Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Саўда-санат палатасының ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы-Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң баслығы М.Камалов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциоген факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик уйымлардың белгиленген ўазыйпаларды және функцияларды орынлаўда жүзеге келетуғын коррупцияға байланыслы қәўип-қәтерлерди баҳалаў системасын жетилистириў және мәмлекетлик хызметлерге ҳадаллық стандартларын енгизиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Елимизде бюрократиялық тосықларды сапластырыў ҳәм «жасырын экономика»ны қысқартыў илажлары көрилип, «Коррупциясыз тараў» жойбары әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар коррупция жағдайларының себеплери менен шараятларын анықлаў, оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыўды талап етпекте. Бул жумысларға пуқаралық жәмийети институтларын ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин тартыў зәрүрлиги туўылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июнь күнги  «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў миллий Кеңеси ҳәм аймақлық Кеңеслерди шөлкемлестириўге байланыслы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Бул бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў миллий Кеңесиниң усы жылдың 19-августтағы мәжилиси қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңеслери туўралы реже ҳәм аймақлық Кеңеслердиң ағзаларының үлги дизими тастыйықланды.

Мәжилисте Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң ағзалары таныстырылды. Бул бағдарда әмелге асырылатуғын илажлар ҳәм оның орынланыўында аймақлық Кеңестиң, бизнесте коррупцияға қарсы гүресиўде Саўда-санаат палатасының орны туўралы баянатлар жасалып, пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги