Президенттиң жаңа қарары (ПҚ-51-санлы, 14.12.2021 ж.) қабыл етилди, деп хабар береди xabar.uz.

Қарар менен монополист болмаған ҳәм мәмлекетлик үлеси  50 проценттен кем болмаған ямаса мәмлекетлик үлеси болмаған юридикалық шахслар тәрепинен ислеп шығарылған төмендеги товарларды тек биржа арқалы реализациялаў мүддетти  2023-жыл 1-январьға шекем созылады:

– цемент – өндирис көлеминиң кеминде  50 проценти;

– пахтадан алынған шигит, пахта майы (соның ишинде, экстрация пахта майы) ҳәм қайта исленген шигит шығындылары (шрот, шелуха) – өндирис көлеминиң  100 проценти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги