Әмиўдәрья районында «Бес баслама-мәҳәлледе» ҳәм «Өзбекстан жаслары форумы-2021» шеңберинде жаслар форумы болып өтти.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилген илаж «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында 5000 қәдем ғалабалық жүриў менен басланды. Онда кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерден, жәмлеспеген жаслардан 500 адам қатнасты. «Кәсиплик таярлық» айлығы шеңберинде әскерий хызметкерлер ҳәм оркестрдиң көргизбели шығыўы болды. Жаслар заманагөй қурал-жарақлар ҳәм техникалар менен танысты.

-Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын енгизиў мақсетинде «Мәҳәлле кесиминде» үйрениўлер арқалы 9 бағдар, 74 бәнттен ибарат «Жаслар бағдарламасы» ислеп шығылды,-дейди жаслар ислери агентлиги Әмиўдәрья районы бөлиминиң баслығы Жасур Давлетов.-Ҳәзирги ўақытта 49 пуқаралар жыйынында үйрениў тийис болған 44340 жастан 43119 жас пенен бирме-бир пикирлесип, соннан 6672 жас «Жаслар дәптери»не киргизилди.

Көрилген илажлар нәтийжесинде 6556 жас «Жаслар дәптери»нен шығарылды.  Атап айтқанда, 867 жас турақлы ҳәм жәмийетлик жумысқа орналастырылған болса, 318 жасқа жеңилликли кредит, 329 жасқа субсидия берилди. Буннан тысқары, 5042 жасқа «Ҳәр бир жасқа-бир гектар» принципи тийкарында 1010 гектар жер майданы ажыратылды.

Елимиз басшысының басламасы менен енгизилген «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекетине район халқы, соның ишинде, жаслар белсене қатнаспақта. Райондағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 5 гектар «Жаслар бағы» шөлкемлестирилди. Бүгинги күнге 2500 түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәли егилди. Форум қатнасыўшылары нәл егиў илажында қатнасады. Сол күни 50 жас тәрепинен  2500 түп терек нәли отырғызылды.

Районда ғалабалық спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың, соның ишинде, жаслардың дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўын тәмийинлеў мақсетинде 36 пуқаралар жыйынында Workout,  стритбол ҳәм бадминтон спорт майданшасы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Жаслардың тилегинен келип, шығып улыўма билим бериў мектеплерине спорт әнжамлары берилди.  Олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын быйылғы жылдың өзинде 31 спорт дөгереги шөлкемлестирилип, оларға 321 жас қамтып алынды. Районда IT орайының филиалында бес дөгерек ашылды. Форум шеңберинде «Дурунки» мәкан пуқаралар жыйынындағы спорт май          даншасында футбол жарысы болып өтти.Онда 8 команда қатнасты. Илаж қатнасыўшылары районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиндеги дөгереклер менен танысты.

Районлық мәденият бөлиминде «Бес баслама» ҳәм модалар көргизбеси болды. Исбилерменликке қызығыўшы жаслардың қатнасында «Табысқа ерисиў сырлары» атамасында шеберлик сабағы өткерилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери