Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-декабрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң терроризмге қарсы гүресиў шараятында инсан ҳуқықлары ҳәм тийкарғы еркинликлерин хошаметлеў ҳәм қорғаў бойынша арнаўлы баянатшысы Фионнуала Ни Аолайнди қабыллады.

Жетекши халықаралық структураның жоқары дәрежели ўәкили мәмлекетимиз басшысы тәрепинен БМШ Бас ассамблеясының 75-сессиясында алға қойылған баслама ҳәм усынысларды әмелге асырыў шеңберинде мәмлекетимизде сапар менен болып тур.

Ушырасыўда инсан ҳуқықлары тараўында, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы әҳмийетли күн тәртиби бойынша ашық-айдын ҳәм конструктивлик сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Бирге ислесиў нәтийжели бағдар алғаны, мәмлекетимиз усы әҳмийетли бағдарларда үлкен табысларға ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңестиң (ИҲК) толық ҳуқықлы ағзасы болды, оның жумысында белсене қатнаспақта. Келеси жылы Өзбекстан тәрепи усы қәнигелестирилген институттың басшылық уйымларында ўәкиллик етеди.

Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегия шеңберинде елимизде гендер теңлик, сөз ҳәм дин еркинлигин тәмийинлеў, пуқаралық жәмийетти раўажландырыўға қаратылған илажлар жедел әмелге асырылмақта.

БМШтың Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясы ратификацияланды. Өзбекстанның басламасы менен ИҲКның пандемия дәўиринде жаслар ҳуқықлары қорғаў ҳаққындағы резолюциясы қабыл етилди, тийисли конвенция ислеп шығылмақта.

Қәўипсизлик тараўында бир қатар тийкарғы нызамлар қабыл етилген, жақында бес жылға мөлшерленген Экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша стратегия тастыйықланды.

Арнаўлы баянатшы Өзбекстанның «Меҳр» операциясы шеңберинде пуқараларды мәмлекетке қайтарыў, реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди жоқары баҳалады. Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўдеги жаңа көзқараслар айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында жақыннан бирге ислесиўди, бәринен бурын, пуқаралық жәмийет институтларының потенциалын беккемлеў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар орнын күшейтиў, нызамшылықты жетилистириў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда техникалық көмек ҳәм жәрдемди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстанның БМШ уйымлары ҳәм ҳуқық қорғаў институтлары менен шериклигин беккемлеўге қаратылған бир қатар қоспа халықаралық илажлар өткериўге келисип алынды.

 

ӨзА