Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасыныӊ 1/8 финал ушырасыўлары болып өтти.
Олардыӊ биринде Англияныӊ «Челси» клубы Францияныӊ «Лилл» командасы футболшылары менен өз-ара күш сынасты.
Ушырасыўдыӊ 8-минутында Кай Хаверц есапты ашқан болса, 63-минутта Кристиан Пулишич Лондонлылардыӊ екинши голын урып, «Челси»диӊ толық жеӊисин тәмийинледи.
Испанияда болып өткен екинши ойында болса, «Вильярреал» «Ювентус» футболшылары менен ушырасты. Ушырасыўда есап италиялылар тәрепинен ашылды ҳәм 1-минутта Душан Влахович өз есабына гол жаздырып қойды.
Ал, ушырасыўдыӊ екинши бөлиминде Дани Парехо «Ювентус» қорғаўшыларыныӊ қәтесинен нәтийжели пайдаланып, есапты теӊлестириўге миясар болды.
Бул командалардыӊ жуўап ушырасыўы 16-март күни болып өтеди.
Ал, бүгин болса, Европа Чемпионлар Лигасында Мадридтиӊ «Атлетико» клубы «Манчестер Юнайтед» пенен, «Бенфика» болса, «Аякс» пенен өз-ара күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы