Өзбекстан  Жазыўшылар аўқамы  2022-жыл – «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» мүнәсибети менен «Ҳаял-қызға ҳүрмет» дөретиўшилик жумыслар таңлаўын жәриялады.

Таңлаўға өмиримиздиң қуўанышы, шаңарақларымыздың көрки болған уллы ана тулғасы жоқары дәрежеде жырланған, бүгин жәмийетимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар ҳәм дөретиўшилик жумысларында пидайылық көрсетип, салмақлы нәтийжелерге ерисип атырған ҳаял-қызларға бағышланған поэзиялық, прозалық  ҳәм көркем-публицистикалық шығармалар қабыл етиледи.

Дөретиўшилик жумыслар 2022-жыл 1-мартқа шекем қабыл етиледи.

Төрешилер тәрепинен жеңимпаз деп табылған дөретиўшилер 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы алдында диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Таңлаўға усынылатуғын шығармалардың түп нусқа ямаса электрон нусқасы автордың жеке мағлыўматнамасы, телефон номери ҳәм паспорт нусқасы менен бирге төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек:

Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Бунёдкор көшеси, Жазыўшылар қыябаны, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы.

Email: badiiy_adabiyot@mail.ru.

Қосымша мағлыўмат алыў ушын телефон: (71)231-83-67.

Таңлаўға мәрҳамат, әзиз дөретиўшилер!