Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў, Қараөзек, Кегейли, Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Нөкис, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели, Шымбай, Шоманай районларында (кейинги орынларда – арқа районлар) бар жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығын ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмиийнлеў ҳәм дәраматын арттырыў және қолайлы агробизнес орталығын жаратыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң 2027-жыл 1-январьға шекем арқа районларда жайласқан бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыўдың бурынғысынан басқаша тәризде төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
аукцион саўдаларында сатылған баҳасына қарамастан барлық қарыйдарларға сатып алыў төлемлерин 7 жыл мүддетке бөлип төлеў имканиятын бериў;
аукцион саўдаларында сатылған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери бойынша дүзилген алды-сатты шәртнамаларға муўапық 3 ай ишинде толық төлегенде шәртнама баҳасының 25 процентине тең муғдарда шегирмелер бериў;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыўға аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос тураған жер участкаларына ижара ҳуқықын электрон онлайн-аукционда сатып алыў баҳасын 5 жыл даўамында бөлип төлеў имканиятын жаратыў;
район ҳәкимликлери балансындағы бос тураған имаратларды жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында исбилерменлик субъектлерине таңлаў арқалы бериў ҳәм имаратты район ҳәкимлиги балансында қалдырыў, үш жылдан соң жеке меншик шерикке мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойыў ўақтында баҳаланған баҳаның 50 проценти муғдарында ҳақы төлеўдиң есабынан бес жыл даўамында төлеў шәрти менен берилген имаратларды меншиклестириў имканиятын бериў.
- Арқа районларда 2025-жыл 1-январьға шекем эксперимент түринде аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен ҳәм жаңадан өзлестириўге мөлшерленген жер майданларын инвесторларға «E-AUKSION» электрон саўда платформасында ашық-айдын электрон таңлаў тийкарында 30 жылға аўыл хожалығы жумысын жүргизиў ушын ижараға бериўдиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби енгизилсин:
а) ижара ҳуқықын утып алыўға төленетуғын төлемниң ең көп муғдарын усынған талабан жоқары әҳмийетке ийе болып, қалған нормалар бойынша балл бериў тәртиби қолланылмайды;
б) ашық электрон таңлаў жеңимпазы ижара ҳуқықын жеңип алыў ушын төленетуғын төлемниң ең көп муғдарының 50 процентин төлеген дәўирден баслап, бул жер майданларына ижара ҳуқықын үшинши шахсқа сатыўы ҳәм усы ҳуқықты коммерциялық банктен кредит алыў ушын гиреўге қойыўы мүмкин;
в) арқа районлардан дизимнен өтип, усы жер майданларында жумыс алып баратуғын аўыл хожалығына қәнигелескен исбилерменлик субъектлерине (буған кластерлер кирмейди) бул жумыстан алынатуғын дәраматы бойынша айланыстан алынатуғын салық, сондай-ақ, усы районлардағы аўыл хожалығы өнимин жетистириў ҳәм сақлаў мақсетинде пайдаланылатуғын жер учаткалары ҳәм мүлк бойынша юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкалары 50 процентке азайтылады;
г) Аўыл хожалығы министрлигиниң талапларына муўапық пайдаланыўдан шыққан суўғарылатуғын жерлерди өзлестириў, суўғарылатуғын жерлерде жер дүзиў, бузылған жерлерди рекультивациялаў бойынша жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм аўыл хожалығы жерлериниң автоматластырылған жер-мәлимлеме системасын жаратыў ҳәм жаңалып барыў жумысларына Мәмлекетлик бюджеттен қаржылар ажыратылады;
д) аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған ҳәр бир гектар жерди пайдаланыўға киргизиў және зәрүрликке бола суўғарыў тик қудығын бураўлаў ямаса насос станциясын қурыў ҳәм иске түсириў бойынша қәрежетлердиң бир бөлеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан дүзилген инвестициялық шәртнама ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим шеңберинде бир мәрте қаплап бериледи.
Қаржы министрлиги Суў хожалығы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларын пайдаланыўға киргизиўде зәрүрликке бола суўғарыў тик қудығын бураўлаў ямаса насос станциясын қурыў ҳәм иске түсириў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
е) аўыл хожалығы жерлерин пайдаланыўға киргизген жерден пайдаланыўшыларға аўыл хожалығы егинлерин еркин жайластырыў ҳуқықы бериледи.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Кадастр агентлиги 2022-2023-жылларда ҳәр бир арқа район кесиминде кеминде 1 000 гектар аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен және жаңадан өзлестирилетуғын жер майданларын электрон саўдаға шығарыў ушын анықласын.
Бас прокуратура электрон саўдаға ҳақыйқатында да пайдаланыўдан шығып кеткен аўыл хожалығы жерлери қойылып атырғаны үстинен қадағалаў орнатсын.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги 2024-жылдың ақырына шекем усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған экспериментти буннан былай да жетилистириў ҳәм оны Сурхандәрья, Қашқадәрья, Бухара, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының айрықша районларына енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Министрлер Кабинети он күн мүддетте Қарақалпақстан Республикасы районларында аўыл хожалығы пайдаланыўдан шығып кеткен және жаңадан өзлестирилип атырған жер майданларын аўыл хожалығы жумысын жүргизиў ушын инвесторларға «E-AUKSION» электрон саўда платформасында ашық электрон таңлаў тийкарында ижараға бериў тәртибин тастыйықласын.
- Төмендегилер:
2022-2024-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен суўғарылатуғын жер майданларын 2022-2024-жылларда қайта пайдаланыўға киргизиў көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бас министрдиң орынбасарлары Ш.М.Ғаниев, Ж.А.Қучқоров еки ҳәпте мүддетте:
2022-2024-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н:
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты тараўларында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизимин;
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығында қайта пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданларына 2022-2024-жылларда аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў көрсеткишлерин;
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында 2022-2024-жылларда жаңа мийўели бағларды жаратыў ҳәм мийўели бағларды түрлер бойынша орналастырыў көрсеткишлерин;
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында 2022-2024-жылларда жаңа жүзим атызларын жаратыў бойынша көрсеткишлерди;
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында қайта пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданларында 2022-2024-жылларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин түрлери бойынша жетистириў ҳәм реализациялаўдың прогноз көрсеткишлерин;
Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында шарўашылық, қус бағыў (түйешилик, жылқышылық, шошқа, бөдене, түйеқус бағыў) бағдарлары бойынша 2022-2024-жылларда әмелге асырылатуғын жойбарлар көрсеткишлерин тастыйықласын.
- Суў жетиспейтуғын мәҳәллелер (аўыллар)де Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорына ажыратылған қаржылардың есабынан белгиленген тәртипте суўғарыў тик қудықлары қазылатуғыны ямаса каналлардан суў шығырыўға насос агрегатлары орнатылатуғыны белгиленсин.
Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине халықтың қыйтақ жерлеринен, ижараға берилген жерлерден нәтийжели пайдаланыў, аймақ климаты ҳәм жерлериниң зүрәәтлилигинен келип шыққан ҳалда аўыл хожалығы өсимликлерин дурыс таңлаў, тәрбиялаў және өним жетистириў ушын ҳәр бир районға бир агрономнан бириктириў және олардың ҳәким жәрдемшилери менен бирге ислесиўин тәмийинлеў усыныс етилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги, районлар ҳәкимликлери ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте өзлестирилетуғын жаңа жер участкаларын ижараға бериў ушын олардың қысқа мүддетлерде ашық электрон таңлаўға шығарылыўын тәмийинлесин.
- «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети қайта пайдаланыўға киргизилген пайдаланыўға киргизилген ҳәм өзлестирилген жерлерде және басқа да егислик жерлерде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын бюджет қаржылары есабынан электр тармақлары ҳәм трансформатор пунктлериниң қурылысын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы районларында жасайтуғын ҳәм исбилерменлик жумысын алып баратуғын физикалық тәреплерге Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәр жылы тастыйықланатуғын параметрлер шеңберинде қуяш фотоэлектрик станциясы, қуяш суў ысытыў системалары ҳәм самал электр станцияларын қурыўда комплектлеўши бөлеклерди сатып алыў қәрежетлериниң 30 проценти муғдарында, бирақ 3 миллион сумнан аспайтуғын муғдарда компенсациялар берилетуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билмлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик грантлар бойынша белгиленген квоталар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасындағы аўыл хожалығы ҳәм мәлимлеме технологиялары бағдарларындағы жоқары билимлендириў мәкемелерине арнаўлы қосымша қабыллаў квоталары ажыратылыўын тәмийинлесин.
Онда, арнаўлы квота бойынша оқыўға қабылланған жаслардың жоқары мағлыўматқа ийе болғаннан соң жоллама берилген кәрхана, шөлкем ҳәм басқа да мәкемелерде кеминде 5 жыл даўамында мийнет етиў миннетлемеси нәзерде тутылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорының есабынан:
арқа районларда турақлы жасайтуғын жетим, бағыўшысын жойытқан ямаса майыплығы болған және профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған жаслардың төлемли-контракт суммасының 100 процентке шекемги, бирақ базалық есаплаў муғдарының 60 есесинен аспаған муғдарда төлеп бериў;
арқа районларда турақлы жасайтуғын жаслардың Өзбекстан Республикасында жумыс алып барып атырған жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриаттың күндизги билимлендириў түринде және магистратура басқышында төлемли-контракт тийкарында билим алыўы ушын коммерциялық банклер тәрепинен тәлим кредитлери ажыратылыўында усы қордың кепиллигин бериў;
IELTS имтихан системасынан 6 ҳәм оннан жоқары көрсеткишти, TOEFL имтихан системасынан 60 ҳәм оннан жоқары көрсеткишти көрсеткен арқа районларда турақлы жасайтуғын жаслардың бул имтиханларды тапсырыў қәрежетлерин АК «Халық банк»тиң районлық филиаллары арқалы толық қаплап бериў;
арқа районларда турақлы жасайтуғын жаслардың заманагөй кәсип, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, шет тиллери ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша алты айға шекем мүддетли оқыў курсларында оқыўы ушын ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының 4 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратыў;
арқа районларда турақлы жасайтуғын социаллық қорғаўға мүтәж қәбилетли жаслардың илим, спорт, көркем өнер ҳәм мәденият бағдарларындағы алты айға шекем мүддетли оқыў курсларында оқыўы ушын ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының 1 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратыў;
арқа районларда турақлы жасайтуғын социаллық қорғаўға мүтәж қәбилетли жаслардың илим, көркем өнер ҳәм мәденият бағдарларындағы олимпиада, таңлаў ҳәм жарыслардың жергиликли басқышларына қатнасыў қәрежетлери ушын базалық есаплаў муғдарының 4 есесине шекем және халықаралық басқышларда қатнасыў қәрежетлери ушын базалық есаплаў муғдарының 40 есесине шекем муғдарда субсидия ажыратыў;
арқа районларда турақлы жасайтуғын жасларды билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, «IT» ҳәм пәнлер бойынша оқытыўға қәнигелескен оқыў орайлары жайласқан имаратлардың үш ай мүддетке шекем турақ жай емес ижара қәрежетлери ушын базалық есаплаў муғдарының 50 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратыў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси арқа районлардағы «Жаслар дәптери» қорларының қаржылары есабынан «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм арқа районларда турақлы жасайтуғын жаслардың жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларына таярлық көриўи ушын олардың мәмлекетлик емес мәкемелеринде билим алыў қәрежетлерин қаплаў илажларын көрсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агетлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм мақсет-ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Р.Сариев белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 30-май