Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы (кейинги орынларда Ҳәрекетлер стратегиясы деп аталады) орта мүддетли перспективада мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын белгилеп берген ең әҳмийетли бағдарламалық ҳүжжет болып табылады.

2017-жылы Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўда айрықша итибар «Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин» деген принцип ҳәм «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген жақсы идеяның, бәринен бурын, халық пенен тиккелей пикирлесиў ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң реал қорғалыўын тәмийинлеў арқалы турмысқа әмелий енгизилиўине қаратылды.

Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 30 дан аслам нызамлар ҳәм 900 ден зыят нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи кең көлемли реформалар, экономика ҳәм социаллық тараўды жедел раўажландырыў, халық абаданлығын арттырыўдың беккем ҳуқықый тийкары болып хызмет етти.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары, сондай-ақ, ҳәр бир мәмлекетлик уйымда шөлкемлестирилген пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша арнаўлы бөлимлер халық пенен ислесиўдиң сапа жағынан жаңа нәтийжели системасын жетилистириўге хызмет етти.

Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясы мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, «Электрон ҳүкимет» ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын раўажландырыў, экономикаға ҳәкимшилик тәсирди қысқартыў және басқарыўдың базар механизмлерин кеңейтиў, саламат бәсекилик орталығын ҳәм қолайлы инвестициялық ықлымды жаратыў бойынша анық илажларды белгилеп берди.

Суд-ҳуқық системасында судлардың ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, суд кадрларын таңлап алыўдың демократиялық ҳәм ашық-айдынлық механизмин жетилистириў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды. Орынларда ҳәкимшилик ҳәм экономикалық судлардың шөлкемлестирилгени әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў имканиятын берди.

Ҳуқық қорғаў уйымлары системасын реформалаў, ҳуқықбузарлықларды ерте профилактикалаў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде елимизде жынаятшылықтың улыўма көрсеткиши 15,7 процентке азайыўына ерисилди,  1,2 мың мәҳәлледе бирде-бир жынаят ислениўине жол қойылмады.

Бурын, тийкарынан қәўипсизликке қәўип-қәтерлер ақыбетлерине қарсы гүресиў менен шекленген терроризмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша илажларды әмелге асырыўға көзқараслар концептуаллық жақтан қайта көрип шығылды. Усы машқалаларды шешиўде, биринши гезекте, жаслардың ҳуқықый мәденияты менен руўхый дүньясын арттырыў арқалы адамлардың сана-сезими ушын гүресиў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Өз тәғдирин Өзбекистан менен байланыстырған, елимиздиң абаданлығы жолында ҳадал ҳәм сап ҳүжданы менен мийнет етип атырған, өзлерине байланыслы болмаған жағдайларға бола пуқаралығы болмаған шахсқа айланып қалған пуқаралардың турмыслық әҳмийетли мәселелерин шешиўге айрықша итибар қаратылды. Өткен дәўирде 1 243 шахс Өзбекистан Республикасы пуқаралығына қабал етилди.

Экономикалық тараўда  кең көлемли өзгерислер әмелге асырылды, бәринен бурын, Өзбекистанның өз миннетлемелерин орынлаў ҳәм шет елдеги бирге ислесиўшилердиң дәраматларын репатриациялаў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў ушын шараятларды тәмийинлейтуғын миллий валюта еркин конвертациясының енгизилгени бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды.

Мәмлекетлик бюджетти жетилистириўдиң улыўма жаңа принциплери менен механизмлери енгизилди, оның дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылды. Мәмлекетлик активлерди басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм бюджеттиң дәрамат бөлегин көбейтиўге қаратылған иске қосылмаған резервлерден пайдаланыў илажлары көрилди.

Биринши басқышта – узақ мүддетли (10-15-жылға мөлшерленген) тармақлық, аймақлық ҳәм мақсетли раўажланыў концепцияларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, екинши басқышта – тармақлық, аймақлық ҳәм мақсетли жойбарлардың портфельлерин дүзиў, үшинши басқышта – раўажланыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын жетилистириўди нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын жетилистириўдиң улыўма жаңа тәртиби тастыйықланды.

Социаллық тараўды раўажландырыў бойынша комплексли илажлар, биринши гезекте, пуқараларды социаллық қорғаўды ҳәм денсаўлығын сақлаўды күшейтиўге, халықты арзан ҳәм сапалы дәри қураллары менен тәмийинлеўге, пуқаралардың бәнтлигин ҳәм реал дәраматларын арттырыўға, арзан социаллық турақ жайлар қурылысын кеңейтиўге, майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Қалалар менен аўылларда улыўма турақ жай майданы 3,5 миллион квадрат метрден аслам болған үлги ҳәм көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Турақ жай қурылысының көлемлери 2010-жылға салыстырғанда 3,5 есеге артты.

Халық пенен пикирлесиў нәтийжелери бойынша 11 жыллық Улыўма билим бериўди қайта тиклеў туўралы қарар қабыл етилди, жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етиўдиң ашық-айдынлық механизмлери енгизилди ҳәм квоталар зәрүрли түрде арттырылды. Жоқары оқыў орнынан соңғы билимлендириў системасы халықаралық стандартларға муўапықластырылды.

Миллетлераралық тынышлықты ҳәм татыўлықты, пуқта ойланған ҳәм өз-ара пайдалы сыртқы сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша илажлар көрилгени нәтийжесинде қоңсы мәмлекетлер менен исенимли қатнасықлар жолға қойылды, Орайлық Азия аймағында саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратылды.

Тек ғана өткен жылы 21 жоқары дәрежедеги сапар етиў әмелге асырылды,  60 мәмлекеттиң ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўлар өткерилди, 400 ден аслам келисимлерге ерисилди, 60 миллиард АҚШ долларынан зыят баҳадағы келисимлерге қол қойылды.

Соның менен бирге, халық пенен тиккелей пикирлесиў жуўмақлары және мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында өткерилген жумыслардың сын көзқарастан талқыланыўы халық абаданлығының реал өсиўине ҳәм орынларда жумыс жағдайының түп-тийкарынан жақсыланыўына тосқынлық ететуғын бир қатар машқалаларды көрсетип берди.

Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў бойынша, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда Мәмлекетлик бағдарлама деп аталады) қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў тараўында – мәмлекетлик хызметтиң абыройын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпасын ҳәм структурасын қайта көрип шығыў, министрликлер, ведомстволар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының еркинлигин арттырыў, орайлық уйымлардың айырым ўәкилликлерин жергиликли ҳәкимият уйымларына өткериў, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятын, олардың сапасын ҳәм оперативлигин түп-тийкарынан арттырыў, пуқаралық жәмийетиниң институтларын ҳәм ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў тараўында – пуқаралардың жеке турмысына қол қатылмаслықтың конституциялық кепилликлерин, соның ишинде, тинтиў ҳәм телефон арқалы сөйлесиўлерди тыңлап турыўға санкция бериў ҳуқықын судларға өткериў, Олий Мажлис жанында Суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеўге көмеклесиў бойынша комиссияны шөлкемлестириў арқалы және де беккемлеў, миллий қәўипсизлик уйымлары системасын түп-тийкарынан реформалаў, ўақтынша сақлаў, тергеў қамақханаларын, жазаны өтеў мәкемелерин видеобақлаў системалары менен тәмийинлеў, жол-патруль ҳәм патруль-пост хызметкерлерин мобиль видеокамералар менен тәмийинлеў, патруль хызметиниң стационар постларының санын оптималластырыў;

экономиканы раўажландырыў ҳәм жедел исбилерменликти қоллап-қуўатлаў тараўында – жедел исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик шараятлар жаратыў, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды енгизиў, исбилерменлик субъектлерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин ҳәм олардың жумысына нызамсыз араласыўлардың алдын алыў механизмлерин, салық ҳәм бажыхана сиясатын, банк-қаржы тараўын буннан былай да жетилистириў, аграр секторды реформалаў стратегиясын ислеп шығыў, экономика тармақлары менен тараўларына жеңилликлер берген ҳалда индивидуал жеңилликлер бериўден ўаз кешиў, аймақларды жедел раўажландырыў;

социаллық тараўды раўажландырыў тараўында – социаллық қорғаўды ҳәм пуқаралардың денсаўлығын сақлаўды буннан былай да күшейтиў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, социаллық дәриханалардың раўажланған тармағын жаратыў, халықтың бәнтлигин ҳәм пуқаралардың реал дәраматларын арттырыў, «тутыныў себет»ин анықлаў, социаллық турақ жайлар қурылысын кеңейтиў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын ҳәм майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме мәнзилли қоллап-қуўатлаў;

қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, сондай-ақ, сыртқы сиясат тараўында – Өзбекистан Республикасының жаңа Миллий қәўипсизлик концепциясын қабыл етиў, шет елли шериклер менен әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм раўажландырыў, мәмлекетлик шегараларды қорғаў ҳәм қорғаў системасын жетилистириў, терроризм, экстремизм ҳәм мәлимлеме қәўиплерине қарсы гүресиў, миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықты, диний кеңпейилликти беккемлеў, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм дипломатиялық ўәкилханалардың жумысын түп-тийкарынан реформалаў, шет елли пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, өз-ара пайдалы сыртқы сиясатты даўам еттириў, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў.

  1. Исбилерменлик субъектлериниң қаржы-хожалық жумысын тексериўге еки жыл мүддетке мораторий жәриялансын, жынаят иси шеңберинде ҳәм юридикалық шахс сапластырылыўы мүнәсибети менен өткерилетуғын тексериўлер буған кирмейди.

Төмендегилер, 2018-жыл 1-апрельден баслап:

Қадағалаўшы уйымлардың жумысын муўапықластырыўшы республикалық кеңес мәмлекетлик салық хызмети уйымларының босап атырған 228 штат бирликлерин прокуратура уйымларына өткерген халда сапластырылатуғыны;

әдиллик уйымларының киши бизнес, жеке исбилерменлик субъектлери, шет ел инвесторлары менен шет ел инвестицияларының қатнасындағы кәрханалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша бир-бирин қайталайтуғын функциялары менен ўәкилликлери алып тасланатуғыны;

жынаят ислери шеңберинде өткерилетуғын қаржы-хожалық жумысын тексериў (ревизия) бир айдан аспаўы зәрүр, айрықша жағдайларда тексериў бир айдан аслам болмаған мүддетке Өзбекистан Республикасы Бас прокуроры ямаса оның орынбасарлары тәрепинен созылыўы мүмкин екенлиги;

исбилерменлик жумысын алып барыўдағы ҳуқықбузарлықларға байланыслы жағдайлар бойынша жынаят ислерин қозғаў тек ғана Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, ўәлаятлар, Ташкент қаласы прокурорлары ҳәм оларға теңлестирилген прокурорлардың келисими менен әмелге асырылатуғыны;

исбилерменлик субъектлериниң жумысында ҳуқықбузарлықлар туўралы мағлыўматлар, өткерилген тексериўлер ҳәм мониторинг (тийкар, тексериў ҳәм мониторинг өткериў ўақты, оларды өткерген хызметлер ҳәм басқалар) ҳәм анықланған ҳуқықбузарлықларды сапластырыў бойынша көрилген илажлар ҳаққындағы мәлимлемелер мәжбүрий тәртипте прокуратура уйымларының арнаўлы электрон мәлимлеме системасына киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

инновациялық ҳәм илимий жумысты мәмлекет ҳәм жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары, соның ишинде, инновациялық жойбарларды процентсиз кредитлеў және инновациялық жойбарларды кредитлеў ушын коммерциялық банклерге мәмлекетлик кепилликлерди бериўди де нәзерде тутатуғын «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы ҳәм «Илим ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамлары жойбарын ислеп шықсын ҳәм кең жәмийетшиликтиң додалаўынан соң Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизсин;

жергиликли жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң сыртқы базарларға шығыўын хошаметлеў бойынша илажлар, заманагөй халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда қала қурылысының нормалары менен қағыйдаларын толық қайта көрип шығыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди нәзерде тутып, қурылыс тараўын инновациялық раўажландырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте бир ай мүддетте қадағалаўшы уйымлар тәрепинен өткерилген тексериўлер, мониторинг ҳәм исбилерменлик субъектлери жумысында анықланған ҳуқықбузарлықларды сапластырыў бойынша көрилген илажлар туўралы зәрүр мәлимлемелерди турақлы киргизип барыўды нәзерде тутатуғын арнаўлы электрон мәлимлеме системасын ислеп шықсын ҳәм енгизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы бир ай мүддетте:

Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Саўда-санаат палатасы менен биргеликте қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысындағы нызам бузылыўлар туўралы мағлыўматларды тексериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм киргизсин;

Саўда-санаат палатасы, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте исбилерменлик жумысы тараўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршең механизмлерин нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белигленген тәртипте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте исбилерменлик жумысы тараўында ҳуқықбузарлықларды профилактикалаў, нызамшылық нормаларын жеткериў ҳәм түсиндириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайы бойынша айыпкер шахслардың жуўапкершилиги зәрүр екенлиги принципи сөзсиз әмелге асырылыўын тәмийинлеген ҳалда, исбилерменлик жумысы тараўында, бәринен бурын, исбилерменлик субъектлери, шет ел инвесторлары ҳәм шет ел инвестициясы қатнасындағы кәрханалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтсин.
  3. а) төмендегилер 2023-жыл 1-январьға шекемги мүддетте бирден-бир социаллық төлемнен тысқары, барлық түрдеги салық ҳәм мәжбүрий төлемлер төлеўден азат етилетуғыны:

жоқары технологиялы исбилерменлик жойбарлары – стартапларды биргеликте қаржыландырыў ушын шөлкемлестирилетуғын венчур фондлар;

венчур фондлардан биргеликте қаржыландырылатуғын жоқары технологиялы жойбарлар – стартаплар;

илимий-изертлеў мәкемелери, инновациялық орайлар, жойбарлаў-конструкторлық бюролары өзлериниң жаңа технологияларын исбилерменлерге сатыўдан (пайдаланыўға бериўден) алынған дәраматлар бойынша;

жаңа технологияларды жергиликли исбилерменликке трансфер ететуғын шөлкемлер усы жумыстан алынған дәраматлары бойынша;

б) Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги электрон коммерциялық тараўында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып табылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген мүддетлерде:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте район (қала)лық мәмлекетлик хызметлер көрсетиў орайлары – «Халық қабыллаўханалары»ның  заманагөй имаратлары тастыйықланған үлги жойбарларға муўапық қурылыўын ҳәм үскенелениўин тәмийинлесин;

Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте электрон гезек ҳәм мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң барысын аралықтан видеобақлаў системаларын енгизиў, узақ елатлы пунктлерде мобиль мәмлекетлик хызметлер көрсетиў орайларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, мобиль байланыс қураллары арқалы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди тәмийинлесин.

  1. Ўақтынша ямаса турақлы пропискасыз яки турған орны бойынша есапта болмаған пуқараларды жумысқа қабыллаўға болған шеклеў, сондай-ақ, ўақтынша ямаса турақлы пропискасыз яки турған орны бойынша есапта турмай жасап атырған пуқараларды жумысқа қабыллағанлығы ушын жумыс бериўшиниң жуўапкершилиги бийкар етилсин.
  2. Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комиссиялар Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген илажлардың толық, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен тәсиршең қадағалаўды, сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясының әмелге асырылыўы ҳаққындағы улыўмаластырылған мәлимлемениң Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратына ҳәр шеректе усынылыўын тәмийинлесин.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары және басқа да шөлкемлердиң Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша жумысын муўапықластырып барыўды тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:

бәринен бурын заманагөй өндиристи енгизиўге мөлшерленген инновациялық идеялар менен технологияларды, жедел исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге;

аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалының турақлы өсиўи ҳәм халықтың турмыс дәрежеси менен абаданлығын арттырыўға көмеклесетуғын илим ҳәм инновациялық жумысты жедел раўажландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға;

кең түрде пикирлейтуғын, инталы ҳәм жуўапкершиликли хызметкерлер менен пуқараларды ҳәр тәреплеме әмелий қоллап-қуўатлаўға;

«Ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер ҳәр күни өзиниң мийнети менен ийелеп турған лаўазымына ылайықлы екенлигин дәлиллеўи шәрт» деген қағыйданы жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Инновациялық раўажландырыў министрлиги «Раўажландырыў стратегиясы» орайы менен биргеликте:

Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыў барысы системалы мониоринг етилиўин және ол өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын қосымша илажларды көриў бойынша усыныслар ислеп шығылыўын;

Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўы ҳаққындағы мағлыўматлардың ҳәр айда улыўмаластырылыўын және оның жуўмақлары анық көрсеткишлер ҳәм ерисилген унамлы өзгерислер көрсетилген ҳалда өзлериниң веб-сайтларында орналастырылыўын;

мониторинг нәтийжелери туўралы ҳәр шеректе Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратына мәлимлеме киргизилиўин;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-талқылаў шолыўларының шет тиллерде таярланыўын, басып шығарылыўын ҳәм кеңнен тарқатылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги Өзбекистан бийғәрез баспа ғалаба хабар қуралларын менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Өзбекистан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы менен өз-ара тығыз биргеликте:

усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында кеңнен түсиндирилиўин;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы қалыс, толық мағлыўматтың кең жәмийетшиликке жеделлик пенен жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

усы Пәрманның мазмун-мәнисин, сондай-ақ, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўға қаратылған зәрүр мағлыўматлардың халықаралық жәмийетшиликке системалы жеткерилиўин;

Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў ушын жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениўде ҳәр тәреплеме көмеклесиўди тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Бас прокуратура ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлерине ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

 

2018-жыл 22-январь

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

Соңғы бир жылда Өзбекистанның мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасында кең көлемли унамлы өзгерислер жүз берди, онда тийкарғы  итибар пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм халықтың мәплерин әмелде тәмийинлеўге қаратылды.

«Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин», «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деген ийгиликли идеялар Өзбекистанды раўажландырыўдың жаңа басқышында нәзерде тутылған реформаларды турмысқа енгизиўдиң тийкарын қурады.

Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын сапа жағынан жақсылаў, социаллық-экономикалық тараўды, суд-ҳуқық системасын реформалаў, турақлы ҳәм әмелий сыртқы сиясат жүргизиўге қаратылған бир қатар анық ҳәм әмелий илажлар көрилди.

Соның менен бирге, халық пенен тиккелей пикирлесиў және мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында исленген жумыслардың сын көзқарастан талқыланыўы орынларда халықтың абаданлығын арттырыўға ҳәм жумыслардың жағдайын түп-тийкарынан жақсылаўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар бар екенин көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң 2017-жыл 22-декабрь күни парламентке жоллаған тарийхый Мүрәжатында да жүзеге келген үлкен машқалаларға итибар қаратты, оларды шешиўдиң анық жолларын усыныс етти.

Усы мүнәсибет пенен Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда Мәмлекетлик бағдарлама деп жүргизиледи) жойбары ислеп шығылып, 10-20-январь күнлери халықтың арасында кең түрде ҳәм ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын додалаў ўақтында пуқаралардан 4,4 мың усыныс ҳәм шолыў келип түсти, олардан Мәмлекетлик бағдарламаны жетилистириўде пайдаланылды.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 22-январь күни қабыл етилген Пәрманы менен Мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланып, оның тийкарғы бағдарлары ҳәм оны әмелге асырыўдың биринши гезектеги илажлары белгиленди.

Пуқаралардан келип түскен усыныслардың көпшилигинде көрсетилген әҳмийетли машқалаларды шешиўге байланыслы айрықша ҳуқықый нормалар тиккелей Пәрманның өзинде көрсетилген болып, олардың орынланыўын дәрҳал тәмийинлеў шәрт екени белгиленди.

Пәрман менен исбилерменлик субъектлериниң қаржы-хожалық жумысын тексериў бойынша еки жыл мүддетке мораторий жәрияланды. Енди Пәрман жәрияланған күннен баслап исбилерменлик субъектлери қадағалаўшы уйымлардың тексериўлерине ўақыт ҳәм ресурс жумсамай өз жумысын биймәлел әмелге асырыўы мүмкин.

Және бир әҳмийетли жаңалық – ўатқынша ямаса турақлы пропискасы болмаған ямаса турақ жай бойынша есапта турмаған пуқараларды жумысқа алыўға байланыслы шеклеў бийкар етилди. Бул норма пуқараларға елимиздиң қәлеген аймағында, әсиресе, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында жумысқа орналасыўда ҳеш қандай шеклеўлерсиз өз потенциалын жүзеге шығарыў имканиятын береди. Перспективалы кадрлар қай жерде турақлы ямаса ўақтынша прописка етилгенине, турақ жай бойынша есапта турғанына қарамастан, пайтахт регионында мийнет ете алады.

Өз гезегинде, жумыс бериўшилер ўақтынша ямаса турақлы пропискасы болмаған ямаса турақ жайы бойынша есаптан өтпеген пуқараларды жумысқа алғаны ушын жуўапкершиликтен азат етиледи.

Мәмлекетлик бағдарлама 5 бөлимнен ибарат. Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 37 нызам (Сайлаў кодекси, «Мәмлекетлик хызмет ҳаққында», «Жеке мағлыўматларды қорғаў ҳаққында», «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында», «Илим ҳаққында», «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы ҳәм басқалар)ды ислеп шығыў, 142 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти қабыл етиў және түрли тараўларды қамтып алатуғын 52 әмелий илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетлик бағдарламаның биринши бөлими мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириўге бағышланған.

«Мәмлекетлик хызмет ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи бул бағдардағы әҳмийетли қәдем болатуғынына гүман жоқ. Бул ҳүжжет, бәринен бурын, мәмлекетлик уйымлардағы хызметти ҳақыйқатында да абыройлы жумысқа айландырады, мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнет ҳақысы ҳәм социаллық қорғалыўы ушын мүнәсип система қәлиплестиреди, жүкленген ўазыйпалардың сапалы орынланыўы ушын мәмлекетлик хызметкерлердиң жуўапкершилигин арттырады. Енди ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер ҳәр күни өзиниң мийнети менен ийелеп турған лаўазымына ылайықлы екенлигин дәлиллеўи шәрт.

Мәмлекет функциялары ҳәм ўәкилликлериниң әмелдеги орайласқан системасына шек қойылады. Бириншиден ҳүкиметтиң өз алдына функциялары, әсиресе, лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары тараўындағы ўазыйпалар министрликлер менен ведомстволарға және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына өткериледи. Екиншиден, тийисли аймақта мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў ушын жуўапкер лаўазымлы шахслар сыпатында барлық дәрежедеги ҳәкимлердиң ўәкилликлери кеңейтиледи ҳәм статусы беккемленеди.

Онда тийкарғы мақсет – ҳәкимлер аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўды әмелде тәмийинлеў имканиятын беретуғын реал ўәкилликлерге ийе болыўына ерисиў.

Пуқаралардың мәмлекетлик басқарыўда қатнасыўға болған ҳуқықын жүзеге шығарыўдың жаңа механизми сыпатында электрон жәмәәтлик мүрәжат етиў – петиция жоллаў системасы енгизиледи. Бул система пуқараларға мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына анық сораўлар қойыў имканиятын береди, усы уйымлар болса, пуқаралардың белгили бир саны тәрепинен мақулланған мүрәжатлар бойынша илаж көриўи шәрт болады.

Бул механизм себепли белсенди пуқаралар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер түрли машқалалардың шешими бойынша инта көрсетиўи мүмкин. Сол арқалы «Елимиздиң турмысына байланыслы ең әҳмийетли қарарлар тиккелей пикирлесиў тийкарында қабыл етиледи», деген принцип әмелде жүзеге шығарылады.

Мәмлекетлик бағдарламаның гезектеги әҳмийетли бағдары нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў болып табылады.

2018-2021-жылларда жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылығын жетилистириў бойынша концепцияны ислеп шығыў, шахсты жынайый жуўапкершиликке тартыў мүддетлерин қайта көрип шығыў режелестирилген. Жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликти либералластырыў, процессуал нормаларды жетилистириў нәзерде тутылған.

Дәслепки тергеў үстинен суд қадағалаўын күшейтиў ушын тинтиў ҳәм телефон сөйлесиўлерин тыңлаўға санкция бериў ўәкиллиги судқа өткериледи.

Инсан ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў мақсетинде тергеў изоляторлары ҳәм жазаны өтеў мәкемелери видеобақлаў қураллары менен үскенеленеди.

Ишки ислер уйымлары жол-патруль ҳәм патруль-пост хызметлерин олар пуқаралар менен қарым-қатнас жасап атырғанда пайдаланылатуғын видео-фиксаторлар менен тәмийинлеў нәзерде тутылған болып, бул тек ғана пуқаралар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң емес, ал тынышлығымыз сақшылары тәрепинен өз ўазыйпасына қыянет етиў жағдайларының да алдын алыўға хызмет етеди.

Мәмлекетлик бағдарламада прописка ҳәм паспорт системасын әпиўайыластырыўға байланыслы илажлар да нәзерде тутылған. Атап айтқанда, Ташкент қаласында ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописткасы болмаған пуқаралар екилемши базарда көшпес мүлк сатып алыў имканиятына ийе болады.

Мәмлекетлик бағдарламаның үшинши бағдары экономиканы раўажландырыў ҳәм жедел исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға бағышланған.

Экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыў тараўында алдынғы идеялар «смарт» технологиялар ҳәм ноу-хауларға тийкарланған инновациялық раўажланыўдың жаңа моделине басқышпа-басқыш өтиў нәзерде тутылмақта.

Венчур фондлар, венчур қаржыландырыўды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў ушын ҳуқықый тийкарлар, сондай-ақ, экономикаға инновациялық ҳәм жаңа технологиялар енгизиўди хошаметлейтуғын механизмлер ислеп шығылады.

2023-жылдың 1-январына шекем венчур фондлар, жоқары технологиялы стартап-жойбарлар, илимий-изертлеў мәкемелери, инновациялық орайлар ҳәм жойбарлаў-конструкторлық бюроларына өзлериниң жаңа технологияларын исбилерменлерге сатыў (пайдаланыў ушын бериў)дан түскен дәраматлар бойынша салық жеңилликлери бериледи.

Жер участкаларын бериўде ашық-айдынлықты ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў мақсетинде Интернет тармағында электрон саўдалар өткериўди енгизиў режелестирилген. Мәмлекетлик активлерди электрон саўда майданлары  арқалы сатыў системасын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Банклер ҳәм банк жумысына байланыслы нызамшылық түп-тийкарынан қайта көрип шығылып, тараўда «санлы банкинг», «интернет-банкинг» ҳәм басқа да заманагөй технологиялар енгизиледи.

Салық ҳәм бажыхана сиясатын жетилистириў ҳәм оптималластырыў, салық жүгин азайтыў, салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў бойынша жумыслар даўам еттириледи.

Туризм тараўын раўажландырыў, кириў туризмин ҳәм ишки туризмди раўажландырыўды хошаметлеў, туристлер ушын ҳәкимшилик ҳәм виза менен байланыслы қағыйдаларды жеңиллетиўге айрықша итибар қаратылады.

Мәмлекетлик бағдарламаның кейинги бөлими социаллық тараўды раўажландырыўға бағышланған.

Халықтың мүнәсип турмыста жасаўы ушын зәрүр болған дәраматларды анықлаў бойынша «тутыныў себети»не байланыслы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыў нәзерде тутылған. Аймақлар кесиминде «тутыныў себети»н есапқа алған ҳалда мийнет ҳақы, пенсия ҳәм басқа да социаллық төлемлер муғдарын белгилеў системасына басқышпа-басқыш өтиў мөлшерленбекте.

Медициналық жәрдем системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм медициналық хызметтиң сапасын арттырыў бойынша жумыслар избе-из даўам еттириледи. Денсаўлықты сақлаў тараўына «ақыллы медицина» системасын, инновациялық технологияларды енгизиў нәзерде тутылмақта.

Халықты арзан баҳадағы сапалы дәри қураллары менен тәмийинлейтуғын 2 мың социаллық дәрихана шөлкемлестириў режелестирилген.

Халықтың, әсиресе, жас шаңарақлардың арзан турақ жайға болған талабын тәмийинлеў мақсетинде 2018-жылы бундай жайларды қурыў көлеми 1,5-2 есеге арттырылады. Бул мақсетлер ушын 5 триллион 286 миллиард сум қаржы қаратылады.

Халықты телекоммуникация хызметлери менен толық қамтып алыў ушын узақ аймақларда 2000 километр оптик талшықлы байланыс линияларын  тартыў, Интернеттиң тезлигин 2,5 есеге арттырыў ҳәм 4 мыңнан аслам мобиль байланыс таяныш станцияларын иске түсириў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетлик бағдарламаның бесинши бағдары – қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, турақлы, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясат жүргизиў.

Атап айтқанда, шет елде жасап ҳәм ислеп атырған жерлеслеримиз бенен бирге ислесиў бойынша мәмлекетлик сиясаттың концепциясы ислеп шығылады ҳәм қабыл етиледи.

Экстремистлик идеялардың тәсирине түсип қалған пуқараларды социаллық реабилитациялаў, бундай пуқараларды саламат орталыққа қайтарыў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў режелестирилмекте.

Диний ағартыўшылық системасы қайта көрип шығылып, бул бағдарда халықтың, әсиресе, жаслардың арасында алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм тәсиршеңлиги күшейтиледи.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға 13,5 триллион сум ҳәм 1,3 миллиард АҚШ доллары қаратылады.

Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў, елимиздиң турақлы экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў, халықтың абаданлығын әмелде жақсылаў ҳәм пуқаралардың турмыс сапасын жақсылаўда әҳмийетли қолланба болып хызмет етеди.