Соңғы жыллары елимизде Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, айтарлықтай жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараўды жаңа басқышқа алып шығыўда болажақ жас ветеринар қәнигелердиң тутатуғын орны айрықша есапланады. Соның ушында, бүгинги күни жоқары мағлыўматлы қәнигелерге болған талап артып бармақта.

Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында республикамызда усы тараўды раўажландырыўға мүнәсип үлес қосатуғын қәнигелер таярланбақта.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-июльдеги «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында жоқары оқыў орынларының питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў, оларды жумысқа бөлистириў, усыныў ҳәм орналастырыў мақсетинде «Карьера күни» илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Қарақалпақстан Республикасы «Чорванасл» орайы, дерлик жигирмаға жақын кәрхана, мәкеме ҳәм фермер хожалықларының басшылары  қатнасты.  Илаждың ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, 2021-2022-оқыў жылында бакалавриаттың 3 бағдары бойынша 40 студент питкерип шығады. Олар филиал тарийхындағы дәслепки питкериўшилер болып есапланады.

«Карьера күни» даўамында жумыс бериўшилер өзлериниң презентацияларын өткерди. Болажақ қәнигелер менен сөйлесиўлер алып барды ҳәм олардың пикир-усынысларын үйренди. Жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, олардың алған билимлерин және қәбилетлерин көрсетиўине жәрдемлесиў мақсетинде шөлкемлестирилген илаж барысында жумыс бериўшилер менен питкериўшилер арасында үш тәреплеме шәртнамалар дүзилди. Онда тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм фермер хожалықларында студент жаслар өндирислик әмелиятын өтеўи менен бирге питкериў қәнигелик жумысларын орынлаўы көзде тутылған. Усы көз-қарастан қарағанда, жумыс бериўши кәрханалар қатнасында шөлкемлестирилген бундай илажлар айрықша әҳмийетке ийе.

Илаж даўамында  питкериўши курс студентлери  тараў ўәкиллеринен пайдалы мәсләҳәтлер алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги