәм Орайды бир имаратта орналастырыў илажларын көрсин.

Орай республиканың басқа да ўәлаятларында өз филиалларын шөлкемлестириўи ҳәм келешекте Орай және оның филиалларының жумысын мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилик тийкарында жолға қойыў мүмкинлиги белгиленсин.

  1. Төмендегилер Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты (кейинги орынларда – Институт), Филиал ҳәм Орайдың жумысын қаржыландырыўдың тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:

Институт, Филиал ҳәм Орайды сақлаў, соның ишинде, хызметкерлердиң мийнет ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди әмелге асырыў ушын ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

хожалық жумысынан алынатуғын дәраматлар;

халықаралық қаржы ҳәм басқа да институтлардың, шет ел шөлкемлериндиң грантлары, сондай-ақ, нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажландырыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаўлардың нәтийжелери бойынша ажыратылатуғын грант қаржылары.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажландырыў министрлиги тәрепинен ажыратылатуғын грант қаржылары қаракөлшилик тараўы бойынша әмелге асырылып атырған анық қолланба ҳәм жойбар басламаларын хошаметлеў мәселелери ушын бағдарланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Институт, Филиал ҳәм Орайды сақлаў, хызметкерлер ушын бюджет есабынан мийнет ҳақы төлеўге байланыслы қәрежетлер ушын зәрүр қаржыларды 2018-жыл 1-апрельден Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери шеңберинде ажыратсын, 2019-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде нәзерде тутсын.
  2. Орайдың шөл жайлаў өсимликлериниң туқымларын жетистириў ҳәм оларды шөл аймақларында егиўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан, соның ишинде, 2018-жылы 2,5 миллиард сум муғдарында ажыратылатуғын қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети эрозияға ушыраған жайлаў майданларын тиклениў дәўиринде жайлаў сыпатында пайдаланылмаўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.

9 . Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығы бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан Филиал ҳәм Орайда заманагөй жоқары технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген илимий лабораториялар шөлкемлестириў және Орайды аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын;

бир ай мүддетте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте аўыл хожалығы бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2018/2019 оқыў жылынан баслап қаракөлши селекционер ҳәм шөл өсимликлериниң жайлаўтаныўшысы бағдарында сыртқы бөлимди шөлкемлестириў бойынша тийкарланған усыныслар, сондай-ақ, Институт структурасын оптималластырыў ҳәм оның жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша Ҳүкиметлик қарардың жойбары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Сондай-ақ:

а) 2023-жыл 1-январьға шекем қаракөлшилик пенен шуғылланып атырған субъектлер ҳәм қаракөлшилик өнимлерин қайта ислеў кәрханалары қаракөлшилик ушын зәрүр болған, республикада ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша импорт етилетуғын материаллар ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилетуғыны;

б) қаракөлшилик өнимлерин ислеп шығарыўшылар ушын бирден-бир жер салығы ставкалары 2023-жыл 1-январьға шекем өзгериссиз қалдырылатуғыны;

в) республика аймағында қаракөл терисин ҳәм жүнин таярлаў және сатып алыў «Ўзбекчармпойабзали» ҳәм «Қаракөлшилик» ассоциациялары системасындағы кәрханалар тәрепинен алдынала 50 процентлик төлем төлеў арқалы әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, «Ўздонмаҳсулот» АК, «Ўзпахтаёғ» АЖ, Республикалық товар-шийки зат биржасы, «Ўзбекчармпойабзали» ҳәм «Қаракөлшилик» ассоциациялары менен биргеликте бир ай мүддетте қаракөлшилик пенен шуғылланып атырған субъектлер тәрепинен жетистирилген қой терисин, қаракөл терисин ҳәм жүнин сатып алыў, сондай-ақ, оларға аралас жем, арпа, пахта шроты ҳәм шелухасын жеткерип бериў системасы енгизилиўин нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Бухара, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында қаракөлшилик тараўында нәсилшилик-селекция жумысларын жетилистириў, дүнья базары талапларына сәйкес болған бәсекиге шыдамлы қаракөл терисин ислеп шығарыў ҳәм оны қайта ислеўди қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Қаракөл» ассоциацияларының Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки филиалларында ашылатуғын арнаўлы есап-бетлер түринде Қаракөлшиликти раўажландырыў қорлары (кейинги орынларда – Қорлар) шөлкемлестирилсин.
  3. Қорлардың тийкарғы ўазыйпалары етип:

дүнья базарында қаракөлшилик өнимлерине болған талап ҳәм усынысларды, қаракөлшилик тараўы раўажланған шет еллердиң алдынғы тәжирийбелерин үйрениў, маманлығын арттырыў мәселелери бойынша жергиликли қаракөлши қәнигелердиң хызмет сапарларын шөлкемлестириўди;

республика көлеминде ҳасыл туқымлы қаракөл қошқарларын хожалықлараралық алмастырыў бойынша көргизбели семинарлар шөлкемлестириў қәрежетлерин;

қаракөлшилик тараўында жергиликли ҳәм шет ел қәнигелериниң қатнасыўында көргизбели оқыў-семинарларын өткериўди;

республикада қаракөлшилик өнимлерин экспорт етиўде қаракөлшилик кәрханаларын қоллап-қуўатлаўды;

қаракөлшиликке қәнигелестирилген фермер хожалықлары ҳәм нәсилшилик кәрханаларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў және қаракөлшилик өнимлерин қайта ислеў кәрханасын шөлкемлестириў ушын Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки филиаллары арқалы 3 жыл мүддетке 3 процентлик жыллық ставка бойынша кредик линияларын ашыўды қаржыландырыў болып есаплансын.

  1. 14. Төмендегилер Қорларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың, қайырқомлық қорларының грантлары, қәлеўи бойынша төлемлери, шет елли донорлардың қаржылары;

Қорлардың ўақтынша бос қаржыларын орналастырыўдан түсетуғын дәраматлар,

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Коммерциялық банклердиң өз қаржылары және Бухара, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ҳәкимликлериниң жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклериниң есабынан усы қарардың 3-қосымшасына муўапық Қорлардың дәслепки қаржыларын қәлиплестириў ҳаққындағы басламалары мақуллансын.

Бухара, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ҳәкимликлери 2019-2020-жыллар даўамында Қорлар қаржыларының өзлестирилиўинен келип шығып, зәрүрликке бола, жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан тийисли қаржылар ажыратыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банкине «Қаракөлшилик» ассоциациясы қурамына киретуғын Бухара ўәлаяты аймағында қаракөлшилик пенен шуғылланып атырған кәрханаларда, фермер ҳәм дийқан хожалықларында бар қара көл қойларының нәсилин жақсылаў мақсетинде сырттан ҳасыл туқымлы қойлар сатып алыў және ўәлаятта қаракөл терисин, жүнин қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў, қолда барларын модернизациялаў жойбарларын қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан аспайтуғын ставка бойынша 30 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредит қаржыларын ажыратыў усыныс етилсин.
  2. Қаракөлшилик пенен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлерине қаржылай жәрдем көрсетиў мақсетинде жасалма туқымландырыў пунктлерин модернизациялаў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў, сырттан ҳасыл туқымлы қойлар, қаракөлшиликке қәнигелескен кәрханалар, фермер ҳәм дийқан хожалықлары ушын зәрүр технологиялық әсбап-үскенелерди сатып алыў, қаракөл терисин, жүнин қайта ислеў, от-жемлик шөл өсимликлерин жетистириўге мөлшерленген жайлаўларды раўажландырыў ҳәм олардың зүрәәтлилигин арттырыўға байланыслы жойбарларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик бағдарламасынан ресурс қаржылары ажыратылыўына, кепиллик берилиўине және кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсациялар төлениўине руқсат берилсин.
  3. «Ўзбекчармпойабзали» ассоциациясы, Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки 2018-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-январьдағы ПҚ-2718-санлы «Азық-аўқат, тери аяқ кийим ҳәм фармацевтика санаатындағы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған кредит линияларының есабынан Бухара қаласында қаракөл териси шийки затын терең қайта ислеў кәрханасы шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
  4. «Өзагротехсанаатхолдинг» ҳәм «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетлери қаракөлшилик жумысы менен шуғылланытуғын субъектлерге шөл жайлаў от-жемлик өсимликлериниң туқымларын жетистириў ҳәм оларды шөл аймақлдарында егиўге байланыслы агротехникалық илажларды әмелге асырыў ушын талап етилетуғын техникаларды лизинг тийкарында жеткерип бериў илажларын көрсин.
  5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимликлери усы қарардың 4-ҳәм 5-қосымшаларына тийкарланып 2018-2020 жылларда узақ шөл аймақларында қаракөл қойларын суўғарыў объектлери (тик ҳәм шахталы қудықлар)н оңлаў ҳәм жаңаларын қурыўға байланыслы қәрежетлер ушын жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан дәслепки есап-санақларға бола, 45 миллиард сум қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, зәрүрликке бола, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимликлериниң сораўына тийкарланып жылдың ақырына шекем қайтарыў шәрти менен усы мақсетлер ушын республика бюджетинен бюджет ссудалары ажыратылыўын тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм тийисли ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң суўғарыў объектлерин оңлаў ҳәм қурыў жумысларының мақсетке муўапықлығы бойынша орнатылған тәртипте гидрогеологиялық жуўмақлары және қудықларды ең мақул орынларда қазыў бойынша усыныслары тийкарында суўғарыў объектлерин оңлаў ҳәм жаңаларын қурыў жумысларын әмелге асырыў және олардың сақланыўы бойынша қадағалаў орнатыў бойынша жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги Саўда-санаат палатасы, Республикалық «Қаракөлшилик» ҳәм «Ўзбекчармпойабзали» ассоциациялары менен биргеликте бир ай мүддетте қаракөл терисин халықаралық жүн ким зыят саўдаларында реализациялаў ҳәм потенциалы жоқары шет елли шериклерди табыў арқалы сыртқы базарларға шығыў, өзбек қаракөл терисиниң халықаралық көлемдеги брендин тиклеў бойынша усынысларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимликлерине, қоңсылас мәмлекетлерге шегаралас районлардың ҳәкимлерине қаракөлшилик өнимлерин республикадан сыртқа нызамсыз алып шығып кетиўдиң алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлардың жеткиликли емеслиги көрсетип өтилсин.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети аймақлық структураларының баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлери қаракөлшилик өнимлериниң, республикадан сыртқа нызамсыз алып шығып кетиў жағдайларының өз ўақтында алдын алыў бойынша жумыслардың жағдайы ушын жеке жуўапкер екени белгиленсин.

  1. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте қаракөлшилик тармағында әмелге асырылып атырған реформалардың мақсети, мазмуны ҳәм мәниси халықтың арасында турақлы түрде кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары З.Т.Мирзаевқа «Қаракөлшилик» ассоциациясының баслығы Н.Э.Юлдашовқа ҳәм Бухара ўәлаятының ҳәкими Ў.И.Барноевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 14-март