Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасыныӊ 1/8 финал ушырасыўлары болып өтти.

Олардыӊ биринде Англияныӊ «Челси» клубы Францияныӊ «Лилл» командасы футболшылары менен өз-ара күш сынасты.

Ушырасыўдыӊ 8-минутында Кай Хаверц есапты ашқан болса, 63-минутта Кристиан Пулишич Лондонлылардыӊ екинши голын урып, «Челси»диӊ толық жеӊисин тәмийинледи.

Испанияда болып өткен екинши ойында болса, «Вильярреал»  «Ювентус» футболшылары менен ушырасты. Ушырасыўда есап италиялылар тәрепинен ашылды ҳәм 1-минутта Душан Влахович өз есабына гол жаздырып қойды.

Ал, ушырасыўдыӊ екинши бөлиминде Дани Парехо «Ювентус» қорғаўшыларыныӊ қәтесинен нәтийжели пайдаланып, есапты теӊлестириўге миясар болды.

Бул командалардыӊ жуўап ушырасыўы 16-март күни болып өтеди.

Ал, бүгин болса, Европа Чемпионлар Лигасында  Мадридтиӊ «Атлетико» клубы «Манчестер Юнайтед» пенен, «Бенфика» болса, «Аякс» пенен өз-ара күш сынасады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы