Чемпионаттағы еки ойын Ташкент ўақты менен 18-30 да басланады. Атап айтқанда, 1-турда Ферғана ўәлаятыныӊ «Нефтчи» ҳәм «Қоқанд-1912» командалары өз-ара күш сынасса, «Олимпик» «Сурхан» клубы футболшыларын өз майданында қабыл етеди.

Ал, 3-март күни болса, быйылғы жылы өз қурамына бир қатар күшли футболшыларды қосып алған Наманганныӊ «Навбаҳор» командасы суперлигада ҳәр жылы күшли ойын көрсетип киятырған Қаршыныӊ «Насаф» клубы менен, «Бунёдкор» Жиззақтыӊ «Согдиана»сын, Самарқандтыӊ «Динамо»сы өткен жылғы чемпион «Пахтакор» менен өз-ара ушырасады.

4-март сәнесинде де бир қатар қызықлы ойынлар болып өтеди. Атап айтқанда, «Қызылқум» «Локомотив», «Металлург» «ОКМК» командалары жеӊимпазлық ушын гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы