Қарақалпақстанның өзгеше экологиялық шараяты, аймақта жайласқан тәбийғый объектлер, атап айтқанда, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты, Судочье көли, Ақшакөл көли, Арал теңизи ҳәм Үстирт платосы бүгинги күнде елимизге келип атырған туристлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, туристлерге хызмет көрсетиў ҳәм инфраструктуралық қолайлылықларды жаратыў мақсетинде «Jasmine Gold Group» ЖШЖ тәрепинен Арал теңизи бойында жаңа туристлик комплекс қурылмақта.
Улыўмалық баҳасы 4 миллиард сумды қурайтуғын бул жойбардың майданы 100 гектардан ибарат. Мойнақ районы орайынан 170-180 километр қашықлықта жайласқан бул комплексте қараүйлер, шертеклер, хызмет көрсетиў имаратлары, санитариялық-гигиеналық шақапшалар, пиядалар жолы қурылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.