Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары алдында усы мәмлекеттиң пайтахты – Сеул қаласы орайында уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайының бюсти ашылды.

Дүньяның және бир гөззал қаласында атақлы шайырдың естелигине тикленген көркем естеликтиң ашылыў мәресими Әлийшер Наўайының туўылған күниниң 580 жыллығы ҳәм мәмлекетимиз басшысының усы мәмлекетке мәмлекетлик сапарына бағышланды.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билилмендириў министри Агрепине Шин, Олий Мажлис депутаты Виктор Пак, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қубла Корея жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Наўайы ҳәзиретлериниң  естелигине биринши мәрте гүл қойылды.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы