Қырым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) кеселлиги тийкарынан кенелер арқалы жуғатуғын, тәбийий ошақлы аса қәўипли жуқпалы кеселлик.

Кеселликти вирус келтирип шығарады, ал кенелер усы вирустың сақлаўшысы ҳәм тасыўшылары болып есапланады. Вирустың тийкарғы дәреклери – кемириўшилер, қара мал ҳәм қой-ешкилер болып табылады.

Республикамыздың жүдә үлкен майданы геморрагиялық ысытпа бойынша тәбийий ошақлы аймақлар есапланады. Буннан басқа, кеселликтиң аймағымызға сырттан кирип келиўи ҳәм тарқалыў қәўпи де бар.

Кеселлик тийкарынан, кәсиби шөл аймақлары, яғный тәбийий ошақлар менен байланыслы болған кәсип ийелеринде: шопанлар, мал бағыўшылар, аңшылар, қой қырқымына ўакытша жумысқа тартылғанлар, олардың үйиндегилерде, басқа себеплер менен сол жерлерге барған адамларда ушырайды.

Тәбийий шараятта бул кеселлик вирус сақлаўшы кенелердиң шағыўы яки шарўа маллардан кенелерди алып, қол, атаўыз, тас пенен езиў, қайшы менен қыйыў нәтийжесинде териниң, силекейли қабаттың кене қаны менен ипласланыўы арқалы адамларға жуғады.

Кеселликтиң және бир қәўипли тәрепи ҚКГЫ менен аўырған наўқасты күтип-қараў нәтийжесинде қан арқалы денисаў адамға жуғыўы болады.

Наўқасларға укол салыў, лабораториялық тексериў ушын қан алыў яки басқа да тери пүтинлигиниң бузылыўы менен кешетуғын процедураларды әмелге асырыў пайытында тийисли қағыйдалар сақланбаўы нәтийжесинде медициналық хызметкерлерге де кеселлик жуғыўы мүмкин.

Кеселликтиң жасырын дәўири орташа 2 – 3 күн даўам етеди. Айырым ўақытлары бул дәўир бир неше саатларға шекем қысқарады яки 14 күнге шекем созылады.

Кеселлик бирден басланып, дене ыссылығының көтерилиўи, бас аўырыў, бет-әлпети, мойын, көкирек терисиниң қызарыўы, денениң тоңып қалтыраўы, булшық етлердиң аўырыўы, қусыў, иш өтиў, денеге әспи тасыў, тис түби, мурын, асқазан-ишеклерден қан кетиўи, инъекция салынған орынларда қан қуйылыўлар сыяқлы белгилер менен көринеди. Айырым ўақытлары кеселлик аўыр кешип, өлим жағдайлары жүз бериўи мүмкин.

ҚКГЫ геморрагиялық белгилерсиз де кешиўи мүмкин. Кеселликтиң бул түринде денеге әспи шықпайды, қанталасыўлар бақланбайды, кеселлик тийкарынан ысытпа ҳәм ҳәлсизлик белгилери менен кешеди.

Қырым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигинен сақланыў ушын имканы барынша кенелер көп жерлерге, олардың активлескен дәўиринде бармаў керек. Дем алыў орынлары, балалардың жазғы лагерьлеринде шарўа малларын бағыў қадаған етиледи.

Жайлаў, базарлардан қара мал, қой – ешкилерди кенеге қарсы дәрилеместен үйге алып келиўге, елатлы пунктлерде бағыўға болмайды.

Ҳайўанлардың кене басыўына қарсы гүресиў зәрүр. Малларда, қораларда кене анықланса дәрҳәл ветеринария хызметкерлерине хабарласып, кенеге қарсы дәрилеў өткериў керек. Кенелеўдиң алдын алыў ушын март-октябрь айларында қоралар 4 мәрте дәрилениўи тийис.

Кенелерди қол менен, атаўыз бенен езиў ҳәм қайшы менен кесип өлтириў қадаған етиледи. Кенелеген малдың жүнин қырқыўға болмайды.

Қырқым мапазына балаларды, жас өспиримлерди ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды тартыў мүмкин емес.

Сүт саўыў пайытында сыйырлардан кенени қол менен алмаў керек.

Кене шағыўдан сақланыў мақсетинде илажы барынша денениң барлық жери реңи ақшыл кийим менен жабылыўы тийис. Кенениң көбинше аяқлар арқалы кириўи инабатқа алынып, шалбардың балақлары беккем байланыўы, носки яки аяқ кийимниң ишине салынады. Жағасы, жеңи ҳәм балақлары беккем жабылатуғын кийим яки комбинезон, мойынды жаўып туратуғын бас кийим, қолғап, етик кийиў, жеке гигиена қағыйдаларына пухта әмел етиў кеселликтиң алдын алыўда жүдә әҳмийетли.

Егер кене адам денесине жабысқан болса илажы барынша териге кирип турған жеринен жиңишке пинцет, беккем сабақ яки арнаўлы әсбап пенен басын үзип алмай абайлап туўры суўырып алып, орнына йод яки спирт жағыў, қолларды сабынлап жуўыў зәрүр. Жақын жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемесине хабарласыў ҳәм 7-8 күн даўамында үй шараятында шыпакер бақлаўында болыў талап етиледи.

Терини кене шағыўдан сақлаў ушын дәриханаларда сатылатуғын репеллентлер яғный үркитиўши затлардан пайдаланыў мүмкин.

Репеллентлер териге яки кийимге себиледи, олардың тәсири 3 саатқа шекем даўам етеди, 3 сааттан соң териниң репеллент себилген жерлери хожалық сабыны менен жуўып тасланады ҳәм зәрүр болса тәкирарый қолланылады.

Егер адамды кене шақса, яки денесине кене жабысқанын көрсе, қоллары кене қаны менен ипласланса, сондай ақ ысытпасы көтерилген, мурын, тис түби, асқазан – ишеклерден, жатырдан қан кеткен наўқасларға жәрдем көрсетсе, наўқастың қаны тери ҳәм силекейли қабатларға тийген болса, онда жәрдем көрсеткен адам да медициналық жәрдемге хабарласыўы шәрт.

Шарўа малларын арнаўлы шөлкемлестирилген орынларда, арнаўлы кийинген ҳәм қәўипсизлик илажларын сақлаған ҳалда сойыў талап етиледи.

Кенелеген маллар сойыўдан 2 ҳәпте алдын тазаланыўы ҳәм карантинде сақланыўы мақсетке муўапық.

Денисаў адамның инфекцияланған адам менен жақын қатнаста болыўының алдын алыў, оның илажы болмағанда қолғап ҳәм басқа қорғаныў затларын кийиў, қолларды турақлы түрде сабынлап жуўыў талап етиледи.

Шарўа малларының ийелери, жайлаўларға барып турыўшы, атыз жумыслары менен шығылланыўшы, тәбият қушағында дем алыўшылар, кене тәсирин сезбесе де, денсаўлық жағдайында өзгерислер (ысытпа, бас аўырыў, булшық етлер аўырыўы, ҳәлсизлик, қусыў, иш өтиў) болса, дәрҳал шыпакерге хабарласыўы зәрүр.

Жоқарыдағыларға әмел қылыў Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң  алдын алыў гиреўи екенлигин умытпаўымыз керек!

 

Нина Низаматдинова,

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық

 тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы

эпидемиолог врачы.

Қарақалпақстан хабар агентииги