Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимиздиң бай ҳәм әййемги тарийхынан белгили болғанындай, бабаларымыз тәрепинен мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў ең бийбаҳа қәдрият ҳәм дәстүрлерден болып табылады. Сол қәдриятларымызды избе-из даўам еттирген ҳалда кең көлемли дөретиўшилик жумысларын барлық аймақларда әмелге асырыў арқалы аўыл халқы ушын мүнәсип шараятларды жаратыў ҳәм олардың турмыс мәдениятын буннан былай да арттырыў, ең тийкарғысы, жасларды қайырқомлық ислерине шақырыў айрықша әҳмийетке ийе.
Ҳәр ким өзи жасайтуғын үйди, мәҳәлле ҳәм аўылды абаданластырыўға үлесин қосса, елимиз абат болады, абат елде жасайтуғын адамлардың кейпияты жақсы болыўы тәмийинленеди.
Соның менен бирге, елимиз халқының 49 проценти жасайтуғын аўыллық жерлерде салмақлы демографиялық, мийнет ҳәм экономикалық потенциал жәмленетуғынына қарамастан, олар ушын зәрүр шараятлар жаратып берилмеген, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға жеткиликли итибар қаратылмаған. Соның ишинде, кейинги жылларда пахта, ғәлле ҳәм басқа да аўыл хожалықғы өнимлерин жетистириўде үлеси жоқары болған дийқан-фермерлердиң ҳәм басқа да топарлардағы халықтың күнделикли турмыс талаплары толық тәмийинленбеген.
Бундай жағдай аўыллық елатлы пунктлерди түп-тийкарынан қайта жаңаламай ҳәм оны социаллық-экономикалық жақтан раўажландырмай турып, елимизди заманагөй раўажланған мәмлекетке айландырыўға тосқынлық етпекте. Атап айтқанда, аймақларға сапар етиўлер ўақтында орынлардағы ҳақыйқый жағдай менен танысыў, тиккелей мәҳәллелер менен шаңарақларға кирип барыў және халық пенен пикирлесиўдиң нәтийжелери төмендеги системалы машқалалар бар екенин көрсетпекте.
Бириншиден, жергиликли ҳәкимликлер, «Давархитектқурилиш» комитетиниң аймақлық уйымлары ҳәм жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери тәрепинен қала қурылысының нормаларына ҳәм қағыйдаларына әмел етпеген ҳалда, имаратларды ҳәм турақ жайларды тәртипсиз және өз басымшалық пенен қурыў жағдайларына шек қойылмай атыр. Қурылыс жумысларының аўыл ҳәм мәҳәлле дәрежесинде комплексли қатнаслар тийкарында алып барылмаўы нәтийжесинде аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбети ескише көринисте қалмақта.
Екиншиден, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖның төменги системасындағы қәрханалары тәрепинен аўыллық елатлы пунктлерине ишимлик суўын, газ ҳәм электр тармақларын, трансформатор пунктлерин эксплуатациялаў қанаатландырарсыз жағдайда алып барылыўы ақыбетинде зәрүр инфраструктуралар гөнерген ҳәм жарамсыз аўҳалға келип қалған.
Үшиншиден, қала қурылысы нормалары менен қағыйдалары аймақлардың өзине тән өзгешеликлерине сәйкеслендирилмегени ақыбетинде аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин жақсылаў, атап айтқанда, усы аймақларда автомобиль жолларын ҳәм жолбойының инфраструктурасын жаратыў, абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм ирригация системаларын қурыў тәртипсиз түрде алып барылмақта.
Төртиншиден, жергиликли бюджетлер ҳәм тармақлық шөлкемлер тәрепинен аўыллық елатлы пунктлерде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын комплексли тәризде әмелге асырыў ушын қаржыландырыў системасы жолға қойылмаған.
Бесиншиден, ең ашынарлысы сонда, халықтың айырым бөлеги бул жағдайға көнликкен, жатып ишерлик кейпиятына берилип кеткени ақыбетинде өзиниң турақ жайларын, ҳәўлисин ҳәм қыйтақ жерлерин сақлаўға итибар қаратпай қойған. Халқымыз «Қус уяда көргенин ислейди» деген нақылды ядынан шығарып, өз шаңарағын азада ҳәм тап-туйнақтай етпеў перзентлеримиз бенен ақлықларымыздың тәрбиясына кери тәсир етпекте.
Алтыншыдан, абаданластырыў жумысларына белсендилерди, кең жәмийетшиликти ҳәм пуқараларды тартыўға жеткиликли итибар қаратылмай ҳәм анық бир системалы нәтийжели жумыслар алып барылмай атыр. Әсиресе, бул жумыслар сектор басшылары, мәкан пуқаралар жыйынлары, ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм Жаслар аўқамының аймақлық буўынларының итибарынан шетте қалған және бул бағдарда қатаң инталылық ҳәм муўапықластырыў жетиспейди.
Жетиншиден, аймақларда дәстүрий болып қалған шембиликлерди тек ғана «көзаба»ға байрам күнлерине жақын сәнелерде жүзеки өткериў әдетке айланған.
Жоқарыдағылардан келип шығып, аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў, жол-транспорт, инженерлик-коммуникациялық инфраструктурасын және социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм сол тийкарда халықтың турмыс мәдениятын арттырыў ҳәм дүньяға көзқарасын кеңейтиў мақсетинде:
- 1. Усы жылдың 1-апрелинен баслап республиканың ҳәр бир районы менен қаласында, бәринен бурын, алыс ҳәм тәбийғый ықлым шараяты аўыр аймақларда 2018-жылы 2 еўден ҳәм келеси жыллары 3 еўден аўыл (мәҳәлле)да халықтың жасаў шараятларын түп-тийкарынан жақсылаўға ҳәм турмыс тәризинде және дәрежесинде сезилерли унамлы өзгерислерди тәмийинлеўге, сол аўыл (мәҳәлле)лардың келбетин заманагөйлестириўге ҳәм онда жасайтуғын адамлар ушын жумыс орынларын жаратыўға қаратылған «Абат аўыл» бағдарламасы (кейинги орынларда бағдарлама деп аталады) әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2. Төмендегилер бағдарламаның баслы мақсетлери ҳәм қәрежетлердиң тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:
бириншиден, республикалық бюджеттен ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардан ажыратылатуғын қаржылардың есабынан халықты исенимли түрди ишимлик суў менен тәмийинлеў, изей суўлардың қәддин төменлетиў, аўылларды район орайы менен байланыстыратуғын жолларды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, лизинг тийкарында аўыл ҳәм район орайы арасында автобус қатнаўын жолға қойыў;
екиншиден, жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан аўыллық ишки ҳәм пиядалар жолларын қурыў және оңлаў, жол бойларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, санитариялық объектлер менен ирригация системаларын қурыў, транспорт тоқтаў бәндиргилерин қурыў;
үшиншиден, халықаралық қаржы институтларының кредитлери ҳәм кәрханалардың өз қаржылары есабынан электр тәмийинатын жақсылаў, байланыс системасын модернизациялаў, халыққа суйылтырылған газ ҳәм көмир жанылғысын үзиликсиз жеткерип бериў;
төртиншиден, социаллық әҳмийетке ийе болған хызметлерди түп-тийкарынан жақсылаўға итибар қаратыў, онда бақша, мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникаларды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў және тийисли қәрежетлердиң ярымын республикалық бюджет ҳәм мақсетли қорлардың және қалған бөлегин жергиликли бюджет ҳәм жергиликли қәўендерлердиң есабынан қаржыландырыў;
бесиншиден, базар инфраструктурасы объектлерин ҳәм сервис шақапшаларын, соның ишинде, монша ҳәм киши базар шақапшаларын исбилерменлердиң өз қаржылары, коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм халықаралық қаржы институтларының кредитлери есабынан қурыў;
алтыншыдан, турақ жайларды оңлаўда шаңарақ ийелерине әмелий жәрдем көрсетиў, бәринен бурын, қурылыс материаллары менен орайласқан ҳалда тәмийинлеў, бул процессте кең көлемде шембилик усылларын қолланыўдың есабынан ҳәўли ҳәм қоршаған орталық-аймақларды абаданластырыў, жап-салмаларды тазалаў, ақаба суў қәндеклерин қурыў және мүтәж шаңарақлар ушын қәўендерлердиң ҳәм жумыс бериўши кәрханалардың есабынан жай салып бериў (оңлаў) ҳәм басқалар.
3.3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери жанында «Абат аўыл» қорлары дүзилсин.
Экономика министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте он күн мүддетте «Абат аўыл» қоры қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы Министрлер Кабинети қарарының жойбарын таярлап, тастыйықлаў ушын киргизсин.
Төмендегилер «Абат аўыл» бағдарламасында белгиленген илажларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
республикалық бюджет ҳәм мақсетли қорлардың қаржылары;
жергиликли бюджет ҳәм оның қосымша дәреклери;
тармақлық кәрханалардың қаржылары;
халықаралық қаржы институтларының ҳәм шет еллердиң грант қаржылары;
«Мәҳәлле» қорының ҳәм басқа да шөлкемлердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
инталы исбилерменлердиң қаржылары;
шембиликлер ҳәм қайырқомлық илажларын өткериў есабынан түсетуғын қаржылар;
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик ислер қорының қаржылары;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасының ҳәр жыллық Мәмлекетлик бюджетин, соның ишинде, жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаўда «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыў ушын зәрүр муғдарда қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
Онда, бағдарлама шеңберинде «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбектелеком» АК, Республикалық жол қоры, Автомобиль жоллары бойынша мәмлекетлик комитетиниң, шөлкем ҳәм кәрханалар өз қаржыларының тийисли мақсетлер ушын тиккелей қаржыландырылыўы белгилеп қойылсын.
- 4. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте усы Пәрман менен «Абат аўыл» бағдарламасының белгилеп берилген тийкарғы бағдарларынан келип шыққан ҳалда, барлық шөлкемлестириўшилик илажлардың избе-излиги, жойбарларды қаржыландырыў дәреклери, материаллық ресурслардың тәмийинаты менен үзликсиз ҳәм тығыз байланысқан 2018-жыл ушын илажлар режесин он күн мүддетте ислеп шығып, орнатылған тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын тастыйықлаў ушын киргизсин.
«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде орайласқан дәреклердиң ҳәм жергиликли бюджет қаржыларының есабынан исленетуғын жумыслар бойынша буйыртпашы етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниялары белгиленсин.
Барлық объектлер бойынша бас жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди ең мақул усыныслар таңлаўы арқалы анықлаўға руқсат берилсин.
Бул таңлаўларды шөлкемлестириў, процесслерди қадағалаў ҳәм олардың нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершилик «Давархитектқурилиш» комитетиниң баслығы Б.Закировқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүкленсин.
- 5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимликлери ҳәм сектор басшылары бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде қамтып алынатуғын быйылғы ҳәм келеси дәўирлерге мөлшерленген аўыл ҳәм мәҳәллелердиң мәнзилли дизимлерин Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын төмендеги қатаң шәртлер тийкарында қәлиплестириўди тәмийинлесин:
ҳәр бир аўыл кесиминде районлық (қалалық) аймақлық шөлкемлер менен биргеликте мөлшерленип атырған кең көлемли жумысларды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў бойынша жедел арнаўлы штабларды енгизиў, соның ишинде, жумысларды шембилик ҳәм хожалық усылында орынлаўды тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, қаржыландырылатуғын бөлеги бойынша қолда бар барлық имканиятларды тартыў, соның ишинде, салық жыйналыўшаңлығын ҳәм қосымша анықланатуғын дәреклерден жергиликли бюджет дәраматын арттырыў;
архитектуралық, санитариялық ҳәм техникалық талаплар тийкарында жеке мүлк ийелери өзиниң турақ жайын сақлаў, бар қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў, жер ҳәм мүлк салықларын және көрсетилген коммуналлық хызметлер ушын есап-санақ етиў ҳәм қарыздарлыққа жол қоймаў, шембиликлерде пуқаралардың тиккелей жеке өзиниң қатнасыўын сәўлелендиретуғын жәмийетлик шәртнамаларды дүзиў.
- 6. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, «Давергеодезкадастр» комитети ҳәм «Давархитектқурилиш» комитети жанындағы Мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаў инспекциясы турақ жай, имарат-объектлер ҳәм қыйтақ жер хожалықлары мүлк ийелери тәрепинен әмелдеги талаплар менен қағыйдалардың бузылыўына ҳәм оларға әмел етпеў жағдайларына жол қойған жағдайда, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине муўапық тийисли илажлар көрсин.
- 7. «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген объектлерди сапалы ҳәм арзан қурылыс материаллары менен тәмийинлеў мақсетинде металл прокаты, цемент, руда емес материаллар, гербиш, темир-бетон өнимлери, есик, айна рамкалары, лак-бояў, шифер ҳәм сол сыяқлы басқа да тийкарғы түрдеги жергиликли қурылыс материалларын ислеп шығарыў ушын кәрханаларға газ ҳәм электр энергиясы 2018-жыл 1-майдан баслап «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм «Өзбекэнерго» АЖ тәрепинен халық ушын белгиленген баҳаларда жеткерип берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- 8. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, «Өзметкомбинат» АЖ, «Өзқурылысматериаллары» АЖ, басқа да тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте цемент, металл прокаты, гербиш, темир-бетон буйымлары, есик, айна рамкалары, лак-бояў өнимлери сыяқлы тийикарғы түрдеги жергиликли қурылыс материалларын ҳәм үскенелерин жеткерип бериў ушын фирма дүканларының тармақларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- 9. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери, тийисли жойбарлаў институтлары менен биргеликте:
«Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлердиң бас режелерин ҳәр тәреплеме режелестириў жойбарлары менен биргеликте алдын ала ислеп шығыўды;
2019-жыл 1-январьға шекем аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин жақсылаў системасын жетилистириў мақсетинде қала қурылысының нормалары менен қағыйдаларына өзгерислер киргизиўди, зәрүр жағдайларда жаңа стандартлар менен өлшемлерди ислеп шығыўды;
ҳәр бир объект бойынша жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлердиң мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўи ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы бойынша мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўы орнатылыўын тәмийинлесин.
«Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлердиң бас режесин ҳәм толық режелестириў жойбарын ислеп шығыўға байланыслы қәрежетлер жергиликли бюджет қәрежетлериниң есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 10. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына, Миллий мәлимлеме агентлигине, Баспасөз ҳәм хабар агентлигине барлық түрдеги ғалаба хабар қураллары менен биргеликте «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде аўыллық елатлы пунктлерде, әсиресе, алыс аймақларда әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын толық сәўлелендирип барыў ҳәм кең халық арасында үгит-нәсиятлаў усыныс етилсин.
- 11. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 29-март