Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Онда Миллий комиссия ағзалары, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Миллий комиссия баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы мәжилисте адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында2021-жылдың 9айы даўамында әмелге асырылған жумыслар, көрилген илажлар және тараўларда сақланып қалып атырған мәселелер додаланды.
Атап өтилгениндей, өткен дәўир даўамында мәжбүрий мийнет, балалар мийнетин сапластырыў, пуқаралардың кепилликленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўде тараўға байланыслы нызамшылық тийкарларын беккемлеў және нызамшылық базасын халықаралық стандартларға муўапықластырыў жумыслары избе-из даўам еттирилди. Атап айтқанда, 14 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди ҳәм әмелиятқа енгизилди.
Жас өспиримлерден ҳәр қыйлы мақсетлерде пайдаланыў, оларды нызамға қарсы жәмәәт бирлеспелериниң жумысында қатнасыўға ийтермелеў, мәжбүрий мийнетке тартыў ушын жынайый жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын нызам қабыл етилди.
Сондай-ақ, перзент сақлап алыў тәртиплерин әпиўайыластырыўға қаратылған ҳүжжетке де қол қойылды. Оған бола, социаллық әҳмийети үлкен болмаған, онша аўыр болмаған жынаятты ислеген ҳәм жаза мүддетин өтегенлерге де перзент сақлап алыўға рухсат берилди.
Мәжилисте адам саўдасына қарсы гүресиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ҳәрекетлери менен мәнзилли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарларында унамлы нәтийжелерге ерисилиўине қарамастан, орынлардағы айырым басшылардың жуўапкершиликсизлиги ҳәм итибарсызлығы себепли тараўда еле де айырым машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.
Мәжилис шеңберинде АҚШ мийнет министрлиги тәрепинен усы жылы жәрияланған «Балалар мийнетиниң ең жаман түрлери ҳаққында»ғы жыллық есабат және онда Өзбекстан итибар қаратыўы керек болған мәселелер бойынша билдирилген усыныслар додаланып, оларды әмелиятқа енгизиў бойыншаилажлар режесиниң жойбары көрип шығылды ҳәм мақулланды.
Әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйым басшылары, сондай-ақ, аймақлық комиссиялар басшыларының мәлимлемелери тыңланды.
Файзулло ЯҲЁЕВ,
ӨзАның хабаршысы