Кекселерди ҳүрмет етиў, оларға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў жәмийетимиздиң өзине тән жоқары мәнаўият белгиси болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, октябрь айының биринши ҳәптеси елимизде «Нураныйлар ҳәптелиги» сыпатында белгиленип, усы ҳәпте даўамында жасы үлкен инсанлардың жағдайынан хабар алыў, оларға айрықша итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў жолға қойылған.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы да усы ҳәптелик шеңберинде өткерилетуғын илажларға муўапық, көп жыллар даўамында бажыхана уйымларында хызмет етип, бүгинги күнде напақада болған тараў ветеранлары Серик Жүзбаев ҳәм Абат Дастеновлардың шаңарақларына барды.

Олардың жағдайынан хабар алып, үй алды қыйтақ жерлеринде абаданластырыў жумысларын әмелге асырды.

Бажыхана ветеранлары олардан миннетдар болып, бүгинги тыныш-татыў турмыс ушын шүкиршилик билдирип, жумыс ислеп жүрген дәўирлериндеги ўақыяларды еслеп өтти. Өз тәжирийбелери менен ортақласты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги